Инжил Каракалпак

Марк жазған Хош Хабар

1. Ќудайдың Улы Ийса Масихтың Хош Хабарының басланыўы.
2. Ийшая пайғамбардың китабында былай деп жазылған: «Мине, Мен хабаршымды алдыңнан жиберемен, ол Сениң баратуғын жолыңды таярлап қояды .
3. Шѳл далада бақырған биреўдиң даўысы шығады: „Ийемизге жол таярлаңлар, Оның жолларын дүзетиңлер!“»
4. Яқыя шѳл далаға келип, адамларды суўға шомылдырды. Оларға гүналарының кеширилиўи ушын тәўбеге келиўди ҳәм суўға шомылдырылыўды жәриялап жүрди.
5. Сонда пүткил Яҳудия үлкесиниң халқы ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммеси оған барып, гүналарын мойынлады ҳәм Иордан дәрьясында шомылдырылды.
6. Яқыя түйе жүнинен кийим кийген, белин тери қайыс пенен буўған болып, шегиртке ҳәм жабайы ҳәррениң палы менен аўқатланатуғын еди.
7. Ол халыққа жәриялап: – Мениң изимнен меннен де қүдиретли Биреў киятыр. Мен ийилип, Оның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емеспен.
8. Мен сизлерди суў менен шомылдырдым, ал Ол сизлерди Мухаддес Руўх пенен шомылдырады, – деди.
9. Сол күнлери Ийса Галила үлкесиндеги Насыра қаласынан келип, Иордан дәрьясында Яқыяның қолынан шомылдырылды.
10. Ийса суўдан шығыўдан-ақ, аспанның ашылғанын ҳәм Мухаддес Руўхтың кептердей Ѳзиниң үстине түскенин кѳрди.
11. Сонда аспаннан: – Сен – Мениң сүйикли Улымсаң, Мен Саған ырзаман! – деген саза еситилди.
12. Соннан соң, дәрриў Мухаддес Руўх Ийсаны шѳлге апарды.
13. Ийса шѳлде қырық күн болып, шайтан тәрепинен сыналды. Ол жабайы ҳайўанлар арасында болды ҳәм периштелер Оған хызмет етти.
14. Яқыя қамаққа алынғаннан кейин, Ийса Галила үлкесине келди ҳәм Ќудайдың Хош Хабарын жәриялап:
15. – Ўақыт болды, Ќудай Патшалығы жақынлады. Тәўбе етип, Хош Хабарға исениңлер! – деди.
16. Ийса Галила теңизиниң жағасы менен баратырғанда, теңизге аў салып жүрген Симонды ҳәм оның иниси Андрейди кѳрди. Олар балықшылар еди.
17. Ийса оларға: – Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды Ќудайдың жолына түсириўшилер қыламан, – деди.
18. Олар дәрриў аўларын таслап, Оның изине ерди.
19. Ийса бираз жүргеннен соң, Зебедейдиң улы Яқыпты ҳәм оның иниси Юханды кѳрди. Олар қайықта аўларын жамап отырған еди.
20. Ийса дәрриў оларды да шақырды. Олар да әкеси Зебедейди жумысшылар менен қайықта қалдырып, Ийсаның изине ерди.
21. Олар Капарнаҳум қаласына келди. Дем алыс күни болғанда Ийса дәрҳал мәжилисханаға кирип, адамларға тәлим бере баслады.
22. Адамлар Оның тәлимине таң қалысты, себеби Ол диний муғаллимлер сыяқлы емес, ал Ѳз бийлиги менен тәлим берди.
23. Сол ўақытта олардың мәжилисханасында жаўыз руўхлы бир адам болып, ол:
24. – Насыралы Ийса! Бизлер менен не жумысың бар? Сен бизлерди жоқ етиўге келдиң бе? Сениң ким екениңди билемен, Сен – Ќудайдың Мухаддесисең! – деп бақыра баслады.
25. Бирақ Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Үниңди ѳшир де, оннан шығып кет! – деди.
26. Жаўыз руўх адамды қалтыратты да, қатты бақырып, оннан шығып кетти.
27. Ҳәмме таң қалысып, ѳз ара: – Бул не? Бул қандай қүдиретли жаңа тәлиймат? Оның буйрығына жаўыз руўхлар да бойсынады-ғо, – дести.
28. Ийса ҳаққында хабар тез арада пүткил Галила үлкесиниң ҳәмме жерине тарқалды.
29. Мәжилисханадан шығыўдан-ақ, Ийса Яқып ҳәм Юхан менен бирге Симон ҳәм Андрейдиң үйине келди.
30. Симонның қәйин енесиниң ыссылығы кѳтерилип, аўырып жатырған еди. Олар Ийсаға ол ҳаққында дәрриў айтып берди.
31. Ийса ҳаялдың қасына барып, қолынан услап турғызғанда, оның ыссылығы түсип, оларға хызмет етти.
32. Ќуяш батып кеш түскенде, адамлар Ийсаға барлық аўырған ҳәм жин урғанларды алып келди.
33. Пүткил қала халқы есик алдына жыйналды.
34. Ол ҳәр түрли аўырыў менен аўырған кѳп адамларға шыпа берди ҳәм кѳп жинлерди қуўып шығарды. Ийса жинлердиң сѳйлеўине рухсат бермеди, ѳйткени жинлер Оның ким екенин билетуғын еди.
35. Таң азанда Ийса ерте турып, үйден шықты. Бир Ѳзи аўлақ жерге кетип, сол жерде дуўа етти.
36. Симон ҳәм оның қасындағылар Оны излеп шықты.
37. Оны тапқаннан соң, Оған: – Ҳәмме Сени излемекте, – дести.
38. Ол жуўап берип: – Жүриңлер, жақын жайласқан қалаларға барайық. Мен ол жерлерде де ўаз айтыўым керек, себеби Мен сол ушын келгенмен, – деди.
39. Солай етип, Ийса пүткил Галила үлкесин аралап, олардың мәжилисханаларында ўаз айтып, жинлерди қуўып шығарды.
40. Мақаў кесел болған бир адам Ийсаға келип, Оның алдында дизе бүкти ҳәм Оннан: – Егер Сен қәлесең, мени мақаў кеселден тазалай аласаң-ғо, – деп ѳтинди.
41. Ийсаның жаны ашып, қолын созып, оған тийгизди де: – Ќәлеймен, тазалан! – деди.
42. Дәрҳал сол адамның мақаў кесели кетип, тазаланды.
43. Ийса қатаң ескертип, оны дәрҳал жиберди де:
44. – Абайла, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтыўшы болма! Бирақ руўханийге барып ѳзиңди кѳрсет те, мақаў кеселден тазаланғаныңды адамларға дәлиллеў ушын, Муўса буйырған қурбанлықты бер, – деди.
45. Бирақ ол барып, болған ўақыяның ҳәммесин жар салып айта баслады. Сол себепли, Ийса енди қалаға ашық кире алмайтуғын болды ҳәм қала сыртындағы далаңлықта турды. Сонда да халық Оған ҳәр тәрептен келе берди.
1. Бир неше күннен кейин, Ийса және Капарнаҳумға қайтып келгенде, адамлар Оның үйде екенин еситти.
2. Кѳп адам жыйналғанлықтан, есик алдында да орын қалмады. Ийса оларға Ќудайдың сѳзин айтты.
3. Сонда Оған тѳрт адам бир ләң адамды кѳтерип алып келди.
4. Бирақ адам кѳп болғанлықтан, Ийсаға жақынласа алмады. Сонлықтан олар Ийса болған үйдиң тѳбесин ашып, ләң адамды тѳсеги менен тѳменге түсирди.
5. Ийса олардың исенимин кѳрип, ләң адамға: – Балам, гүналарың кеширилди! – деди.
6. Сол жерде бир неше диний муғаллимлер отырған еди, олар ишлеринен:
7. «Ол неге Ќудайға тил тийгизип тур? Гүналарды жалғыз Ќудайдан басқа ким кешире алады?» – деп ойлады.
8. Ийса олардың не ойлағанын дәрриў билип: – Ишлериңизден неге бундай нәрселерди ойлап турсызлар?
9. Ләң адамға нени айтыў аңсатырақ: «Гүналарың кеширилди», – деў ме ямаса «Орныңнан турып, тѳсегиңди алып жүр», – деў ме?
10. Бирақ, Адам Улының жер бетинде гүналарды кешириўге бийлиги бар екенин билип қойыңлар, – деди де, ләң адамға:
11. – Саған айтаман: орныңнан тур да, тѳсегиңди алып, үйиңе бар! – деди.
12. Адам орнынан турды да, дәрриў тѳсегин алып, адамлардың кѳз алдында шығып кетти. Ҳәмме таң қалысты ҳәм Ќудайды мақтап: – Бизлер ҳеш қашан бундай нәрсени кѳрген жоқпыз, – дести.
13. Ийса және теңиз жағасына барғанда, халық Оның қасына келди ҳәм Ол адамларға тәлим берди.
14. Ийса кетип баратырып, салық кеңсесинде отырған Алпейдиң улы Лебийди кѳрди де, оған: – Мениң изиме ер! – деди. Ол орнынан турып, Ийсаның изине ерди.
15. Ийса Лебийдиң үйинде дастурхан басында отырғанда, кѳп салықшылар менен гүнакарлар Ол ҳәм Оның шәкиртлери менен бирге аўқат жеди. Ѳйткени Оның изине ериўши бундай адамлар кѳп еди.
16. Парисейлер арасындағы диний муғаллимлер Оның гүнакарлар ҳәм салықшылар менен бирге ас ишип отырғанын кѳрип, Оның шәкиртлерине: – Ол неге салықшылар ҳәм гүнакарлар менен бирге ас ишип отыр? – деди.
17. Буны еситкен Ийса: – Шыпакерге дени саўлар емес, ал аўырыўлар мүтәж. Мен ҳақ адамларды емес, ал гүнакарларды шақырыў ушын келдим, – деди.
18. Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутатуғын еди. Айырым адамлар Ийсаға келип: – Яқыяның ҳәм парисейлердиң шәкиртлери ораза тутады, ал Сениң шәкиртлериң неге ораза тутпайды? – деп сорады.
19. Ийса оларға: – Тойға келгенлер күйеў олар менен бирге болған ўақытта ораза тута ала ма? Күйеў ѳзлери менен бирге болса, олар ораза тута алмайды.
20. Бирақ, олардан күйеўди тартып алып кетилетуғын күнлер келеди, олар сонда, сол күнлери ораза тутады.
21. Ҳеш ким ески кийимге жаңа таўардан жамаў жамамайды. Олай етсе, жаңа жамаў ески кийимнен жыртылып қалып, жыртық бурынғысынан бетер болады.
22. Ҳеш ким жаңа шарапты ески меске қуймайды. Олай етсе, жаңа шарап ески мести жарып, шарап та ағып кетеди, мес те бузылады. Жаңа шарап жаңа меске қуйылыўы тийис, – деди.
23. Бир дем алыс күни Ийса бийдай атызының арасынан ѳтип баратырғанда, шәкиртлери жол бойы бийдайдың масақларын үзе баслады.
24. Парисейлер Ийсаға: – Ќара, олар не ушын дем алыс күнинде ислеўге болмайтуғын исти ислеп атыр, – деди.
25. Ийса оларға: – Ѳзи де, қасындағылар да аўқатқа мүтәж болып аш қалғанда, Даўыттың не ислегенин сизлер ҳеш оқымағансызлар ма?
26. Ол бас руўханий Абиятардың заманында Ќудайдың Үйине кирип, тек руўханийлерге ғана жеўге болатуғын, Ќудайға арналған нанларды ѳзи де жеген, қасындағыларға да берген емес пе? – деди.
27. Ол және: – Адам дем алыс күни ушын емес, ал дем алыс күни адам ушын жаратылған.
28. Сонлықтан Адам Улы дем алыс күниниң де ийеси, – деди.
1. Ийса және мәжилисханаға кирди. Ол жерде қолы ләң бир адам бар еди.
2. Гейбиреўлер Ийсаны айыпламақшы болып, дем алыс күни сол адамға шыпа бермес пе екен деп, Оны аңлыды.
3. Ийса қолы ләң адамға: – Ортаға шық, – деди.
4. Соңынан олардан: – Нызам бойынша дем алыс күни не ислеген дурыс: жақсылық па ямаса жаманлық па? Адамның жанын қутқарыў ма ямаса набыт қылыў ма? – деп сорады. Бирақ олар үндемеди.
5. Ийса оларға ашыўлы нәзер таслап, олардың тас баўырлығына қыйналды ҳәм сол адамға: – Ќолыңды соз, – деди. Ол қолын созғанда, қолы бурынғыдай сап-саў болып қалды.
6. Бирақ парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы Ҳиродтың адамлары менен дәрриў тил бириктире баслады.
