Лука жазған Хош Хабар 1 bob

1 Ҳүрметли Теофил! 5 Шомылдырыўшы Яқыяның туўылыўы ҳаққында болжаў. 26 Ийсаның туўылыўы ҳаққында Хош Хабар. 39 Мәриямның Елизабетаға барыўы. 57 Шомылдырыўшы Яқыяның дүньяға келиўи. 67 Зекерияның пайғамбаршылық жыры. 

1 Арамызда болып ѳткен белгили ўақыяларды кѳплердиң әлле қашан баян етпекши болғаны бизлерге мәлим.
2 Олар бул ўақыяларға бастан-ақ гүўа болғанлардың ҳәм Хош Хабарды жәриялаўшылардың бизлерге жеткизген нәрселерин жазған еди.
3 -
4 Солай етип, ҳүрметли Теофил, ѳзиңизге үйретилген бул тәлийматтың ҳақыйқый екенин сиз де билиўиңиз ушын, мен де бастан-аяқ ҳәммесин муқыятлап үйренип шығып, барлық ўақыяларды избе-излик пенен сизге жазыўды мақул таптым.
5 Яҳудия елинде, патша Ҳирод заманында, Абия топарынан Зекерия атлы бир руўханий бар еди. Оның ҳаялы Харон әўладынан шыққан болып, аты Елизабета еди.
6 Олардың екеўи де Ќудай алдында ҳақ адамлар болып, Жаратқан Ийемиздиң барлық буйрық ҳәм қағыйдаларын булжытпай орынлап жасайтуғын еди.
7 Елизабета нәсилсиз болғанлықтан, олар бийперзент еди. Және екеўи де қартайған еди.
8 Күнлердиң биринде ѳз топарының гезеги келип, Зекерия Ќудай алдында руўханийлик хызметин атқарып турғанда,
9 руўханийлердиң әдети бойынша хош ийисли затларды түтетиў ушын, Жаратқан Ийемиздиң Ибадатханасындағы Мухаддесханаға кириў шеги оған түсти.
10 Хош ийисли затларды түтетиў ўақтында жыйналған халықтың ҳәммеси сыртта дуўа етип тур еди.
11 Сонда Жаратқан Ийемиздиң бир периштеси хош ийисли затлар түтетилетуғын орынның оң тәрепинде пайда болып, Зекерияға кѳринди.
12 Оны кѳрген Зекерия қорқып, албырап қалды.
13 Бирақ периште оған былай деди: – Ќорқпа, Зекерия! Сениң еткен дуўаң қабыл болды. Ҳаялың Елизабета саған ул туўып береди, оның атын Яқыя деп қоясаң.
14 Ол саған қуўаныш ҳәм шадлық алып келеди. Оның дүньяға келгенине кѳп адамлар қуўанады.
15 Себеби ол Ќудай нәзеринде уллы адам болып, ҳеш арақ-шарап ишпейди. Анасының қурсағында жатырғаннан баслап, Мухаддес Руўхқа толады.
16 Ол Израил перзентлериниң кѳбисин олардың Жаратқан Ийеси – Ќудайға қайтарады.
17 Єкелерди балалары менен жарастырып, бойсынбайтуғынларды ҳақ адамлардың даналық жолына түсирип, халықты Ийемиздиң келиўине таярлаў ушын, ол Илиястың руўхы ҳәм қүдирети менен Ийемиздиң алдында жүрип келеди.
18 Сонда Зекерия периштеге: – Булардың рас екенин мен қаяқтан билемен? Ѳйткени мен ғаррыман, ҳаялым да қартайған-ғо, – деди.
19 Периште оған жуўап берип: – Мен Ќудай алдында турыўшы Жабрайылман. Сениң менен сѳйлесип, саған усы хош хабарды жеткизиў ушын жиберилгенмен.
20 Бирақ, ўақты келгенде орынланатуғын сѳзлериме исенбегениң ушын, усылар әмелге аспағанша сѳйлей алмай, гүң болып қаласаң, – деди.
