Юханның биринши хаты 1 bob

1 Өмир Сөзи. 5 Қудай – нур. 

1 Ең бастан бар болған ѳмир Сѳзи ҳаққында: Оны еситкенимизди, ѳз кѳзлеримиз бенен кѳргенимизди ҳєм анықлап кѳрип, Оған қолларымызды тийгизгенимизди сизлерге жєриялап атырмыз.
2 Ѳмир ашық кѳринди, бизлер Оны кѳрдик ҳєм Ол туўралы гүўалық берип атырмыз. Єке менен бирге болып, бизлерге кѳринген мєңгилик Ѳмирди сизлерге жєриялап атырмыз.
3 Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, кѳргенимизди ҳєм еситкенимизди сизлерге жєриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Єке ҳєм Оның Улы Ийса Масих пенен болады.
4 Буларды сизлерге қуўанышымыз толы болыўы ушын жазып атырмыз.
5 Ийса Масихтан еситип, сизлерге жєриялап атырған хабарымыз бул: Кудай – нур, Онда ҳеш қандай қараңғылық жоқ.
6 Егер Оның менен қарым-қатнастамыз деп, қараңғылықта жүрген болсақ, жалған сѳйлеп, ҳақыйқат бойынша жасамаған боламыз.
7 Бирақ Кудайдың Ѳзи нурда болғаны сыяқлы, бизлер де нурда жүрсек, бир-биримиз бенен қарым-қатнаста боламыз ҳєм Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳєр қандай гүнадан тазалайды.
8 Гүнамыз жоқ десек, ѳз-ѳзимизди алдаған боламыз ҳєм бизлерде ҳақыйқатлық болмайды.
9 Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳєм ҳақ Кудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳєр қандай жаманлықтан тазалайды.
10 Егер гүна ислемедик десек, Кудайды ѳтирикши қылып қоямыз ҳєм бизлерде Оның сѳзи болмайды.