7. Ийса Ѳз шәкиртлери менен теңиздиң жағасына шықты. Оған Галиладан кѳп халық ерип жүрди.
8. Яҳудиядан, Ерусалимнен, Идумеядан, Иорданның арғы жағасынан ҳәм Тир менен Сидон әтирапынан жүдә кѳп адамлар Оның ислеген ислери ҳаққында еситип, Оған келди.
9. Халық кѳп жыйналғанлықтан, Ѳзин тығылыстырмасын деп, Ийса шәкиртлерине қайық таярлаўды тапсырды.
10. Себеби Ол кѳп адамларға шыпа бергенликтен, аўырыў адамлардың ҳәммеси Оған қолларын тийгизбекши болып, әтирапына тығылысты.
11. Ҳәр қашан жаўыз руўхлар Ийсаны кѳргенде, Оның алдына жығылып: – Сен – Ќудайдың Улысаң! – деп бақырысатуғын еди.
12. Бирақ Ол Ѳзиниң ким екенлигин ашық айтыўды оларға қатаң қадаған ететуғын еди.
13. Ийса таўға шығып, Ѳзи қәлеген адамларды шақырғанда, олар Оның қасына келди.
14. -
15. Ѳзи менен бирге болыў ушын, Ќудайдың сѳзин жәриялаўға жибериў ушын ҳәм жинлерди қуўып шығарыўға бийлик бериў ушын он екисин таңлады.
16. Ийса тайынлаған он еки елши мыналар еди: Ол Петр деп атаған Симон,
17. Ийса Боанергес, яғный «гүлдирмаманың балалары» деп атаған Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан,
18. Андрей, Филип, Бартоломей, Матта, Томас, Алпейдиң улы Яқып, Тадей, ўатансүйер Симон
19. ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
20. Соңынан Ийса үйге киргенде, және кѳп халық жыйналып, Оған ҳәм шәкиртлерине аўқатланыўға мүмкиншилик болмай қалды.
21. Ийсаның үй-иши буны еситип, Оны алып кетиў ушын келди. Ѳйткени адамлар: «Ол есинен аўыпты», – деген еди.
22. Ерусалимнен келген диний муғаллимлер: – Онда Белзебүл-шайтан бар. Ол жинлерди жинлердиң баслығының күши менен қуўып шығарып жүр, – дести.
23. Сонда Ийса оларды Ѳзине шақырып алып, оларға тымсаллар менен сѳйлей баслады: – Шайтанды шайтан қалай қуўып шығара алады?
24. Егер бир патшалық ѳз ишинен бѳлинсе, ол қулайды.
25. Бир үй ѳз ишинен бѳлинсе, ол қулайды.
26. Егер шайтан ѳзине ѳзи қарсы шығып, ѳз ара бѳлинсе, онда оның патшалығының қулап, тамам болатуғын ўақтының жеткени.
27. Ҳеш ким де күшли адамның үйине кирип, мал-мүлкин тонай алмайды. Тек оны байлағаннан кейин ғана оның үйин тонай алады-ғо.
28. Сизлерге шынын айтып турман: адамлардың ҳәр қандай гүнасы да, тил тийгизиўлери де кешириледи.
29. Бирақ ким де ким Мухаддес Руўхқа тил тийгизсе, ҳеш қашан кеширилмейди. Ол мәңгиге гүналы болады.
30. Ийса бул сѳзлерди адамлардың: «Онда жаўыз руўх бар», – дегени себепли айтты.
31. Сонда Ийсаның анасы ҳәм туўысқанлары келди. Олар үйдиң сыртында турып, адам жиберип, Оны шақыртты.
32. Єтирапында отырған аламан Ийсаға: – Сениң анаң менен туўысқанларың келип, Сени сыртта шақырып тур, – дести.
33. Ийса оларға жуўап қайтарып: – Мениң анам ким, туўысқанларым кимлер? – деди де,
34. әтирапында отырғанларға қарап: – Мине, Мениң анам ҳәм туўысқанларым!
35. Ким де ким Ќудайдың еркин орынласа, Мениң туўысқаным да, анам да – сол, – деди.
1. Ийса және теңиз жағасында тәлим бере баслады. Єтирапына жүдә кѳп халық жыйналғанлықтан, теңиздеги қайыққа минип отырды, ал халық теңиздиң жағасында, жерде болды.
2. Ол халыққа тымсаллар менен кѳп нәрселерди үйретип, былай деди:
3. – Тыңлаңлар: бир туқым себиўши туқым себиўге шығыпты.
4. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсипти. Ќуслар ушып келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
5. Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез кѳгерип шығыпты.
6. Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан, қуўрап қалыпты.
7. Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер ѳскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты ҳәм олар зүрәәт бермепти.
8. Ал басқалары ѳнимли жерге түсип, кѳгерип ѳсип шығыпты ҳәм гейбиреўи отыз, гейбиреўи алпыс, гейбиреўи жүз еседен зүрәәт берипти.
9. Ќулағы бар жақсылап еситип алсын!
10. Ийса жалғыз қалғанда, он еки шәкирти ҳәм басқалар Оннан тымсаллар ҳаққында сорады.
11. Ийса оларға былай деди: – Ќудай Патшалығының сырын билиў сизлерге берилген. Ал сырттағы басқа адамларға ҳәммеси тымсаллап айтылады.
12. Солай етип: «Олар қараса да кѳрмейди, еситсе де түсинбейди, қайтып келип, кеширилмейди».
13. Ийса оларға былай деди: – Сизлер бул тымсалды түсинбейсизлер ме? Онда басқа барлық тымсалларды қалай түсинесизлер?
14. Туқым себиўши Ќудайдың сѳзин себеди.
15. Гейбир адамлар жол шетине себилген туқымларға уқсайды, олар Ќудайдың сѳзин еситиўден-ақ, шайтан келип, олардың кеўлине себилген сѳзди алып кетеди.
16. Базылар таслақ жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сѳзди еситкен ўақытта-ақ оны қуўаныш пенен қабыл етеди.
17. Бирақ тамырсыз болғанлықтан турақсызлық етип, сѳз ушын азап шегиўге ямаса қуўдаланыўға туўра келгенде, тез исенимнен қайтады.
18. Айырымлар тикенлер арасына себилген туқымларға уқсайды.
19. Олар сѳзди еситсе де, бул дүньяның тәшиўишлери, байлыққа алданыў ҳәм басқа да ҳәўес болыўлар сѳзди туншықтырады, сонлықтан олар зүрәәт бермейди.
20. Ал басқалары ѳнимли жерге себилген туқымларға уқсайды. Олар сѳзди еситип, оны қабыл етеди ҳәм зүрәәт береди: биреўлери отыз, биреўлери алпыс, биреўлери жүз еседен береди.
21. Ийса оларға және былай деди: – Ким шыраны ыдыстың ямаса кәттиң астына қойыў ушын әкеледи? Керисинше, оны шыра қойғышқа қойыў ушын әкелмей ме?
22. Себеби ашылмайтуғын ҳеш қандай сыр, билинбейтуғын ҳеш қандай жасырын нәрсе жоқ.
23. Еситиўге қулағы бар еситсин!
24. Ийса даўам етип, оларға былай деди: – Еситкенлериңизге кеўил аўдарыңлар! Сизлер қандай ѳлшем менен ѳлшеп берсеңлер, Ќудай да сизлерге сондай ѳлшем менен ѳлшеп береди. Ҳәтте, сизлерге қосымша етип те береди.
25. Кимде бар болса, оған қосымша етип бериледи, ал кимде жоқ болса, оның бары да тартып алынады.
26. Соң Ийса: – Аспан Патшалығы мынаған уқсайды: бир адам жерге туқым сеўипти.
27. Ол түн болғанда уйықлапты, күндиз болғанда ояныпты: бирақ туқымның қалай кѳгерип ѳскенин билмепти.
28. Ѳйткени жер ѳз-ѳзинен зүрәәт береди: дәслеп кѳк шығып, соңынан масақ, ал оннан соң масақ ишинде дән ѳнеди.
29. Ал егин писип жетилискенде, сол адам дәрриў орыўға кириседи, себеби орыў мәҳәли келди, – деди.
30. Ийса тағы былай деди: – Ќудай Патшалығын неге уқсатайық? Оны қандай тымсал менен түсиндириўге болады?
31. Ол қышқыл туқымға уқсайды. Жерге себилгенде, бул туқым жер жүзиндеги барлық туқымлардың ең кишиси болады.
32. Бирақ ол себилгеннен соң ѳсип, шақалары жайылып, барлық шѳплерден үлкен болады ҳәм оған аспан қуслары ушып келип, саялы шақаларына уя салады.
33. Ийса усындай кѳп тымсаллар менен халыққа түсине алғанынша сѳз айтты.
34. Оларға тымсалсыз ҳеш нәрсе айтпады, ал шәкиртлерине аўлақта ҳәммесин түсиндирди.
35. Сол күни кеште Ийса шәкиртлерине: – Теңиздиң арғы жағасына ѳтейик, – деди.
36. Олар халықты қалдырып, Ийсаны отырған қайығы менен алып кетти. Оның менен бирге басқа қайықлар да бар еди.
37. Сонда күшли даўыл кѳтерилип, толқынлар қайықты соққылағанда, қайық суўға тола баслады.
38. Ал Ийса қайықтың артқы жағында басына дастық салып, уйықлап атыр еди. Шәкиртлери Оны оятып: – Устаз! Бизлер ѳлетуғын болдық-ғо, бул Саған бәри бир ме? – деди.
39. Сонда Ол турды да, самалға тыйым салып, теңизге: – Тоқта! Тынышлан! – деп буйырды. Сонда самал тоқтап, аўыр тынышлық орнады.
40. Ийса оларға: – Неге буншама қорқасызлар? Еле исенимлериңиз жоқ па? – деди.
41. Бирақ олар қатты қорқысып, бир-бирине: – Самалды да, теңизди де Ѳзине бойсындыратуғын бул ким? – дести.
1. Олар теңиздиң арғы жағасындағы Гадара үлкесине келди.
2. Ийса қайықтан түскенде, дәрриў Оның қарсы алдынан қәбирлердиң арасы менен киятырған жаўыз руўхқа шалынған адам шықты.
3. Бул адам қәбирлер арасында жасап, оны ҳеш ким шынжыр менен де байлап таслай алмаған еди.
4. Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди.
5. Ол күни-түни қәбирлер арасында ҳәм таўдың етеклеринде бақырып, ѳзин таслар менен жарақатлайтуғын еди.
6. Узақтан Ийсаны кѳрген ол жуўырып келди де, аяғына жығылып:
7. – Ќүдиретли Ќудайдың Улы – Ийса! Мениң менен не жумысың бар? Ќудай ушын ѳтинемен, мени қыйнама! – деп қатты бақырды.
8. Ѳйткени Ийса: «Ҳәй, жаўыз руўх, бул адамнан шығып кет!» – деген еди.
9. Сонда Ийса оннан: – Атың ким? – деп сорады. Ол: – Мениң атым үлкен топар, себеби бизлер кѳппиз, – деди
10. ҳәм ѳзлерин бул жерден басқа жаққа жибермеўин ѳтинип, Оған қатты жалынды.
11. Сол жердеги таўдың етегинде үлкен шошқа падасы жайылып жүрген еди.
12. Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып: – Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди.
13. Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан теңизге түсти де, батып кетти.
14. Шошқа бағыўшылар қашып кетип, қала ҳәм аўылларға барды да, болған ўақыяны айтып берди. Адамлар не болғанын кѳриў ушын келди.
15. Олар Ийсаның қасына барып, бурын үлкен жин топары урған адамның ақыл-еси кирип, кийинип отырғанын кѳргенде қорқып қалысты.
16. Болған ўақыяны кѳргенлер жин урған адамға ҳәм шошқаларға не болғанын оларға айтып берди.
17. Сонда адамлар Ийсадан олардың үлкесинен кетиўин ѳтине баслады.
18. Ийса қайыққа мингенде, жиннен азат болған адам Оған: – Сениң менен бирге барайын, – деп жалынды.
19. Бирақ Ийса оған рухсат етпей: – Үйиңе, жақынларыңның қасына қайт, Ийемиздиң саған не ислегенин ҳәм Оның саған қандай мийрим-шәпәәт кѳрсеткенин оларға айтып бер, – деди.
20. Ол адам сол жерден кетип, Ийсаның оған не ислегенин Декаполиске барып жәриялай баслады. Еситкенлердиң ҳәммеси таң қалысты.
21. Ийса қайық пенен және арғы жағаға ѳткенде, әтирапына кѳп адам жыйналды. Ол жағада турғанда,
22. Яир атлы мәжилисхана басшыларының бири келди. Ол Ийсаны кѳрип, аяғына жығылды да:
23. – Кишкене қызым ѳлим тѳсегинде жатыр. Сен келип, оның үстине қолыңды қой, ол шыпа таўып, тири қалсын! – деп қатты жалынды.