21 Сол ўақытта Зекерияны күтип турған халық оның Мухаддесханада иркилип атырғанына ҳайран болды.
22 Зекерия сыртқа шыққанда, халыққа сѳйлей алмай қалды. Сонда халық оның Мухаддесханада аян кѳргенин түсинди. Зекерия гүң болып қалып, халық пенен ымласып сѳйлести.
23 Ѳзиниң хызмет ететуғын күнлери тамам болғаннан кейин, Зекерия үйине қайтты.
24 Арадан күнлер ѳткеннен соң, оның ҳаялы Елизабета ҳәмледар болып, бес ай жасырынып жүрди.
25 «Жаратқан Ийем маған нәзер аўдарған күнлерде бул исти ислеп, адамлар алдындағы масқарашылықты меннен алып таслады», – деди ол.
26 Елизабетаның ҳәмледар болғанына алты ай толғанда, Ќудай Жабрайыл периштени Галила үлкесиниң Насыра деп аталатуғын қаласына,
27 Даўыт әўладынан шыққан Юсуп деген жигитке атастырылған бир қызға жиберди. Ќыздың аты Мәриям еди.
28 Периште үйге кирип, оған: – Сәлем саған, Ќудай жарылқаған! Жаратқан Ийемиз сениң менен бирге, – деди.
29 Мәриям периштениң сѳзлерине аң-таң болды ҳәм бул қандай сәлемлесиў болды екен деп, ойланып қалды.
30 Периште оған былай деди: – Ќорқпа, Мәриям, сен Ќудайдың мийримине еристиң!
31 Мине, сен ҳәмледар болып, Ул туўасаң ҳәм Оның атын Ийса деп қоясаң.
32 Ол уллы болып, Ќүдиретли Ќудайдың Улы деп аталады. Жаратқан Ийемиз – Ќудай Оған бабасы Даўыттың тахтын береди.
33 Ол Яқып халқының үстинен мәңгиге патшалық етеди ҳәм Оның патшалығының шеги болмайды.
34 Мәриям периштеден: – Мен ер адамға жақынламаған болсам, бул қалай болады? – деп сорады.
35 Периште оған жуўап берип: – Сениң үстиңе Мухаддес Руўх түседи ҳәм Ќүдиретли Ќудайдың күши саған саясын салады. Сонлықтан да, сеннен туўылажақ Мухаддес Бала – Ќудайдың Улы деп аталады.
36 Мине, нәсилсиз деп саналған сениң ағайин апаң Елизабета да қартайғанда ул балаға ҳәмледар болды. Оның ҳәмледар болғанына алты ай толды.
37 Себеби Ќудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ, – деди.
38 Сонда Мәриям: – Мен – Жаратқан Ийемниң бендесимен, айтқаныңдай болсын, – деди. Соннан соң, периште оның жанынан кетти.
39 Сол күнлерде Мәриям жолға шығып, тезлик пенен таўлы Яҳудия елиндеги бир қалаға кетти.
40 Ол Зекерияның үйине кирип, Елизабетаға сәлем берди.
41 Елизабета Мәриямның сәлемин еситкенде, оның ишиндеги нәресте тыпырлап кетти. Елизабета Мухаддес Руўхқа толып,
42 даўыслап былай деди: – Ҳаяллар арасында сен жарылқанғансаң, сениң ишиңдеги Нәресте де жарылқанған!
43 Ийемниң анасы келетуғындай, мен киммен?
44 Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди.
45 Исенген ҳаял қандай бахытлы! Ѳйткени Жаратқан Ийемниң оған айтқанлары орынланады.
46 Сонда Мәриям былай деди: «Жаным Жаратқан Ийемди алғыслар.
47 Ќутқарыўшым Ќудайға руўхым шадланар.
48 Себеби Ол Ѳзиниң арзымас бендесине нәзерин аўдарды. Енди мени барлық әўладлар „бахытлы“ деп атайды.
49 Ѳйткени Ќүдиретли Ќудай маған уллы ислер иследи. Оның аты мухаддес.
