Ефеслилерге жазылған хат 1 bob

1 Сәлемнама. 3 Руўхый жарылқаў. 15 Павелдиң исениўшилер ушын дуўа етиўи. 

1 Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден, Масих Ийсаға садық болған Ефес қаласындағы исениўшилерге сєлем!
2 Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3 Ийемиз Ийса Масихтың Єкеси – Кудайға алғыс-мақтаўлар болсын! Ол бизлерди Масих арқалы аспандағы ҳєр түрли руўхый жарылқаў менен жарылқады.
4 Кудай Ѳзиниң алдында мухаддес ҳєм минсиз болыўымыз ушын, Масих пенен қатнаста болған бизлерди дүнья жаратылмастан бурын таңлап алды. Кудай бизлерди сүйип,
5 Ийса Масих арқалы Ѳзиниң балалары қылып асырап алыў ушын, алдын ала белгиледи. Бул Оның єжайып қєлеўи бойынша болды.
6 Солай етип, сүйикли Улы арқалы бизлерге сыйға берген уллы мийрими себепли Ѳзине алғыс айтыўымыз ушын, Кудай усылай иследи.
7 Масих пенен қатнаста болған бизлер Оның қаны арқалы қутқарылдық, яғный Кудайдың бай мийрими бойынша гүналарымыз кеширилди.
8 Кудай бул бай мийримин пүткил ақыл-даналық пенен үстилеримизге жаўдырып,
9 Ѳз еркиниң сырын бизлерге ашып берди. Бул Оның Масих арқалы жобаластырған єжайып мақсети бойынша болды.
10 Белгиленген ўақыт болғанда ємелге асатуғын Кудайдың жобасы – жердегилердиң ҳєм аспандағылардың ҳєммесин Масихтың басшылығында бирлестириўден ибарат.
11 Ҳємме нєрсени Ѳз қєлеўи менен иске асыратуғын Кудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масих арқалы таңлап алындық.
12 Бул Масихқа бастан-ақ үмит еткен бизлердиң уллы Кудайды алғыслаўымыз ушын болды.
13 Ҳақыйқат сѳзин, яғный қутқарылыў ҳаққында Хош Хабарды еситип, Масихқа исенгениңизде, сизлер де ўєде етилген Мухаддес Руўх пенен мѳрленип, Кудайға тийисли болдыңлар.
14 Кудайға тийисли болған бизлердиң толық қутқарылыўымызға дейин бул Мухаддес Руўх – Кудайдың бизлерге ўєде еткен мийрасының гиреўи. Булардың ҳєммеси бизлердиң уллы Кудайды алғыслаўымыз ушын болды.
15 Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳєм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери,
16 мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Жєне де, дуўа еткенимде, сизлерди бєрқулла тилге аламан.
17 Ийемиз Ийса Масихтың Кудайы, даңқ-салтанатқа ийе Єке Ѳзин билиўиңиз ушын, сизлерге даналық ҳєм аян бериўши Мухаддес Руўхын берсин деп, Кудайдан сорап атырман.
18 Кудайдың шақырығынан пайда болған үмитти ҳєм Оның исениўшилерге берген уллы мийрасының қаншелли бай екенин билиўиңиз ушын, жүреклериңиздиң кѳзлери ашылсын деп, дуўа етип атырман.
19 Жєне де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳєрекет еткен Кудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман.
20 Кудай усы күш пенен Масихта ҳєрекет етип, Оны ѳлимнен қайта тирилтти ҳєм аспанда Ѳзиниң оң жағына отырғызды.
21 Кудай Масихты барлық ҳєкимшилик ҳєм бийликтен, пүткил қүдирет ҳєм ҳүкимдарлықтан, тек усы заманда емес, ал келешек дєўирде де аталатуғын ҳємме атлардан жоқары қойды.
22 Ҳємме нєрсени Оған бойсындырып, бағындырды. Оны пүткил барлықтың үстинен қойып, исениўшилер жємєєтиниң басы қылды.
23 Исениўшилер жємєєти Масихтың денеси болып, пүткил барлықты толтырып турған Масихтың толылығына ийе.