24. Ийса оның менен бирге кетти. Изине кѳп халық ерип, тығылыстырып жүрди.
25. Сол жерде он еки жыл бойы қан кетип аўырған бир ҳаял бар еди.
26. Ол талай шыпакерлерден кѳп азап шеккен еди ҳәм пүткил мал-мүлкин сарплаған болса да ҳеш шыпа таппай, аўҳалы бурынғысынан бетер болған еди.
27. Ҳаял Ийса ҳаққында еситип, адамлардың арасы менен Оның арқа бетинен келди де, кийимине қолын тийгизди.
28. Ѳйткени ол ишинен: «Оның кийимине ғана қол тийгизсем, шыпа табаман», – деген еди.
29. Сол ўақытта-ақ ҳаялдың қан кетиўи тоқтады ҳәм ол денесиниң шыпа тапқанын сезди.
30. Сонда Ийса Ѳзинен күш шыққанын дәрриў билип, халыққа бурылды да: – Мениң кийимиме ким қолын тийгизди? – деп сорады.
31. Шәкиртлери Оған: – Халықтың Сени тығылыстырып киятырғанын кѳрип турып, неге: «Мениң кийимиме ким қол тийгизди», – деп сорайсаң? – деди.
32. Бирақ Ийса буны ким ислегенин кѳриў ушын, әтирапына қарай баслады.
33. Сонда ѳзине не болғанын билген ҳаял қорқып ҳәм қалтырап, Оның алдына келди де, аяғына жығылып, бар ҳақыйқатты айтып берди.
34. Ийса оған: – Ќызым! Исенимиң сени қутқарды. Тынышлық пенен бара бер, енди дәртиңнен азап шекпейсең, – деди.
35. Ол еле усыларды айтып турғанда, мәжилисхана басшысының үйинен адамлар келип: – Ќызыңыз ѳлди. Енди неге Устаздың тынышын алып турсыз? – деди.
36. Бирақ Ийса бул сѳзлерди еситсе де, мәжилисхана басшысына: – Ќорқпа, тек исен, – деди.
37. Ийса Ѳзине Петр, Яқып ҳәм оның иниси Юханнан басқа ҳеш кимниң ериўине рухсат етпеди.
38. Олар мәжилисхана басшысының үйине келгенде, даўыс шығарып қатты жыласып турған адамларды кѳрди.
39. Ийса ишке кирип: – Неге қайғырып, жылап турсызлар? Ќыз ѳлген жоқ, ол тек уйықлап атыр, – деди.
40. Олар Ийсаның үстинен күлди. Бирақ Ол ҳәммени шығарып жиберип, Ѳзи менен бирге қыздың ата-анасын ҳәм шәкиртлерин алып, қыз жатырған бѳлмеге кирди.
41. Ќыздың қолынан услап, оған: – Талита куми! – деди. Бул: «Ќызым, саған айтаман, түргел», – дегенди билдиреди.
42. Ќыз дәрриў орнынан турып, жүре баслады: оның жасы он екиде еди. Буны кѳргенлер қатты таң қалысты.
43. Ийса оларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўларын қатаң буйырып, қызға аўқат бериўди тапсырды.
1. Ийса сол жерден шығып, Ѳзи ѳскен қалаға келди. Оның изине шәкиртлери де ерди.
2. Дем алыс күни болғанда, Ол мәжилисханада тәлим бере баслады. Оны тыңлаған кѳп адамлар таң қалысып: – Булардың бәрин Ол қаяқтан алған? Оған бундай даналықты ким берген? Усындай кәраматлар Оның қолы менен қалай исленбекте?
3. Ол ағаш устасы емес пе? Ол Мәриямның улы, Яқып, Иосес, Яҳуда ҳәм Симонлардың ағасы емес пе? Оның қарындаслары да усы жерде, бизлердиң арамызда емес пе? – десип, Оны тән алмады.
4. Ийса оларға: – Ќәдирленбейтуғын пайғамбар жоқ, ол тек ѳз ўатанында, ағайин-туўғанларының арасында ҳәм үйинде ғана қәдирсиз, – деди.
5. Ийса ол жерде тек бир неше аўырыў адамлардың үстине ғана қолын қойып, шыпа берди, бирақ басқа кәраматлар ислей алмады
6. ҳәм олардың исенимсизлигине ҳайран қалды. Соңынан Ийса сол әтираптағы аўылларды аралап, тәлим берди.
7. Он еки шәкиртин шақырып алып, оларды екеў-екеўден жибере баслады ҳәм оларға жаўыз руўхларды қуўып шығарыўға бийлик берди.
8. Оларға: – Жолға жалғыз таяқтан басқа ҳеш нәрсе: нан да, дорба да, қалталарыңызға ақша да алмаңлар,
9. аяқларыңызға аяқ кийим кийсеңлер де, артық кийим алмаңлар, – деп буйырды.
10. Ол және: – Бир жерлерде қайсы үйге кирсеңиз, ол жерден шығып кеткениңизше, сол үйде болыңлар.
11. Егер бир жерде сизлерди қабыл етпесе ҳәм сѳзлериңизди тыңламаса, сол жерден шығып баратырып, оларға ескертиў ретинде, аяқларыңыздағы шаңды қағып кетиңлер, – деди.
12. Шәкиртлер барып, халыққа тәўбе етиўди жәриялап жүрди
13. ҳәм кѳп жинлерди қуўып шығарып, кѳп аўырыў адамларды май менен сылап, оларға шыпа берди.
14. Патша Ҳирод Ийса туўралы еситти, себеби Оның аты ҳәммеге белгили болған еди. Гейбиреўлер: «Бул – ѳлимнен қайта тирилген Шомылдырыўшы Яқыя, сонлықтан да Ол усындай кәраматлар ислемекте», – десе,
15. базылар: «Бул – Илияс», – дести. Тағы басқалар: «Ол – бурынғы пайғамбарлар сыяқлы, бир пайғамбар», – дести.
16. Ал буны еситкен Ҳирод: – Мен басын кестирген Яқыя тирилип келипти, – деди.
17. Ҳирод ѳз иниси Филиптиң ҳаялы Ҳиродияға үйленгенлиги себепли, адам жиберип, Яқыяны услатып байлатты да, оны қаматып таслады.
18. Ѳйткени Яқыя оған: «Туўысқаныңның ҳаялын алыўың нызамға туўры келмейди», – деген еди.
19. Ал Ҳиродия кек сақлап, Яқыяны ѳлтириўди ойлап еди, бирақ ѳлтире алмады.
20. Себеби Ҳирод Яқыяның ҳақ ҳәм мухаддес адам екенин билип, оннан қорқып, оны қорғайтуғын еди. Ол Яқыяның сѳзлерин еситкенде қатты тынышсызланса да, оларды қызығыўшылық пенен тыңлайтуғын еди.
21. Күнлердиң биринде қолайлы жағдай туўылды. Ҳирод туўылған күнинде сарай ҳәмелдарларына, әскербасыларға ҳәм Галила үлкесиниң басшыларына зыяпат берди.
22. Сонда Ҳиродияның қызы келип ойынға түсип, Ҳиродтың ҳәм оның қонақларының кеўлинен шықты. Ҳирод қызға: – Меннен не тилесең де сора, беремен, – деди.
23. Және де, қызға ант ишип: – Не тилесең де, ҳәммесин беремен, патшалығымның ярымын да беремен, – деди.
24. Ќыз сыртқа шығып, анасына: – Не сорайын? – деди. Анасы: – Шомылдырыўшы Яқыяның басын сора! – деди.
25. Ќыз дәрриў асығыслық пенен патшаға келди де: – Маған тап ҳәзир Шомылдырыўшы Яқыяның басын алдырып, табаққа салып бериўиңизди қәлеймен, – деди.
26. Патша буған қатты қыйналса да, ѳзи ант ишкенликтен ҳәм қонақлары себепли, қыздың тилегине қарсы тура алмады.
27. Сонлықтан патша сол ўақытта-ақ жәлладын жиберип, Яқыяның басын әкелиўди буйырды. Жәллад барып, қамақта Яқыяның басын кести де,
28. табаққа салып, қызға әкелип берди, ал қыз оны анасына берди.
29. Буны еситкен Яқыяның шәкиртлери келип, оның денесин алып кетти де, қәбирге қойды.
30. Елшилер Ийсаның қасына қайтып келип, Оған барлығын: қандай ислер ислегенин ҳәм нелерди үйреткенин айтып берди.
31. Ийса оларға: – Келиңлер, аўлақ жерге барайық, ол жерде сизлер бираз дем аласызлар, – деди. Ѳйткени келип-кетиўшилер кѳп болғанлықтан, олардың аўқатланыўға да ўақты жоқ еди.
32. Сонлықтан да олар қайыққа минип, жалғыз ѳзлери елсиз жерге кетти.
33. Бирақ кѳп адамлар олардың кетип баратырғанын кѳрди. Оларды танығанлықтан, барлық қалалардан шықты да, жаға бойлап жуўырысып, олардан бурын жетип келди.
34. Ийса қайықтан түскенде соншама халықты кѳрип, оларға жаны ашыды. Себеби олар шопансыз қойларға уқсайтуғын еди. Сонлықтан Ийса оларға кѳп нәрселерди үйрете баслады.
35. Кеш болғанда, Оның шәкиртлери қасына келип: – Бул – бир елсиз жер, күн де кеш болды.
36. Оларды тарқатып жибер, әтираптағы аўыл-елатларға барып, ѳзлерине азық сатып алсын, – деди.
37. Ийса оларға жуўап берип: – Оларға сизлер аўқат бериңлер! – дегенде, олар: – Расында да, еки жүз динарға нан сатып алып, халыққа жегизейик пе? – деди.
38. Ийса оларға: – Ќанша наныңыз бар? Барып кѳриңлер, – деди. Олар билип келип: – Бес нан, еки балық бар екен, – дести.
39. Сонда Ийса шәкиртлерине халықты топ-топқа бѳлип, жасыл шѳптиң үстине отырғызыўды буйырды.
40. Халық жүзден, елиўден топарға бѳлинип отырды.
41. Ийса бес нан менен еки балықты алып, аспанға қарап Ќудайға шүкирлик етти. Нанларды сындырып, халыққа тарқатыў ушын шәкиртлерине берди ҳәм еки балықты да барлығына үлестирди.
42. Олардың ҳәммеси жеп тойды.
43. Аўысқан нан бѳлеклерин ҳәм балықларды жыйнап, үлкен он еки себет толтырды.
44. Нан жеген ер адам бес мыңға шамалас еди.
45. Буннан соң, дәрҳал Ийса шәкиртлерине қайыққа миниўди ҳәм Ѳзинен бурын арғы жағадағы Бетсайдаға кетиўди буйырды. Ал Ѳзи халықты тарқатып жиберди.
46. Оларды жибергеннен соң, дуўа етиў ушын таўға шықты.
47. Кеш болғанда қайық теңиздиң ортасында болып, ал Ийсаның жалғыз Ѳзи жағада еди.
48. Самал қарсы есип турғанлықтан, Ийса шәкиртлериниң есиўге қыйналып атырғанын кѳрди. Таңғы тѳртлер шамасы Ийса теңиздиң үсти менен шәкиртлерине қарай жүрип, олардың қасынан ѳтейин деп те қалды.
49. Шәкиртлери теңиздиң үсти менен киятырған Оны кѳргенде әрўақ деп ойлап, бақырысып жиберди.
50. Ѳйткени ҳәммеси Оны кѳрип, қорқып қалысқан еди. Бирақ Ийса оларға дәрриў: – Жигерлениңлер! Бул Мен-ғо, қорқпаңлар! – деди.
51. Сонда Ийса олардың қайығына миниўден, самал тоқтады. Олар қатты таң қалысты.
52. Себеби олар нан менен болған кәраматты түсинбеген еди: кеўиллери соқыр еди.
53. Ийса ҳәм Оның шәкиртлери теңиздиң арғы жағасына ѳтип, Генесарет жерине келип тоқтады да, қайықты байлап қойды.
54. Олар қайықтан түскенде, адамлар Ийсаны дәрриў танып,
55. пүткил дѳгерекке жуўырысты. Оның қай жерде екенлигин еситиўден, Оған аўырыў адамларды тѳсеклери менен әкеле баслады.
56. Ол қай жерге келмесин: аўылларға ма, қалаларға ма, елатларға ма, адамлар аўырыўларды базар майданларына алып келди. Олар Ийсадан ҳеш болмаса кийиминиң шетине ғана қол тийгизиўге рухсат сорады. Ќол тийгизгенлердиң ҳәммеси шыпа тапты.