50 Ол әўладтан-әўладқа, Ѳзинен қорққанларға мийрим-шәпәәтин береди.
51 Ѳз қолы менен қүдиретин кѳрсетип, кеўиллеринде менмен ойлары бар адамларды пытыратты.
52 Ҳүкимдарларды тахттан түсирип, ғәрип-қәсерлерди жоқары кѳтерди.
53 Аш болғанларды ийгилик берип тойдырып, бай болғанларды қуры қол қайтарды.
54 -
55 Ата-бабамызға берген ўәдеси бойынша, Ибрайымға ҳәм оның урпағына мийрим-шәпәәт етиўди мәңги есте тутып, хызметшиси Израилға жәрдем етти».
56 Мәриям Елизабета менен үш айдай бирге болып, соңынан үйине қайтып кетти.
57 Елизабетаның босанатуғын ўақты келип, ол ул туўды.
58 Ќоңсылары менен ағайинлери Жаратқан Ийемиздиң оған үлкен мийрим-шәпәәт кѳрсеткенин еситип, оның қуўанышын бѳлисти.
59 Олар сегизинши күни баланы сүннетлеўге алып барды ҳәм оған Зекерия деп, әкесиниң атын қоймақшы болды.
60 Бирақ баланың анасы: – Яқ, оның аты Яқыя болсын, – деди.
61 Олар Елизабетаға: – Ағайин-туўғанларыңның арасында бундай ат ҳеш кимде жоқ-ғо, – деп,
62 әкесинен балаға қандай ат қоймақшы екенин ымлап сорады.
63 Зекерия жазыў тахтайшасын талап қылды да: «Оның аты Яқыя болсын», – деп жазды. Буған ҳәмме аң-таң болысты.
64 Сол ўақытта-ақ Зекерия тилге кирип, Ќудайды алғыслап сѳйлей баслады.
65 Єтирапында жасаўшыларды қорқыныш бийледи ҳәм пүткил таўлы Яҳудия ели бойлап усылар ҳаққында сѳз тарқады.
66 Еситкенлердиң ҳәммеси буны кеўиллеринде сақлап: «Бул нәресте ким болар екен?» – дейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийемиздиң қүдирети оның менен бирге еди.
67 Нәрестениң әкеси Зекерия Мухаддес Руўхқа толып, пайғамбаршылық етип былай деди:
68 «Израилдың Жаратқан Ийеси – Ќудай алғыслансын! Ѳйткени Ол келип, Ѳз халқы ушын тѳлем тѳлеп, оны қутқарды.
69 -
70 Ѳзиниң мухаддес пайғамбарлары арқалы әййемнен айтқанындай, Ол бизлер ушын Ѳз хызметшиси Даўыттың урпағынан шыққан қүдиретли Ќутқарыўшыны берди.
71 Ќудай бизлерди душпанларымыздан ҳәм бизлерди жек кѳриўшилердиң қолынан қутқарды.
72 Бизлердиң ата-бабаларымызға ўәде еткен мийримлилигин кѳрсетип, Ѳз мухаддес келисимин,
73 бабамыз Ибрайымға берген антын еске алды.
74 -
75 Ол бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарып, қорқпастан, ѳмир бойы Оның алдында мухаддес ҳәм ҳақ болып, Оған хызмет қылыўымызға мүмкиншилик берди.
76 Ал сен, балам, Ќүдиретли Ќудайдың пайғамбары деп аталасаң. Себеби сен Ийемиздиң алдынан жүрип, Оның жолын таярлайсаң.
77 Оның халқына гүналарының кеширилип, қутқарылатуғынын жәриялайсаң.
78 -
79 Ќараңғыда ҳәм ѳлим саясында жасап атырғанларға нур түсириў ушын ҳәм бизлерге тынышлыққа қарай жол кѳрсетиў ушын, Ќудайдың уллы мийрим-шәпәәти аспаннан таң болып атады».
80 Ал нәресте ѳсип, руўхый күшке толып барды ҳәм Израил халқының алдында кѳринетуғын күнге дейин шѳл далада жасады.