Тимофейге жазылған екинши хат 1 bob

1 Сәлемнама. 3 Хош Хабарға садық болыўға үндеў. 

1 Масих Ийсадағы ўєде етилген ѳмир ҳаққында жєриялаў ушын, Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден,
2 сүйикли улым Тимофейге сєлем! Кудай Єкемиз ҳєм Ийемиз Масих Ийса саған мийрим, реҳим ҳєм тынышлық берсин!
3 Мен ата-бабаларым сыяқлы пєк ҳүждан менен хызмет ететуғын Кудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен.
4 Сениң кѳз жасларың ядымда. Жєне дийдарласып, қуўанышқа бѳлениўим ушын, сени кѳриўди аңсап атырман.
5 Сениң ҳақыйқый исенимиң де ядымда. Бурын мама кемпириң Лоидада ҳєм анаң Евникада болған усы исенимниң ҳєзир сенде бар екенине толық исенемен.
6 Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Кудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман.
7 Ѳйткени Кудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳєм салдамлылық руўхын берди.
8 Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳєм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Кудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық кѳр.
9 Кудай бизлерди ислеген ислеримиз себепли емес, ал Ѳз мақсети ҳєм мийрими менен қутқарып, мухаддес болып жасаўға шақырды. Бул мийримди Ол бизлерге дүнья жаратылмастан бурын Масих Ийса арқалы берген еди.
10 Ал енди болса, бул мийримди Кутқарыўшымыз Масих Ийсаның дүньяға келиўи менен ашық кѳрсетти. Масих Ийса ѳлимниң күшин жоқ қылып, Хош Хабар арқалы жоғалмайтуғын мєңгилик ѳмирди аян қылды.
11 Мен Кудай тєрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳєм муғаллим болып тайынландым.
12 Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. Бирақ та, мен арланбайман. Себеби Кимге исенгенимди билемен ҳєм Оның маған тапсырғанын Ѳзи сол күнге дейин сақлай алатуғынына да исенемен.
13 Меннен ѳзиң еситкен дурыс тєлийматты ѳрнек қылып, Масих Ийсаға деген исеним ҳєм сүйиспеншилик пенен жаса.
14 Саған тапсырылған ийгиликли тєлийматты ишимизде жасайтуғын Мухаддес Руўх жєрдеминде сақла.
15 Азия үлкесиндегилердиң ҳєммесиниң, солар арасында Фигел ҳєм Ермогенниң мени таслап кеткенин билесең.
16 Ийемиз Онисифордың үй-ишине Ѳз реҳмин берсин. Ѳйткени ол кѳп мєрте маған жубаныш берди ҳєм тутқынлығымнан арланбады.
17 Керисинше, Римге келгенде, мени тапқанша, еринбей изледи.
18 Сол күни Ийемиз оған Ѳз реҳмин берсин! Оның Ефесте маған қанша хызмет еткенин сен де жүдє жақсы билесең.