1. Ийсаның қасына Ерусалимнен келген парисейлер ҳәм айырым диний муғаллимлер жыйналды.
2. Олар Ийсаның шәкиртлериниң айырымлары ҳарам, яғный үрп-әдет бойынша жуўылмаған қоллары менен аўқат жегенин кѳрди.
3. Ѳйткени парисейлер ҳәм барлық яҳудийлер ата-бабаларынан қалған үрп-әдетлерин сақлап, қолларын жақсылап жуўмай турып аўқат жемейтуғын
4. ҳәм және де, базардан келип, жуўынбағанша аўқатланбайтуғын еди. Олар басқа да кѳп дәстүрлерди сақлаўды үрдис еткен. Мысалы: кесе, гүзе, мыс қазанларды жуўады.
5. Сонлықтан парисейлер менен диний муғаллимлер Ийсадан: – Неге Сениң шәкиртлериң ата-бабалардан қалған үрп-әдетлерди орынламай, ҳарам қоллары менен аўқат жейди? – деп сорады.
6. Ийса оларға: – Сизлер, еки жүзлилер туўралы Ийшая пайғамбар мынадай деп дурыс болжаған: «Бул халық сыйлар Мени тили менен, Ал кеўиллери тур Меннен алыс.
7. Олар Маған босқа сыйынып, Адам ойлап тапқан парызларды үйретер».
8. Сизлер Ќудайдың буйрығын таслап, адамлардың дәстүрлерин орынлап жүрсизлер, – деди.
9. Ийса оларға және: – Сизлер ѳз дәстүрлериңизди сақлаў ушын, Ќудайдың буйрығын бийкарлаўды ақылға муўапық деп есаплайсызлар.
10. Муўса: «Ата-анаңды ҳүрметле, ким де ким ата-анасына жаман сѳз айтса, ѳлтирилсин», – деген.
11. Бирақ сизлер: «Ким де ким әкесине ямаса анасына: „Саған беретуғынымды Ќудайға қурбан (Ќудайға арналған сый) еттим“, десе,
12. сол адам ата-анасына ҳеш жәрдем бермесе де болады», – дейсизлер.
13. Солай етип, сизлер ѳз үрп-әдетлериңиз бенен Ќудайдың сѳзин бийкар етип, басқа да усы сыяқлы кѳп ислерди ислейсизлер, – деди.
14. Ийса халықты және Ѳзине шақырып алып былай деди: – Мени ҳәммеңиз тыңлап, түсинип алыңлар.
15. Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайды,
16. ал адамды оның ишинен шығатуғын нәрсе ҳарамлайды.
17. Ол халықтың қасынан кетип, үйге киргенде, шәкиртлери сол тымсал ҳаққында сорады.
18. Ийса оларға: – Еле сизлер де түсинбедиңлер ме? Адамның ишине сырттан киретуғын ҳеш нәрсе оны ҳарамлай алмайтуғынын түсинбейсизлер ме?
19. Себеби ол оның кеўлине емес, ал қарынына барып, соңынан сыртқа шығады, – деди. Солай етип, Ийса ҳәр қандай азық-аўқаттың ҳадал екенин айтты.
20. Ол және: – Адамды оның ишинен шыққан нәрселер ҳарамлайды.
21. Ѳйткени иштен, адамның кеўлинен жаман ойлар, бузықшылық, урлық ислеў, адам ѳлтириў,
22. неке ҳадаллығын бузыў, нәпсиқаўлық, жаўызлық, алдаў, азғынлық, күншиллик, масқаралаў, менменлик, ақылсызлық шығады.
23. Бул жаманлықлардың барлығы адамның ишинен шығып, оны ҳарамлайды, – деди.
24. Ийса сол жерден шығып, Тир үлкесине келди. Ол бир үйге кирди ҳәм буны ҳеш кимниң билгенин қәлемеди, бирақ жасырына алмады.
25. Кишкене қызы жаўыз руўхқа шалынған бир ҳаял Ийса ҳаққында еситип, дәрҳал Оған келди де, аяғына жығылды.
26. Бул – Сирофиникия елинде туўылған грек ҳаялы еди. Ол Ийсадан қызындағы жинди қуўып шығарыўды ѳтинди.
27. Ал Ийса оған: – Биринши балаларды тойдырыў керек, балалардың нанын алып, ийтлерге таслаў дурыс емес, – деди.
28. Ҳаял жуўап берип: – Дурыс, Ийем. Бирақ ийтлер де дастурханнан түскен балалардың нанының усақларын жейди-ғо, – деди.
29. Ийса оған: – Усы жуўабың ушын үйиңе қайта бер, қызыңнан жин шығып кетти, – деди.
30. Ҳаял үйине келгенде, қызының тѳсекте жатырғанын ҳәм оннан жинниң шығып кеткенин кѳрди.
31. Ийса Тир үлкесинен шығып, Сидон арқалы Декаполистиң үсти менен Галила теңизине қайтып келди.
32. Сол жерде адамлар Оған ҳәм герең, ҳәм сақаў болған адамды алып келип, оның үстине қолын қойыўын ѳтинди.
33. Ийса оны шетирек шығарып, қулақларына бармақларын тықты да, түкирип, қолын оның тилине тийгизди.
34. Аспанға қарап гүрсинди де, оған: – Еффата! – деди. Бул «ашыл» дегенди билдиреди.
35. Сол ўақытта-ақ адамның қулақлары ашылды ҳәм ол тилге кирип, дурыс сѳйлей баслады.
36. Ийса адамларға бул ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды буйырды. Бирақ Ол оларға қанша тыйым салса да, олар және де кѳбирек жая берди.
37. Адамлар қатты таң қалысып: – Ол ҳәммесин жақсы ислейди: гереңлерди еситетуғын, гүңелеклерди сѳйлейтуғын қылады, – дести.
1. Сол күнлери кѳп халық жыйналды. Олардың жейтуғын ҳеш нәрсеси болмағанлықтан, Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып:
2. – Халыққа жаным ашып тур. Олар үш күннен бери Мениң қасымда болып, жейтуғын ҳеш нәрсеси жоқ.
3. Егер оларды аш ҳалында үйлерине жиберсем, жолда ҳәлсиреп қалады. Және де, олардың гейбиреўлери узақтан келген-ғо, – деди.
4. Шәкиртлери Оған жуўап берип: – Ким усындай бир елсиз жерде соншелли адамды тойдырыў ушын нан таба алады? – деди.
5. Ийса олардан: – Неше наныңыз бар? – деп сорады. Олар: – Жетеў, – деп жуўап берди.
6. Сонда Ийса халыққа жерге отырыўды буйырды. Жети нанды алып, Ќудайға шүкирлик етти ҳәм тарқатыў ушын, шәкиртлерине сындырып берди. Шәкиртлери халыққа тарқатты.
7. Оларда және бир неше киши балық та бар еди. Ийса Ќудайға шүкирлик етип, оларды да тарқатыўды буйырды.
8. Халық жеп тойды ҳәм аўысып қалған бѳлеклерди жыйнап, жети себет толтырды.
9. Ол жерде тѳрт мыңға шамалас адам бар еди. Ийса адамларды тарқатып жиберди
10. ҳәм шәкиртлери менен дәрриў қайыққа минип, Далманута үлкесине кетти.
11. Парисейлер Ийсаға келип, Оның менен тартыса баслады ҳәм Оны сынап кѳриў ушын, аспаннан кәраматлы белги кѳрсетиўин талап етти.
12. Ийса аўыр гүрсинип: – Неге бул әўлад кәраматлы белги талап етип атыр? Шынын айтып турман: бул әўладқа ҳеш қандай кәраматлы белги кѳрсетилмейди, – деди.
13. Соңынан оларды қалдырып, және қайыққа минди де, арғы жағаға кетти.
14. Шәкиртлери ѳзлери менен бирге нан алыўды умытып кетип, қайықта тек ғана бир нан бар еди.
15. Ийса оларды ескертип: – Абайлаңлар, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың ашытқысынан сақ болыңлар! – деди.
16. Олар: – Нанымыз жоқ болғанлықтан усылай деди, – деп, ѳз ара сѳйлесе баслады.
17. Ийса буны билип, олардан: – Неге сизлер наныңыздың жоқлығын айтысып турсызлар? Елеге дейин кѳрмей ҳәм түсинбей турсызлар ма? Елеге дейин кеўиллериңиз соқыр ма?
18. Неге кѳзлериңиз бола тура кѳрмейсизлер, қулақларыңыз бола тура еситпейсизлер? Еслериңизде жоқ па?
19. Мен бес нанды бес мың адамға сындырып бергенимде, аўысқан бѳлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Он еки, – деп жуўап берди олар.
20. Ийса және: – Мен жети нанды сындырып, тѳрт мың адамға бѳлистиргенимде, аўысқан бѳлеклерди жыйнап неше себет толтырдыңлар? – деп сорады. – Жети, – деп жуўап берди олар.
21. Ийса оларға: – Сонда еле де түсинбедиңлер ме? – деди.
22. Ийса шәкиртлери менен Бетсайдаға келгенде, адамлар Ийсаға бир соқыр адамды әкелип, оған қолын тийгизиўин ѳтинди.
23. Ийса соқыр адамның қолынан услап, оны аўылдың сыртына алып шықты. Оның кѳзлерине түкирип, оның үстине қолларын қойды да: – Бир нәрсе кѳрип турсаң ба? – деп сорады.
24. Ол қарап: – Адамларды кѳрип турман. Олар жүрип баратырған тереклерге уқсайды, – деди.
25. Сонда Ийса оның кѳзлерине және қолларын қойғанда, ол тигилип қарады да, шыпа таўып, ҳәммесин анық кѳре баслады.
26. Ийса оны үйине жиберип, оған: – Аўылға барма! – деди.
27. Ийса Ѳз шәкиртлери менен Филип Кесариясындағы аўылларға кетти. Жол бойы шәкиртлеринен: – Мени адамлар ким деп санайды? – деп сорады.
28. Олар жуўап берип: – Биреўлер Шомылдырыўшы Яқыя, екиншилер Илияс, тағы басқалар пайғамбарлардың бири деседи, – деди.
29. Ийса олардан: – Ал сизлер Мени ким деп санайсызлар? – деп сорады. Петр жуўап берип: – Сен – Масихсаң, – деди.
30. Сонда Ийса оларға Ѳзи ҳаққында ҳеш кимге айтпаўды ескертти.
31. Ийса Адам Улының кѳп азап шегип, ақсақаллар, бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер тәрепинен қабыл алынбай ѳлтирилетуғынын ҳәм үшинши күни қайта тирилиўи тийис екенлигин оларға үйрете баслады.
32. Ол бул ҳаққында ашық-айдын айтты. Бирақ Петр Оны шетке шақырып алып, қарсы сѳйлей баслады.
33. Ийса бурылып, Ѳзиниң басқа шәкиртлерине қарады да, Петрге қатаң жуўап берип: – Жоқ бол кѳзимнен, шайтан! Сен Ќудайдың емес, ал адамның ислерин ойлап турсаң, – деди.
34. Соңынан Ийса шәкиртлери менен халықты Ѳзине шақырып алып: – Ким де ким Маған ергиси келсе, ѳзинен кешсин ҳәм ѳз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
35. Себеби ким де ким ѳз жанын сақламақшы болса, оны жоғалтады. Ал ким де ким ѳз жанын Мен ҳәм Хош Хабар ушын жоғалтса, оны сақлап қалады.
36. Адам пүткил дүньяны ийелеп алып, бирақ ѳз жанын жоғалтса, буннан оған не пайда?
37. Ол ѳз жаны ушын қандай тѳлем бере алады?
38. Егер ким де ким усы опасыз ҳәм гүнакар әўладта Меннен ҳәм Мениң сѳзлеримнен арланса, Адам Улы да Єкесиниң салтанатында Ѳзиниң мухаддес периштелери менен келгенде, оннан арланады, – деди.
1. Ийса оларға және: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жерде турғанлардың гейбиреўлери Ќудай Патшалығының Ѳз қүдирети менен келгенин кѳрмегенше, ѳлмейди, – деди.
2. Арадан алты күн ѳткеннен соң, Ийса тек Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, бәлент бир таўға шықты. Сонда олардың алдында Ийсаның түр-түси ѳзгерди.
3. Оның кийими жарқырап кетип, қардай аппақ түске енди. Жер жүзинде ҳеш бир кир жуўыўшы бундай қылып ағарта алмас еди.
4. Сонда оларға Илияс ҳәм Муўса пайғамбарлар кѳринип, Ийса менен сѳйлесип турды.
5. Петр Ийсаға: – Устаз, бизлердиң бул жерде болғанымыз қандай жақсы! Бизлер үш қос қурайық: биреўин Саған, биреўин Муўсаға, биреўин Илиясқа, – деди.
