Тимофейге жазылған биринши хат 1 bob

1 Сәлемнама. 12 Павелдиң Қудайдың мийрими ушын миннетдаршылық билдириўи. 

1 Кутқарыўшымыз Кудайдың ҳєм үмитимиз Масих Ийсаның буйрығы менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2 исенимдеги ҳақыйқый улым болған Тимофейге сєлем! Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳєм тынышлық берсин!
3 Мен Македонияға кетип баратырғанымда саған ѳтиниш еткенимдей, Ефесте қал. Ол жердеги айырым адамларға жалған тєлийматларды үйретпеўди,
4 аңызлар ҳєм шексиз шежирелер менен бєнт болмаўды буйыр. Булар исеним арқалы билинетуғын Кудайдың ислерине пайда бериўдиң орнына, тартысларды келтирип шығарады.
5 Ал бул буйрықтың мақсети болса – пєк жүректен, таза ҳүжданнан ҳєм ҳақыйқый исенимнен сүйиспеншиликти пайда етиў.
6 Гейбир адамлар булардан жүз бурып, бос гєплерге ерип адасты.
7 Олар нызам муғаллими болыўды қєлейди, бирақ нени сѳйлеп ҳєм нени табан тиреп тастыйықлап атырғанын түсинбейди.
8 Дурыс қолланған адам ушын Мухаддес Нызам пайдалы екенин бизлер билемиз.
9 Жєне де, Мухаддес Нызам ҳақ адамлар ушын емес, ал нызамды бузыўшылар ҳєм бойсынбайтуғынлар, қудайсызлар ҳєм гүнакарлар, мухаддес емеслер ҳєм мухаддес нєрселерди сыйламайтуғынлар, ата-анасын ѳлтиретуғынлар, адам ѳлтириўшилер,
10 бузықлар, ѳз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, ѳтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳєм дурыс тєлийматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳємме ушын қолланылатуғынын билемиз.
11 Дурыс тєлиймат болса, алғыс-мақтаўларға ылайық Кудайдың уллы Хош Хабарына тийкарланған. Усы Хош Хабарды Кудай маған исенип тапсырды.
12 Маған күш-қуўат берип қойған Ийемиз Масих Ийсаға миннетдаршылық билдиремен. Себеби Ол мени садық деп есаплап, Ѳз хызметине тайынлады.
13 Бир ўақытлары мен Оған тил тийгизиўши, қуўдалаўшы ҳєм залым адам болсам да, Ол маған мийрим-шєпєєтин берди. Ѳйткени менде ҳақыйқый исеним болмағанлықтан, не ислеп жүргенимди билмейтуғын едим.
14 Бирақ Ийемиздиң мийрими Масих Ийсадағы исеним ҳєм сүйиспеншилик пенен бирликте мениң үстиме мол-мол болып тѳгилди.
15 «Масих Ийса бул дүньяға гүнакарларды қутқарыў ушын келди», – деген сѳзлер исенимли ҳєм ҳємме адамлар тєрепинен қабыл қылыныўға ылайықлы сѳзлер. Мен ѳзимди гүнакарлардың ишиндеги ең жаманыман деп есаплайман.
16 Бирақ, мен гүнакарлардың ишиндеги ең жаманы болсам да, Масих Ийса маған реҳим етти. Кейинирек Ѳзине исенип, мєңгилик ѳмирге ерисетуғынларға ѳрнек болыўым ушын, Ол маған шексиз сабырлығын кѳрсетти.
17 Мєңгилик Патшаға, ѳлмейтуғын ҳєм кѳринбейтуғын жалғыз Кудайға мєңгиге ҳүрмет ҳєм даңқ болсын! Аўмийин.
18 Улым Тимофей! Сен туўралы алдын айтылған пайғамбаршылық сѳзлерине тийкарланып, саған буйыраман: усы сѳзлер бойынша жақсы єскер сыяқлы ис-ҳєрекет ет.
19 Исенимиңди ҳєм ҳүжданыңды таза сақла. Айырымлар ҳүжданын сатып, исениминен айырылды.
20 Олардың арасында Гименей ҳєм Искендер де бар. Кудайға тил тийгизбеўди үйренсин деп, мен оларды жємєєттен шығарып, шайтанның қолына тапсырдым.