Салоникалыларға жазылған екинши хат 1 bob

3 Келешектеги қәҳәрли жаза. 

1 Єкемиз Кудайға ҳєм Ийемиз Ийса Масихқа тийисли болған Салоника исениўшилериниң жємєєтине, Павел, Сила ҳєм Тимофейден сєлем!
2 Єкемиз Кудайдың ҳєм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими ҳєм тынышлығы сизлерге яр болсын!
3 Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳємме ўақытта Кудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын ѳсип, ҳєр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта.
4 Сонлықтан бизлер басыңыздан кешип атырған барлық қуўдалаў ҳєм азап-ақыретлер ўақтындағы сизлердиң сабырлылығыңыз ҳєм исенимиңиз ушын Кудайдың жємєєтлеринде сизлер менен мақтанамыз.
5 Булардың ҳєммеси Кудайдың єдил жазасының белгиси. Нєтийжеде, шегип атырған азабыңыз ушын сизлер Кудайдың Патшалығына ылайықлы деп саналасызлар.
6 Кудай єдил: сизлерге азап бергенлерге Ол азап пенен жуўап қайтарады.
7 Азап шегип атырған сизлерге болса, бизлер менен бирге тынышлық береди. Булардың ҳєммеси Ийемиз Ийса Ѳзиниң қүдиретли периштелери менен жалынлаған от ишинде аспанда кѳрингенде жүз береди.
8 Сонда Ийемиз Ийса Кудайды билмейтуғынларды ҳєм Ѳзи ҳаққында Хош Хабарға бойсынбағанларды жазалайды.
9 Олар мєңги набыт болыўға ҳүким етилип, Ийемиздиң жүзинен ҳєм қүдиретли салтанатынан алыслатылады.
10 Ийемиз келген күни Ѳз мухаддеслери тєрепинен уллыланып, пүткил исениўшилер тєрепинен алғысланады. Олардың арасында сизлер де боласызлар. Ѳйткени бизлердиң Ол ҳаққында берген гүўалығымызға исендиңлер.
11 Сонлықтан сизлер ушын бєрқулла дуўа етип атырмыз: Кудайымыз сизлерди Ѳзи шақырған ѳмирге ылайықлы қылсын, ҳєр түрли жақсы арзыў-єрманыңызды ҳєм исенимге тийкарланған ҳєр бир исиңизди Ѳз қүдирети менен ємелге асырсын.
12 Солай етип, Кудайымыздың ҳєм Ийемиз Ийса Масихтың мийрими менен, Ийемиз Ийсаның аты сизлер арқалы уллылансын ҳєм сизлер де Ол тєрепинен мєртебели болыңлар.