6. Петр бул сѳзлерди не айтарын билмегенликтен айтты, ѳйткени шәкиртлер қатты қорқысып қалған еди.
7. Сол ўақытта бир булт пайда болып, оларды қаплады. Булттан: – Бул – Мениң сүйикли Улым! Оның айтқанын тыңлаңлар! – деген саза еситилди.
8. Шәкиртлери бирден жән-жағына қарағанда, ѳзлериниң қасында Ийсадан басқа ҳеш кимди кѳрмеди.
9. Таўдан тѳмен түсип баратырғанда, Ийса оларға: – Адам Улы ѳлимнен қайта тирилгенше, бул кѳргенлериңизди ҳеш кимге айтпаңлар, – деп буйырды.
10. Олар бул ўақыяны сыр сақлап, «ѳлимнен қайта тирилиў» дегенниң не екенлиги ҳаққында бир-биринен сорайтуғын еди.
11. Шәкиртлери Ийсадан: – Неге диний муғаллимлер алды менен Илияс келиўи шәрт дейди? – деп сорады.
12. Ийса оларға жуўап берип: – Дурыс, алды менен Илияс келип, ҳәммесин дүзетеди. Бирақ неге Адам Улы кѳп азап шегип, қабылланбаўы шәрт, деп жазылған?
13. Сизлерге айтатуғыным: Илияс келген еди. Бирақ ол ҳаққында жазылғандай, адамлар оған қәлегенин ислеп, жаман қатнаста болды, – деди.
14. Олар басқа шәкиртлерине қайтып келгенде, шәкиртлерди қоршаған кѳп халықты ҳәм олар менен тартысып турған диний муғаллимлерди кѳрди.
15. Пүткил халық Ийсаны кѳриўден таң қалысты ҳәм жуўырысып келип, Оған сәлем берди.
16. Ийса олардан: – Олар менен не ҳаққында тартысып турсызлар? – деп сорады.
17. Халық арасынан бир адам Оған жуўап берип: – Устаз! Мен Саған тилсиз руўх урғанлықтан гүңелек болып қалған баламды алып келдим.
18. Баламды руўх тутқанда, жерге жығады. Оның аўзында кѳбик пайда болады ҳәм ол тислерин қайрап, қатып қалады. Мен Сениң шәкиртлериңнен руўхты қуўып шығарыўын ѳтинген едим, бирақ олардың қолларынан келмеди, – деди.
19. Сонда Ийса оларға: – Ҳәй, исенбейтуғын әўлад! Мен қашанға дейин сизлер менен бирге боламан? Ќашанға дейин сизлерге шыдайман? Баланы Маған алып келиңлер, – деди.
20. Олар баланы Ийсаға алып келди. Ийсаны кѳриўден, руўх баланы дәрриў қалтыратты. Бала жерге жығылды да, аўзынан кѳбик шығып, аўнап жатты.
21. Сонда Ийса баланың әкесинен: – Бундай болғанына қанша ўақыт болды? – деп сорады. Єкеси: – Кишкене бала ўақтынан усындай.
22. Руўх оны ѳлтирмекши болып, неше мәрте отқа да, суўға да таслады. Егер қолыңнан келсе, бизлерди аяп, жәрдем ете гѳр, – деди.
23. Ийса оған: – Егер қолыңнан келсе, дейсең бе? Исенетуғын адамға ҳәмме нәрсе мүмкин, – деди.
24. Баланың әкеси дәрҳал жылап жиберип: – Мен исенемен: аз исенимимниң беккем болыўына жәрдем ет! – деп бақырды.
25. Халықтың жуўырып киятырғанын кѳргенде Ийса жаўыз руўхқа кейип: – Ҳәй, тилсиз ҳәм герең руўх! Буйыраман: оннан шығып кет ҳәм қайтып оған кириўши болма, – деди.
26. Сонда руўх шыңғырып, баланы қатты қалтыратты да, оннан шығып кетти. Бала ѳлидей болып жатырғанлықтан, адамлардың кѳбиси: – Ол ѳлип қалды, – дести.
27. Бирақ Ийса оны қолынан услап турғызғанда, ол орнынан турды.
28. Ийса үйге киргеннен кейин, шәкиртлери аўлақта Оннан: – Бизлер неге жаўыз руўхты қуўып шығара алмадық? – деп сорады.
29. Ийса оларға жуўап берип: – Жинлердиң бундай түрин тек дуўа етиў арқалы қуўып шығарыўға болады, – деди.
30. Сол жерден шығып, олар Галила арқалы ѳтти. Ийса буны ҳеш кимниң билмеўин қәледи.
31. Себеби Ол шәкиртлерине тәлим берип: – Адам Улы адамлардың қолына услап бериледи, олар Оны ѳлтиреди ҳәм ѳлтирилгеннен кейин, Ол үшинши күни қайта тириледи, – деди.
32. Бирақ шәкиртлери бул сѳзлердиң мәнисин түсинбеди, ал сорайын десе қорқты.
33. Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен: – Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады.
34. Бирақ олар үндемеди. Ѳйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди.
35. Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға: – Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди.
36. Соң кишкене бир баланы алып, олардың ортасына турғызды да, оны қушақлап:
37. – Ким де ким мынадай кишкене бир баланы Мениң атым ушын қабыл етсе, оның Мени қабыл еткени болады. Ал ким де ким Мени қабыл етсе, оның тек Мени емес, ал Мени Жибергенди қабыл еткени болады, – деди.
38. Юхан Ийсаға: – Устаз! Сениң атың менен жинлерди қуўып шығарып жүрген бир адамды кѳрдик. Бирақ ол бизлерге ерип жүрмегенликтен, оған тыйым салдық, – деди.
39. Ал Ийса былай деди: – Оған тыйым салмаңлар, себеби Мениң атым менен кәрамат кѳрсеткенниң ҳеш қайсысы да Мен туўралы жақын арада жаман сѳз айта алмайды.
40. Ѳйткени ким де ким бизлерге қарсы болмаса, ол бизлердиң тәрепдарымыз.
41. Сизлерге шынын айтып турман: ким де ким Масихқа тийисли болғаныңыз себепли, Мениң атым ушын сизлерге бир кесе суў ишкизсе, ол сыйсыз қалмайды.
42. – Және де, ким де ким Маған исенетуғын мына кишкенелердиң биреўин азғырса, оның мойнына үлкен дигирман тасы байланып теңизге тасланғаны оған жақсырақ болады.
43. Егер сени қолың азғырса, оны шаўып тасла.
44. Еки қолың менен дозаққа, сѳнбес отқа барғаныңнан гѳре, шолақ болып мәңгилик ѳмирге ерискениң жақсырақ.
45. Егер сени аяғың азғырса, оны шаўып тасла. Еки аяғың менен дозаққа тасланғаныңнан гѳре,
46. шолақ болып мәңгилик ѳмирге ерискениң жақсырақ.
47. Егер сени кѳзиң азғырса, оны ойып тасла. Еки кѳзиң менен дозаққа тасланғаныңнан гѳре, жалғыз кѳзиң менен Ќудайдың Патшалығына киргениң жақсырақ.
48. «Дозақта олардың қурты да ѳлмейди, оты да ѳшпейди».
49. Себеби ҳәр бир адам от пенен дузланады.
50. Дуз – жақсы нәрсе. Бирақ дуз ѳз күшин жойтса, оны қалай және шорлы қылыўға болады? Ѳзлериңизде дуз болып, бир-бириңиз бенен татыўлықта жасаңлар, – деди.
1. Ийса сол жерди қалдырып, Яҳудия үлкесине ҳәм Иорданның арғы тәрепине кетти. Оның жанына және кѳп халық жыйналған еди ҳәм Ол тағы әдеттегидей оларға тәлим берди.
2. Ийсаға айырым парисейлер келди ҳәм Оны сынап кѳрмекши болып: – Ер адамның ҳаялы менен ажырасыўы нызамға туўры келе ме? – деп сорады.
3. Ийса сораўға сораў менен жуўап берип: – Муўса сизлерге нени буйырған еди? – деди.
4. Олар: – Муўса ер адамның ҳаялына талақ хат жазып, ажырасыўына рухсат еткен, – деди.
5. Ийса оларға: – Сизлер тас баўыр болғанлықтан, ол усы буйрықты жазған еди.
6. «Бирақ жаратылыстың басында Ќудай адамларды еркек ҳәм ҳаял қылып жаратқан».
7. «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, ѳз ҳаялына қосылады
8. ҳәм екеўи бир дене болады. Солай етип, олар енди еки емес, ал бир дене болады».
9. Сол себепли, Ќудай қосқанларды адам ажыратпасын, – деди.
10. Үйде болғанда, Оннан шәкиртлери және усылар ҳаққында сорады.
11. Ийса оларға: – Ким де ким ѳз ҳаялы менен ажырасып, басқа ҳаял алса, ол ҳаялына болған неке ҳадаллығын бузған болады.
12. Ҳаял да ѳз күйеўи менен ажырасып, басқа еркекке турмысқа шықса, ол да неке ҳадаллығын бузған болады, – деди.
13. Ќолын тийгизсин деп, адамлар Ийсаға балаларын алып келди. Ал шәкиртлери оларға кейиди.
14. Буны кѳргенде Ийса оларға ашыўланып: – Балалардың Маған келиўине рухсат бериңлер! Оларға тосқынлық жасамаңлар! Ѳйткени Ќудай Патшалығы усындайлардики.
15. Шынын айтып турман: – Ким де ким Ќудай Патшалығын бала сыяқлы қабыл етпесе, оған ҳеш кире алмайды, – деди.
16. Соңынан балаларды қушақлап, олардың үстине қолларын қойып, пәтиясын берди.
17. Ийса жолға шығып баратырғанда бир адам жуўырып келип, Оның алдында дизе бүкти де: – Ийгиликли Устаз! Мәңгилик ѳмирди алыўым ушын не ислеўим керек? – деп сорады.
18. Ийса оған: – Сен неге Мени ийгиликли деп атап атырсаң? Жалғыз Ќудайдан басқа ҳеш ким ийгиликли емес.
19. Оның буйрықларын ѳзиң билесең-ғо: «Адам ѳлтирме, неке ҳадаллығын бузба, урлық ислеме, жалған гүўалық берме, жалатайлық қылма, ата-анаңды ҳүрметле».
20. Ол Ийсаға: – Устаз! Мен булардың ҳәммесин бала ўақтымнан бери орынлап киятырман, – деди.
21. Ийса оған сүйиспеншилик пенен қарап: – Саған бир нәрсе жетиспейди. Барып барлық мал-мүлкиңди сатып, ақшасын жарлыларға бер, сонда сениң ғәзийнең аспанда болады. Соңынан келип, Мениң изиме ер, – деди.
22. Бирақ жигит бул сѳзлерди еситкенде түри ѳзгерип кетти. Ол қапа болып, кетип қалды. Себеби оның байлығы кѳп еди.
23. Ийса әтирапына қарап, шәкиртлерине: – Байлығы барларға Ќудай Патшалығына кириў қандай қыйын! – деди.
24. Шәкиртлери бул сѳзлерди еситип, таң қалысты. Бирақ Ийса оларға және: – Балаларым! Ќудай Патшалығына кириў қандай қыйын!
25. Бай адамның Ќудай Патшалығына кириўинен гѳре, түйеге ийнениң кѳзинен ѳтиў аңсатырақ, – деди.
26. Олар қатты таң қалысып, бир-бирине: – Олай болса, ким қутқарыла алады? – деди.
27. Ийса оларға қарап: – Бул адамлардың қолынан келмейди, бирақ Ќудайдың қолынан келеди. Ѳйткени Ќудай ушын мүмкин емес нәрсе жоқ, – деди.
28. Сонда Петр сѳз баслап, Оған: – Минекей, бизлер ҳәмме нәрсени таслап, Сениң изиңе ердик, – деди.
29. Ийса жуўап берип: – Шынын айтып турман: ким де ким Мен ҳәм Хош Хабар ушын я үйлерин, я аға-инилерин, я апа-қарындасларын, я ата-анасын, я балаларын, я жерлерин таслап шықса,
30. ол ҳәзир, бул дүньяда қуўдаланыўлар менен бирликте жүз есе артығы менен үйлерин де, аға-инилерин де, апа-қарындасларын да, аналарын да, балаларын да, жерлерин де алады ҳәм келешекте мәңгилик ѳмирге ийе болады.
31. Бирақ, бириншилердиң кѳбиси соңғылар, соңғылардың кѳбиси бириншилер болады, – деди.
