Петрдиң биринши хаты 1 bob

1 Сәлемнама. 3 Жоғалмайтуғын үмит. 13 Мухаддес болыңлар! 

1 Ийса Масихтың елшиси Петрден, Понт, Галатия, Кападокия, Азия ҳєм Битиния үлкелерине тарқалып кеткен, сол үлкелерде жат жерли болып жасаған, Кудай тєрепинен таңлап алынғанларға сєлем!
2 Ийса Масихқа бойсынып, Оның қаны үстилериңизге себилип тазаланыўыңыз ушын, Кудай Єке сизлерди єзелден-ақ таңлап алды ҳєм Мухаддес Руўх сизлерди мухаддес қылды. Сизлерге мийрим ҳєм тынышлық мол-мол етип берилсин!
3 Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға алғыслар болсын! Себеби Ол Ѳзиниң шексиз мийрим-шєпєєти менен бизлерди жаңадан туўылдырды. Сонлықтан Ийса Масихтың ѳлимнен тирилиўи арқалы бизлерге жоғалмайтуғын үмит берди
4 ҳєм ширимейтуғын, пєк ҳєм ескирмейтуғын бир мийрасқа еристирди. Усы мийрас сизлер ушын аспанда сақлаўлы тур.
5 Заманның ақырында аян болыўға таяр турған қутқарылыўға ерисиўиңиз ушын, сизлер исенимиңиз арқалы Кудайдың қүдирети менен қорғалмақтасыз.
6 Усы себепли қуўанып, шадланыңлар. Ҳєзир қысқа бир ўақыт ҳєр түрли сынаўларға ушырағаныңызда азап шегиўге туўра келсе де,
7 бул исенимиңиздиң таза болыўы ушын пайдалы. Ѳйткени от пенен тазаланғанда жоқ болып кететуғын алтыннан қымбатлырақ болған исенимиңиз сынаўдан ѳтип, сизлер Ийса Масих келгенде, мақтаў, даңқ ҳєм ҳүрметке сазыўар боласызлар.
8 Сизлер Масихты кѳрмеген болсаңыз да, Оны сүйесизлер. Ҳєзир Оны кѳре алмасаңыз да, Оған исенип, сѳз бенен айтып жеткизиўге қыйын болған бир єжайып ҳєм уллы қуўаныш пенен шадланбақтасызлар.
9 Себеби исенимиңиздиң нєтийжесине, яғный жанларыңыздың қутқарылыўына ерисесизлер.
10 Сизлерге берилетуғын мийрим ҳаққында пайғамбаршылық етип айтқан пайғамбарлар бул қутқарылыў туўралы муқыятлап изленип изертледи.
11 Олардың ишинде болған Масихтың Руўхы Масихтың шегетуғын азаплары ҳєм сол азаплардан соң келетуғын уллылық ҳаққында алдын ала билдиргенде, олар булардың қай ўақытта ҳєм қалай болатуғынын изертледи.
12 Олардың изертлеп айтқанларының ѳзлериниң заманында емес, ал сизлердиң заманыңызда болатуғынын Кудай оларға ашық билдирди. Буларды, яғный Хош Хабарды аспаннан жиберилген Мухаддес Руўхтың қүдирети менен жєриялаўшылар сизлерге ҳєзир жєриялады. Ҳєтте, периштелер де буларды билиўди қатты қєлейди.
13 Солай етип, ақыл-ойыңызды ис-ҳєрекетке таярлап, сергек болыңлар. Ийса Масих келгенде сизлерге берилетуғын мийримнен толық үмит етиңлер.
14 Тил алғыш балалар сыяқлы болып, Кудайды билмеген ѳткен ѳмириңиздеги жаман қєлеўлериңиз бойынша жасамаңлар.
15 Керисинше, сизлерди шақырған Кудай мухаддес болғаны сыяқлы, сизлер де ҳєр бир ис-ҳєрекетиңизде мухаддес болыңлар.
16 Ѳйткени былай деп жазылған: «Мухаддес болыңлар, себеби Мен мухаддеспен».
17 Ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳєр бир адамды ислерине қарай ҳүким ететуғын Кудайды «Єке» деп шақыратуғын болсаңыз, жат жерли болып жасайтуғын бул дүньядағы ѳмириңизде Кудайдан қорқып жасаңлар.
18 Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз ѳмир тєризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы ѳткинши нєрселер менен сатып алынбадыңлар.
19 Ал Кудайдың минсиз ҳєм кемшиликсиз Козысы болған Масихтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар.
20 Кудай дүньяны жаратпастан бурын усы мақсет пенен Масихты таңлап алып, Оны бул ақырғы күнлерде сизлер ушын жиберди.
21 Оны ѳлимнен тирилтип, даңққа еристирген Кудайға Ол арқалы исенесиз. Сол себепли исенимиңиз ҳєм үмитиңиз Кудайға қаратылған.
22 Ҳақыйқатқа бойсыныў арқалы ѳз жанларыңызды гүнадан тазалағанлықтан, туўысқанларыңызды туўысқанлық сүйиспеншилик пенен сүйесизлер. Солай етип, бир-бириңизди шын жүректен сүйиңлер.
23 Сизлер ѳлетуғын нєсил арқалы емес, ал ѳлмейтуғын нєсил арқалы, яғный Кудайдың тири ҳєм мєңгилик сѳзи арқалы жаңадан туўылдыңыз.
24 Ѳйткени: «Пүткил адамзат шѳпке уқсайды, Оның барлық сєн-салтанаты да дала гүлиндей, Шѳп қуўрап қалар, гүллер тѳгилер.
25 Бирақ, Кудайдың сѳзи мєңги сақланар». Усы сѳз – сизлерге жєрияланған Хош Хабар.