32. Олар Ерусалимге кѳтерилетуғын жолда баратырғанда, Ийса шәкиртлериниң алдында жүрди. Шәкиртлери таң қалысты, ал ерип киятырғанлар қорқынышта еди. Ийса он еки шәкиртин және шақырып алды да, Ѳзине не болатуғыны ҳаққында оларға айта баслап, былай деди:
33. – Минекей, бизлер Ерусалимге қарай кѳтерилип баратырмыз. Сол жерде Адам Улы бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлердиң қолына услап бериледи. Олар Оны ѳлимге ҳүким етип, басқа миллет адамларына тапсырады.
34. Олар Оны масқаралап, Оған түкиреди ҳәм қамшылап сабап, ѳлтиреди. Ал үш күннен кейин, Ол қайта тириледи.
35. Сонда Зебедейдиң уллары Яқып ҳәм Юхан Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер не сорасақ та, соны Сениң бизлер ушын орынлаўыңды қәлеймиз, – деди.
36. Ийса олардан: – Мениң сизлер ушын не ислеўимди қәлейсизлер? – деп сорады.
37. Олар: – Ѳзиңниң салтанатлы патшалығыңда биреўимизди оң жағыңа, екиншимизди сол жағыңа отырғыз, – дести.
38. Ийса: – Сизлер не сорап турғаныңызды билмейсизлер. Сизлер Мен ишетуғын азап кесесинен ише аласызлар ма? Мениң шомылдырылатуғынымдай, шомылдырыла аласызлар ма? – деди.
39. Олар: – Аўа, аламыз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен ишетуғын азап кесесинен сизлер де ишесизлер, Мениң шомылдырылатуғынымдай, сизлер де шомылдырыласызлар.
40. Бирақ Мениң оң жағым ямаса сол жағыма отырғызыў Мениң еркимде емес. Бул орынлар кимлерге арналған болса, солар отырады, – деди.
41. Ќалған он шәкирт буны еситкенде, Яқып пенен Юханға ашыўланып қалды.
42. Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып: – Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер.
43. Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт.
44. Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт.
45. Себеби Адам Улы да Ѳзине хызмет еттириўге емес, ал Ѳзи хызмет етиўге ҳәм кѳплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Ѳз жанын қурбан етиўге келди, – деди.
46. Олар Ерихоға келди. Ийса Ѳз шәкиртлери ҳәм кѳп халық пенен Ериходан шығып баратырғанда, жол бойында тиленшилик етип, Тимейдиң улы соқыр Бартимей отыр еди.
47. Ол Насыралы Ийсаның сол жерде екенин еситкенде: – Даўыттың Урпағы Ийса! Маған реҳим ете гѳр! – деп бақыра баслады.
48. Кѳп адамлар үнин шығармаўын айтып, оған кейиди. Бирақ ол оннан да бетер қатты бақырып: – Даўыттың Урпағы! Маған реҳим ете гѳр! – деди.
49. Ийса тоқтап: – Оны шақырың, – деди. Адамлар соқырды шақырып: – Жигерли бол, орныңнан тур! Ол сени шақырып атыр, – деди.
50. Ол шапанын шешти де, орнынан ушып турып, Ийсаға келди.
51. Ийса оннан: – Мениң сен ушын не ислеўимди қәлейсең? – деп сорады. Соқыр адам Оған: – Устаз! Кѳзлерим кѳретуғын болсын, – деди.
52. Ийса оған: – Бар, исенимиң сени қутқарды, – деди. Сол ўақытта-ақ соқырдың кѳзи қайтадан кѳретуғын болды ҳәм ол Ийсаның изине ерип, жолға түсти.
1. Олар Ерусалимге жақынлап, Зәйтүн таўының етегиндеги Бетфаге ҳәм Бетания деген аўылларға келгенде, Ийса шәкиртлериниң екеўин жумсап,
2. оларға былай деди: – Ќарсы алдыңыздағы аўылға барыңлар. Оған кириўден-ақ, еле ҳеш ким минбеген, байлаўлы турған бир гүррени табасызлар. Оны шешип, алып келиңлер.
3. Егер биреў сизлерден: «Неге бундай ислеп атырсызлар?» – деп сораса, сизлер: «Бул Ийемизге керек. Ол буны тез қайтарып жибереди», – деп жуўап бериңлер.
4. Олар барып, кѳшедеги дәрўаза қасында байланған гүррени тапты ҳәм оны шешип алды.
5. Сол жерде турған гейбиреўлер оларға: – Гүррени шешип алып не қылажақсызлар? – деп сорады.
6. Олар Ийсаның айтқанындай жуўап бергенде, адамлар оларға рухсат берди.
7. Гүррени Ийсаға алып келип, ѳзлериниң шапанларын оның үстине салғанда, Ийса минип алды.
8. Кѳп адамлар шапанларын жолға тѳсеп, ал гейбиреўлер даладағы тереклерден шақа кесип алып, жолға жайды.
9. Алдында ҳәм изде ерип киятырғанлар былай деп бақырысты: – «Ҳосанна! Ийемиздиң атынан Келиўши жарылқанған!
10. Бабамыз Даўыттың жақынлап киятырған патшалығы жарылқанған! Ең жоқарыда ҳосанна!»
11. Ийса Ерусалимге келип, Ибадатханаға кирди. Ол жерде ҳәмме нәрсени кѳзден кеширип болып, кеш болғанлықтан, он еки шәкирти менен Бетанияға кетти.
12. Келеси күни олар Бетаниядан шыққанда, Ийса аш болды.
13. Ол алыстан жапырақлары менен қапланған бир әнжир ағашын кѳрип, оннан бир нәрсе табылар ма екен деп, қасына барды. Бирақ жемис беретуғын ўақты болмағанлықтан, жапырақларынан басқа ҳеш нәрсе таппады.
14. Сонда Ол ағашқа: – Буннан былай, мәңгиге сениң мийўеңнен ҳеш ким жемесин! – деди. Буны шәкиртлери де еситти.
15. Олар Ерусалимге келгенде, Ийса Ибадатханаға кирип, ол жерден сатыўшылар менен алыўшыларды қуўып шығара баслады. Ақша алмастырыўшылардың столларын, кептер сатыўшылардың отырғышларын аўдарып таслады
16. ҳәм Ибадатхананың ҳәўлиси арқалы ҳеш кимге ҳеш нәрсе алып ѳтиўге рухсат етпеди.
17. Соңынан халыққа тәлим берип: – «Мениң үйим ҳәмме халықлар ушын, дуўа етиў үйи деп аталады», – деп жазылмаған ба? Ал сизлер оны қарақшылардың уясына айландырдыңлар, – деди.
18. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер буны еситип, Оны жоқ қылыў жолын излестире баслады. Ѳйткени пүткил халық Ийсаның тәлимине таң қалысқанлықтан, олар Оннан қорқатуғын еди.
19. Кеш болғанда, Ийса шәкиртлери менен қаладан шығып кетти.
20. Олар ерте азанда ѳтип баратырып, әнжир ағашының тамырына дейин қуўрап қалғанын кѳрди.
21. Петр болған ўақыяны есине түсирип, Ийсаға: – Устаз! Ќара, Сен ғарғаған әнжир ағашы қуўрап қалыпты, – деди.
22. Ийса оларға жуўап берип: – Ќудайға исениңлер.
23. Сизлерге шынын айтып турман: егер ким де ким бул таўға: «Орныңнан кѳтерилип, теңизге қула», – десе ҳәм кеўлинде гүманланбай, айтқанының орынланатуғынына исенсе, оның айтқаны орынланады.
24. Сонлықтан да, сизлерге айтатуғыным: дуўа еткениңизде нени сорасаңлар да, алғаныңызға исениң, сонда ол сизлерге бериледи.
25. Дуўа етип турғаныңызда, биреўге ѳкпели болсаңыз, оны кешириң,
26. сонда аспандағы Єкеңиз де сизлердиң гүналарыңызды кеширеди, – деди.
27. Олар және Ерусалимге келди. Ийса Ибадатхананың ҳәўлисинде айланып жүргенде, Оған бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар келип,
28. Оннан: – Сен буларды қандай бийлик пенен ислеп жүрсең? Саған бул ислерди ислеўге ким бийлик берген? – деп сорады.
29. Ийса оларға жуўап берип: – Мен де сизлерге бир сораў берейин, жуўап бериңлер. Сонда Мен де буларды қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтаман.
30. Яқыяның шомылдырыўы аспаннан болды ма ямаса адамлардан ба? Жуўап бериңлер, – деди.
31. Олар ѳз ара ойласа баслады: «Егер „аспаннан“ десек, Ол: „Сонда неге оған исенбедиңлер“, дейди.
32. „Адамлардан“ дейик пе?» Бирақ ондай деўге халықтан қорқты, себеби ҳәмме Яқыяны ҳақыйқый пайғамбар деп санайтуғын еди.
33. Сонлықтан олар Ийсаға: – Билмеймиз, – деп жуўап берди. Ийса оларға: – Мен де сизлерге бул ислерди қандай бийлик пенен ислейтуғынымды айтпайман, – деди.
1. Ийса оларға тымсаллар менен сѳйлей баслады: – Бир адам жүзим бағын отырғызып, оны дийўал менен қоршапты ҳәм жүзимниң суўын сығыўға арналған шуқыр қазып, гүзет минарасын орнатыпты. Соңынан бағын дийханларға ижараға берип, ѳзи узақ жерге кетип қалыпты.
2. Терим мәўсими келгенде, ол бағдың жемисинен тийисли үлесин алыў ушын, дийханларға ѳзиниң бир хызметшисин жиберипти.
3. Бирақ олар хызметшини услап алып сабап, қуры қол қайтарыпты.
4. Ол және оларға басқа хызметшисин жибергенде, оның басын жарып, бийабырай қылыпты.
5. Сонда ол және басқа бир хызметшисин жибергенде, олар оны ѳлтирипти. Ол және де кѳп басқа хызметшилерин жибергенде, гейбиреўлерин сабап, гейбиреўлерин ѳлтирипти.
6. Енди бир ғана адам, оның сүйикли улы қалыпты. Ең ақырында ол: «Улымды ҳүрмет етер» деп, оларға ѳз улын жиберипти.
7. Бирақ дийханлар бир-бирине: «Бул – мийрасхор-ғо. Жүриңлер, оны ѳлтирейик, сонда мийрас мүлки бизлерге қалады», – десипти.
8. Солай етип, оны услап алып ѳлтирип, жүзим бағынан сыртқа шығарып таслапты.
9. Енди жүзим бағының ийеси не ислейди? Ол келип, дийханларды жоқ қылады да, жүзим бағын басқаларға береди.
10. Сизлер мына Мухаддес Жазыўды оқымағансызлар ма: «Ќурылысшылардың керексиз деп таслаған тасы, Үйдиң мүйешиниң тийкарғы тасы болды.
11. Ийемиз қылған бул ис, Кѳзимизге әжайып кѳринди!»
12. Олар бул тымсалдың ѳзлерине қарсы айтылғанын билип, Ийсаны қолға алыўға тырысты. Бирақ халықтан қорққанлықтан Оны қалдырып, кетип қалды.
13. Соңынан олар Ийсаны сѳзинен тутыў ушын, парисейлердиң ҳәм Ҳиродтың адамларының гейбиреўлерин Оған жиберди.
14. Олар Ийсаға келип: – Устаз! Бизлер Сениң дурыс адам екениңди ҳәм жағымпазлық етпейтуғыныңды билемиз. Ѳйткени Сен адамлардың бет-жүзине қарамай, Ќудайдың жолын дурыс үйретип отырсаң. Рим патшасы-Ќайсарға салық тѳлеў дурыс па ямаса надурыс па? Тѳлеўимиз керек пе ямаса керек емес пе? – деп сорады.
15. Бирақ Ийса олардың еки жүзлилигин билип: – Мени неге сынап атырсызлар? Маған бир динар әкелиңлер, кѳрейин, – деди.
16. Олар алып келгенде, Ол: – Бунда кимниң сүўрети бар ҳәм кимниң аты жазылған? – деп сорады. Олар: – Рим патшасы-Ќайсардың, – деди.
17. Сонда Ийса оларға жуўап берип: – Ќайсардың ҳақын Ќайсарға, Ќудайдың ҳақын Ќудайға бериңлер, – деди. Олар Оған таң қалысты.
18. Соңынан қайта тирилиў жоқ деўши саддукейлердиң бир нешеси Ийсаға келип:
19. – Устаз! Муўса бизлерге: «Егер биреўдиң ағасы баласыз ѳлип, ҳаялын қалдырса, иниси оның ҳаялын алып, ѳз ағасының урпағын даўам еттирсин», – деп жазып қалдырған.
20. Ағайинли жети жигит бар еди. Олардың бириншиси үйленип, изинде бала қалдырмай ѳлип кетти.
21. Сол ҳаялды екиншиси алып, ол да изинде бала қалдырмай ѳлип кетти. Үшиншисине де солай болды.
22. Жети ағайинлиниң ҳеш қайсысы да изинде бала қалдырмастан ѳлип кетти. Ең соңында ҳаялдың ѳзи де қайтыс болды.
23. Олар қайта тирилгенде, ҳаял қайсысының ҳаялы болады? Себеби ол жетеўине де ҳаял болған-ғо, – деп сорады.
24. Ийса оларға жуўап берип: – Сизлер Мухаддес Жазыўларды да, Ќудайдың қүдиретин де билмегенликтен алжасып турсызлар.
25. Ѳйткени адамлар ѳлимнен қайта тирилгенде үйленбейди де, турмысқа да шықпайды, ал аспандағы периштелер сыяқлы болады.
26. Ѳлгенлердиң қайта тирилиўи туўралы Муўсаның китабында, жанып турған пута ҳаққында аятта, Ќудайдың не айтқанын оқымағансызлар ма? Ќудай Муўсаға: «Мен – Ибрайымның Ќудайыман, Ысақтың Ќудайыман, Яқыптың Ќудайыман», – деген-ғо.
27. Ќудай ѳлилердиң емес, ал тирилердиң Ќудайы. Сизлер қатты алжасып турсызлар, – деди.
28. Диний муғаллимлердиң бири олардың тартысларын еситти. Ийсаның оларға жақсы жуўап бергенин кѳрип, Оннан: – Буйрықлардың ишинде ең баслысы қайсы? – деп сорады.
29. Ийса оған: – Ең баслы буйрық бул: «Тыңла, Израил! Ќудайымыз болған Ийемиз – жалғыз Ийемиз.
30. Ийең болған Ќудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың ҳәм пүткил күшиң менен сүй».
31. Екиншиси мынадай: «Ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүй». Булардан уллы буйрық жоқ, – деди.
32. Диний муғаллим Оған: – Аўа, Устаз! «Ќудай – жалғыз, Оннан басқа қудай жоқ», – деп дурыс айттың.
33. Ќудайды пүткил кеўлиң, пүткил ақылың, пүткил күшиң менен сүйиў ҳәм ѳзиңди сүйгениң сыяқлы, жаныңдағы адамды да сүйиў – жағылған ҳәмме қурбанлықлардан ҳәм Ќудай жолына берилген садақалардан артық, – деди.
34. Ийса оның ақылға сай жуўап бергенин кѳрип: – Сен Ќудай Патшалығынан алыс емессең, – деди. Соннан соң, Оған сораў бериўге ҳеш кимниң батылы бармады.
35. Ийса Ибадатханада адамларға тәлим берип атырып: – Ќалайынша диний муғаллимлер Масихты Даўыттың Урпағы дейди?
36. Даўыттың ѳзи Мухаддес Руўхтан илҳамланып, былай деген-ғо: «Ийем мениң Ийеме айтты: „Душпанларыңды аяғыңның астына бастырмағанымша, Мениң оң жағымда отыр!“»
37. Даўыттың ѳзи Оны «Ийем» деп атаған болса, Ол қалайынша оның Урпағы болады? – деп сорады. Кѳп халық Оны қуўаныш пенен тыңлады.
38. Ийса тәлим берип: – Диний муғаллимлерден сақ болыңлар! Олар узын кийим кийип жүриўди, базар майданларында ѳзлерине сәлем берилиўин,
39. мәжилисханаларда сыйлы орында, зыяпатларда тѳрде отырыўды жақсы кѳреди.
40. Олар жесир ҳаяллардың үйлерин жалмап жутып, кѳзге кѳриниў ушын узын дуўа етеди. Бундай адамлар ең аўыр жаза алады, – деди.
41. Ийса Ибадатханадағы садақа қутысының қарсысында халықтың қутыға ақша салыўына қарап отырды. Байлардың кѳбиси кѳп ақша салды.
42. Сонда бир жарлы жесир ҳаял келип, еки тийин салды.
43. Ийса шәкиртлерин қасына шақырып алып: – Сизлерге шынын айтып турман: бул жарлы жесир ҳаял қутыға ақша салғанлардың ҳәммесинен кѳп салды.
44. Себеби олардың ҳәммеси ѳз байлықларынан аўысқанын салды. Ал бул ҳаял жарлы болса да, күн кѳрисине керекли барлық ақшасын салды, – деди.
1. Ийса Ибадатханадан шығып баратырғанда, шәкиртлериниң бири: – Устаз, қара, қандай әжайып таслар, қандай әжайып имаратлар! – деди.
2. Ийса оған: – Мына саўлатлы имаратларды кѳрип турсаң ба? Бул жерде тас үстинде тас қалмайды, ҳәммеси қыйратылады, – деди.
3. Соңынан Ийса Зәйтүн таўында, Ибадатхананың қарсы алдында отырғанда, Петр, Яқып, Юхан ҳәм Андрей аўлақта Оннан:
4. – Бизлерге айт, булар қашан болады ҳәм булардың ҳәммесиниң болатуғынын қандай белги билдиреди? – деп сорады.
5. Сонда Ийса оларға былай деп айта баслады: – Биреўлердиң сизлерди алдаўынан сақ болыңлар!
6. Ѳйткени кѳплер Мениң атым менен келип: «Мен – Масихпан» деп, кѳп адамларды алдайды.
7. Сизлер урыслардың шаўқымын ҳәм урыслар ҳаққында мыш-мышларды еситкенде қәўетерленбеңлер. Булардың болыўы шәрт, бирақ бул еле ақыры емес.
8. Себеби миллет миллетке қарсы, патшалық патшалыққа қарсы кѳтериледи. Кѳп жерлерде жер силкиниўлер ҳәм ашаршылықлар болады. Бул ўақыялар толғақ азабының басланыўындай болады.
9. Ѳзлериңизге сақ болыңлар! Ѳйткени сизлер ҳүким етилиўге услап берилесизлер ҳәм мәжилисханаларда таяқ жейсизлер. Және де, Мен себепли ҳәкимлер ҳәм патшалардың алдыларына апарылып, оларға гүўалық бересизлер.
10. Бирақ дәслеп Хош Хабар ҳәмме халықларға жәрияланыўы шәрт.
11. Сизлерди услап алып, ҳүким етиўге апаратырғанда, не айтыўды ойлап, алдын ала тынышсызланбаңлар. Сол ўақытта сизлерге не берилсе, соны айтыңлар. Себеби сизлер емес, ал Мухаддес Руўх сѳйлейди.
12. Туўысқаны туўысқанын, әкеси баласын ѳлимге услап береди. Балалары да ата-аналарына қарсы шығып, оларды ѳлтиртеди.
13. Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек кѳреди. Бирақ ақырына дейин шыдаған қутқарылады.
14. – Ўайран етиўши жеркенишлиниң турыўға болмайтуғын жерде турғанын кѳргениңизде (оқыған адам мәнисин түсинсин), Яҳудиядағылар таўларға қашсын!
15. Ким де ким үйиниң тѳбесинде болса, тѳменге түспесин ҳәм бир нәрсе алайын деп үйине кирмесин.
16. Ал ким де ким атызда болса, шапанын алыў ушын изине қайтпасын.
17. Сол күнлери жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларға қандай қыйын болады!
18. Булардың қыс мәўсиминде болмаўы ушын дуўа етиңлер.
19. Ѳйткени сол күнлери Ќудай бул дүньяны жаратқаннан бери усы күнге дейин болмаған ҳәм қайтып болмайтуғын апат болады.
20. Егер Ийемиз сол күнлердиң санын қысқартпағанда, ҳеш ким аман қалмас еди. Бирақ Ол Ѳзиниң таңлап алғанлары ушын, сол күнлердиң санын қысқартты.
21. Сонда егер сизлерге биреў: «Ќараңлар, Масих бул жерде» ямаса: «Ќараңлар, Ол ана жерде» десе, исенбеңлер.
22. Себеби жалған масихлар ҳәм жалған пайғамбарлар пайда болып, егер мүмкин болса, таңлап алынғанларды алдаў ушын, кәраматлы белгилер ҳәм таң қаларлық ислерди кѳрсетеди.
23. Сонлықтан сақ болыңлар! Мен ҳәммесин сизлерге алдын ала айтып атырман.
24. – Бирақ сол күнлери, сол апаттан кейин, «күн қараңғыланады, ай ѳз жақтысын түсирмейди.
25. Жулдызлар аспаннан түсип, аспан күшлери силкинеди».
26. Сонда адамлар Адам Улының уллы қүдирет ҳәм салтанат пенен бултларда киятырғанын кѳреди.
27. Ол Ѳз периштелерин жиберип, дүньяның тѳрт тәрепинен, жердиң шетинен баслап аспанның шетине дейин, Ѳзиниң таңлап алғанларын жыйнап алады.
28. – Єнжир ағашын мысалға алыңлар: оның шақалары жумсарып, жапырақ шығара баслағанда, жаздың жақын екенин билесизлер.
29. Сол сыяқлы, усы ўақыялардың орынланып атырғанын кѳрсеңлер, Адам Улының жақынлап, есик алдында турғанын билиңлер.
30. Сизлерге шынын айтып турман: бул әўлад жоқ болып кетпестен бурын булардың ҳәммеси болады.
31. Аспан ҳәм жер жойылады, бирақ Мениң сѳзлерим ҳеш қашан жойылмайды.
32. – Сол күнди ямаса сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Ѳзи де, тек ғана Єкем биледи.
33. Абайлаңлар ҳәм сергек болыңлар, ѳйткени сол ўақыттың қашан келетуғынын билмейсизлер.
34. Бул – бир адамның саяхатқа кетип баратырып, үйиндеги хызметшилерине басқарыўға бийлик бергени ҳәм ҳәр бирине ис тапсырып, дәрўаза қараўылына сергек болыўды буйырғаны сыяқлы.
35. Солай етип, сизлер де сергек болыңлар. Себеби үй ийесиниң кеште ме, ярым ақшамда ма, қораз шақырғанда ма, ерте азанда ма, қашан келетуғынын билмейсизлер.
36. Ол күтилмегенде келип, сизлердиң уйықлап атырғаныңызды кѳрмесин.
37. Сизлерге айтатуғынымды ҳәммеге айтаман: сергек болыңлар!
1. Ќутқарылыў ҳәм Ашытқысыз нан байрамына еки күн қалған еди. Бас руўханийлер ҳәм диний муғаллимлер Ийсаны ҳийле менен услап алып, ѳлтириўдиң жолын излестирди.
2. Бирақ олар: «Халық арасында қозғалаң болмаўы ушын, бул исти байрам күнлери ислемейик», – дести.
3. Ийса Бетанияда, бурын мақаў кесел болған Симонның үйинде, дастурхан басында отырғанда, мәрмер ыдыста сап нардтан исленген қымбат баҳалы әтир майы бар бир ҳаял келди. Ол ыдысты сындырды да, майды Ийсаның басына қуйды.
4. Гейбиреўлер ашыўланып, бир-бирине: – Бул май неге бийкарға ысырап етилди?
5. Оны үш жүз динардан да қымбатыраққа сатып, ақшасын жарлыларға үлестирип бериўге болар еди-ғо, – десип, ҳаялды айыплай баслады.
6. Бирақ Ийса: – Ҳаялды тынышына қойыңлар. Оны неге уялтып атырсызлар? Ол Маған жақсылық иследи-ғо.
7. Ѳйткени жарлылар сизлер менен бәрқулла бирге, оларға қәлеген ўақтыңызда жәрдем бере аласызлар. Бирақ Мен сизлер менен бәрқулла бирге болмайман.
8. Ол қолынан келгенин иследи. Мениң денеме алдын ала әтир май қуйып, оны жерлеўге таярлады.
9. Сизлерге шынын айтып турман: Хош Хабар дүньяның қай жеринде жәрияланса да, бул ҳаял еске алынып, оның ислеген иси айтылатуғын болады, – деди.
10. Соңынан он еки шәкирттиң бири болған Яҳуда Исқариот Ийсаны услап бериў ушын бас руўханийлерге барды.
11. Олар буны еситип, қуўанысып қалды ҳәм оған гүмис теңге бериўди ўәде етти. Яҳуда да Ийсаны услап бериўге қолайлы пайыт изледи.
12. Ашытқысыз нан байрамының биринши күни Ќутқарылыў байрамының қозысы шалынғанда, шәкиртлери Ийсаға: – Ќутқарылыў байрамының асын жеўиң ушын, бизлердиң қай жерге барып таярлық кѳриўимизди қәлейсең? – дести.
13. Ол шәкиртлериниң екеўин жиберип, оларға: – Ќалаға барыңлар, ол жерде сизлерге гүзе менен суў кѳтерип киятырған адам гезлескенде, оның изине ериңлер.
14. Ол кирген үйдиң ийесине: «Устазымыз: „Шәкиртлерим менен бирге байрам асын жейтуғын бѳлме қәне?“ – деп сорап атыр», деңлер.
15. Ол сизлерге тѳсеклер тѳселип таяр турған жоқарыдағы үлкен бѳлмени кѳрсетеди. Бизлерге сол жерде байрам асын таярлаңлар, – деди.
16. Шәкиртлери шығып, қалаға келди ҳәм Ийсаның айтқанларын таўып, байрам асын таярлады.
17. Кеш болғанда, Ийса он еки шәкирти менен бирге келди.
18. Олар аўқатланып отырғанда, Ийса: – Сизлерге шынын айтып турман: Мениң менен аўқатланып отырған араңыздағы бириңиз Маған сатқынлық ислейди, – деди.
19. Олар қапа болып, биринен соң бири Оннан: – Мен емеспен-ғо, я? – деп сорай баслады.
20. Ийса оларға жуўап берип: – Он еки шәкиртимниң бири, Мениң менен бир табаққа нанын малып атырған адам – сол.
21. Адам Улы Ѳзи ҳаққында жазылғандай баратыр, бирақ Адам Улына сатқынлық қылыўшы ҳәсирет шегеди! Ол адамның бул дүньяға келмегени ѳзи ушын жақсырақ болар еди, – деди.
22. Олар аўқатланып отырғанда, Ийса нан алып, Ќудайға шүкирлик етти. Оны сындырып, шәкиртлерине берди де: – Алыңлар, бул – Мениң денем, – деди.
23. Соң кесени алып, Ќудайға шүкирлик етти де, оларға берди. Оннан ҳәммеси ишти.
24. Оларға: – Бул – кѳп адамлар ушын тѳгилетуғын, Жаңа Келисимди бекитетуғын Мениң қаным.
25. Сизлерге шынын айтып турман: Ќудай Патшалығында жаңасын ишетуғын күниме дейин, жүзим ишимлигинен қайтып ишпеймен, – деди.
26. Соңынан олар Ќудайды жырлайтуғын қосық айтып, Зәйтүн таўына кетти.
27. Ийса оларға: – Сизлердиң ҳәммеңиз Мени таслап кетесизлер. Себеби былай деп жазылған: «Шопанды урғанымда, Ќойлар тарқап кетеди».
28. Бирақ қайта тирилгенимнен кейин, сизлерден бурын Галилаға бараман, – деди.
29. Петр Оған: – Сени ҳәммеси таслап кетсе де, мен таслап кетпеймен, – деди.
30. Сонда Ийса оған: – Саған шынын айтып турман: бүгин түнде қораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң, – деди.
31. Бирақ Петр қызып кетип: – Маған Сениң менен бирге ѳлиўге туўра келсе де, Сеннен ҳеш қашан танбайман, – деди. Ќалғанларының ҳәммеси де солай деди.
32. Олар Гетсемани деп аталатуғын жерге келди. Ийса шәкиртлерине: – Мен дуўа етип боламан дегенше, сизлер усы жерде отырыңлар, – деди.
33. Ѳзи менен бирге Петр, Яқып ҳәм Юханды алып, қатты қәўетерленип, қыйнала баслады.
34. Оларға: – Жаным ѳлердей қыйналып тур. Сизлер усы жерде қалып, сергек болып турыңлар, – деди.
35. Шетирек шығып, жерге жығылды да, мүмкин болса бул сааттың Ѳзинен ѳтиўин сорап, дуўа ете баслады.
36. – Єке, Єкежаным! Саған ҳәммеси мүмкин. Бул азап кесесин Меннен ѳткизип жибер. Бирақ Мениң емес, Сениң қәлегениң болсын, – деди.
37. Ийса шәкиртлериниң қасына қайтып келип, олардың уйықлап атырғанын кѳрди де, Петрге: – Симон, уйықлап атырсаң ба? Уйықламай бир саат та отыра алмадың ба?
38. Азғырылмаўыңыз ушын сергек болып, дуўа етиңлер. Руўх қәлейди, бирақ дене ҳәлсиз, – деди.
39. Ол және барып, сол сѳзлерин айтып, дуўа етти.
40. Ќайтып келип, олардың және уйықлап атырғанын кѳрди. Ѳйткени кѳзлерин уйқы басқан еди. Олар Ийсаға не деп жуўап берерин билмеди.
41. Ийса үшинши рет қайтып келип, оларға: – Сизлер еле уйықлап, дем алып атырсызлар ма? Болды, ўақыт келди. Адам Улы гүнакарлардың қолына услап бериледи.
42. Турыңлар, кеттик. Ќараңлар, Маған сатқынлық қылыўшы жақынлады, – деди.
43. Тап сол ўақытта, Ийса еле сѳйлеп турғанда, он еки шәкиртиниң бири Яҳуда келди. Оның менен бирге бас руўханийлер, диний муғаллимлер ҳәм ақсақаллар жиберген бир топар адамлар бар еди. Адамлар қолына қылыш ҳәм шоқмар услаған еди.
44. Сатқынлық қылыўшы оларға белги берип: «Мен кимди сүйсем, Ол – Соның Ѳзи. Оны услап, абайлап алып кетиңлер», – деген еди.
45. Яҳуда келди де, дәрриў Ийсаға жақынласып, Оған: – Устаз! – деп, Оны сүйди.
46. Ал адамлар Ийсаға қол салып, услап алды.
47. Бирақ Ийсаның қасында турғанлардың биреўи қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының қулағын шаўып таслады.
48. Сонда Ийса оларға: – Мени услаў ушын, жынаятшыға қарсы шыққандай болып, қылыш ҳәм шоқмар алып келдиңлер ме?
49. Мен ҳәр күни сизлер менен Ибадатханада бирге болып, тәлим бергенимде, Мени усламадыңлар. Бирақ, Мухаддес Жазыўлар орынланыўы шәрт, – деди.
50. Сонда шәкиртлериниң ҳәммеси Оны таслап, қашып кетти.
51. Жалаңаш денесине таўар ораған бир жас жигит Оның изине ерип баратыр еди. Олар оны услап алғанда,
52. ол оранған таўарын таслап, жалаңаш қашып кетти.
53. Олар Ийсаны бас руўханийге апарды. Ол жерге ҳәмме бас руўханийлер, ақсақаллар ҳәм диний муғаллимлер жыйналды.
54. Петр Ийсаға бас руўханийдиң ҳәўлисиниң ишине дейин узақтан ерип келип, ҳәўлиде сақшылар менен бирге отқа жылынып отырды.
55. Бас руўханийлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиў ушын, Оған қарсы гүўалық изледи, бирақ таба алмады.
56. Себеби кѳп адамлар Оған қарсы жалған гүўалықлар берсе де, гүўалықлары бир-бирине сәйкес келмес еди.
57. Соңынан гейбиреўлер орнынан турып, Оған қарсы жалған гүўалық берип:
58. – Бизлер Оның: «Адам қолынан қурылған бул Ибадатхананы Мен бузып таслап, үш күнниң ишинде адам қолынан қурылмаған басқа Ибадатхана қураман», – дегенин еситтик, – деди.
59. Бирақ олардың гүўалығы да сәйкес келмеди.
60. Сонда бас руўханий ортаға шығып, Ийсадан: – Олар Саған қарсы гүўалық берип атыр-ғо. Сен неге ҳеш жуўап бермейсең? – деп сорады.
61. Бирақ Ийса үндемеди ҳәм ҳеш жуўап қайтармады. Бас руўханий Оннан және: – Алғыслының Улы – Масих Сенбисең? – деп сорады.
62. Ийса: – Аўа, Мен. Сизлер Адам Улының Ќүдиретли Ќудайдың оң жағында отырғанын ҳәм аспандағы бултларда киятырғанын кѳресизлер, – деди.
63. Сонда бас руўханий ѳз кийимлерин жыртып: – Енди бизлерге гүўалардың неге кереги бар?
64. Ќудайға тил тийгизгенин еситтиңлер-ғо. Сизлердиң қарарыңыз қандай? – деди. Олардың ҳәммеси Ийсаны ѳлим жазасына ҳүким етиўге қарар етти.
65. Гейбиреўлер Оған түкире баслады ҳәм бетин байлап, Оны мушлап урды да, Оған: – Ќәнекей, ўәлийлик ет, – дести. Сақшылар да Оны шапалақ пенен урды.
66. Петр ишки ҳәўлиде отырғанда, бас руўханийдиң шоры қызларынан бири келди.
67. Ол отқа жылынып отырған Петрди кѳрип, оған тигилип қарады да: – Сен де сол Насыралы Ийса менен бирге едиң-ғо, – деди.
68. Бирақ Петр танып: – Сениң не айтып турғаныңды билмеймен ҳәм түсинбеймен, – деди де, сыртқы ҳәўлиге шығып кетти.
69. Шоры қыз оны кѳрип, сол жердегилерге және: – Бул адам – солардың бири, – деп айта баслады.
70. Бирақ Петр және танды. Бираздан соң, сол жерде турғанлар Петрге: – Расында да, сен солардың бирисең, ѳйткени галилалысаң-ғо, – деди.
71. Ол: – Сизлер айтып турған бул Адамды мен танымайман, – деп ант ишип, ѳзин ѳзи ғарғай баслады.
72. Сол ўақытта-ақ қораз екинши рет шақырды. Петр Ийсаның ѳзине: «Ќораз еки рет шақыраман дегенше, сен Меннен үш рет танасаң», – деген сѳзи есине түсип, жылап жиберди.
1. Таң атыўдан бас руўханийлер, ақсақаллар, диний муғаллимлер ҳәм пүткил жоқарғы кеңес мәсләҳәтлесип алды да, Ийсаны байлап, римли ҳәким Пилатқа апарып тапсырды.
2. Пилат Оннан: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады. Ийса оған: – Сол екенимди ѳзиң айттың, – деп жуўап берди.
3. Бас руўханийлер Оны кѳп нәрселерде айыплады.
4. Пилат және Ийсадан сорап: – Сен ҳеш жуўап бермейсең бе? Ќара, олар Саған қаншама айып тағып атыр, – деди.
5. Бирақ Ийса ҳеш жуўап бермегенликтен, Пилат ҳайран қалды.
6. Ҳәр Ќутқарылыў байрамында Пилат халық сораған бир тутқынды босатып беретуғын еди.
7. Сол ўақытта қамақта қозғалаң ўақтында ѳзиниң шериклери менен адам ѳлтирген Бараба деген бир адам бар еди.
8. Халық Пилатқа келип, әдеттегидей ислейтуғын исин олар ушын ислеп, бир тутқынды босатып бериўин сорай баслады.
9. Пилат олардан: – Яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деп сорады.
10. Себеби ол бас руўханийлердиң Ийсаны ѳзине күншиллик пенен услап бергенин билетуғын еди.
11. Бирақ бас руўханийлер халықты үгитлеп, Ийсаның орнына Барабаны босатып бериўди талап еттирди.
12. Пилат оларға және: – Олай болса, сизлер Яҳудийлердиң Патшасы деп атаған Адамға не ислейин? – деди.
13. Олар: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деп бақырысты.
14. Пилат олардан: – Ол қандай жаманлық иследи, ақыры? – деп сорады. Бирақ олар қаттырақ бақырысып: – Оны атанақ ағашқа шегелет! – деди.
15. Сонда Пилат халықты қанаатландырыў ушын Барабаны босатып берди. Ал Ийсаны қамшылатқаннан соң, атанақ ағашқа шегелеўге тапсырды.
16. Єскерлер Ийсаны ҳүкимет сарайының ишки ҳәўлисине алып барып, пүткил әскерлерди жыйнады.
17. Олар Ийсаға шым қызыл шапан кийгизди де, тикенли шыбықлардан таж ѳрип, басына салды.
18. Соңынан: – Жасасын, Яҳудийлердиң Патшасы! – деп бақырыса баслады.
19. Басына қамыс пенен урып, Оған түкирди де, алдында дизе бүгип, тәжим етти.
20. Масқаралап болғаннан соң, олар Ийсаның үстиндеги шым қызыл шапанды шешип алып, Оған Ѳз кийимин кийгизди де, атанақ ағашқа шегелеў ушын алып кетти.
21. Искендер ҳәм Руфустың әкеси, Симон деген киренели бир адам аўылдан киятырып, сол жерден ѳтип баратыр еди. Оны Ийсаның атанақ ағашын арқалап алып жүриўге мәжбүрледи.
22. Олар Ийсаны Голгота деп аталған, яғный «Бас сүйек орны» дегенди аңлататуғын жерге алып келди.
23. Оған мирра қосылған шарапты бергенде, Ол ишиўден бас тартты.
24. Ийсаны атанақ ағашқа шегелеп болғаннан соң, ким не алар екен деп шек тасласып, ѳз ара Оның кийимлерин бѳлисти.
25. Олар Ийсаны атанақ ағашқа шегелегенде, саат азанғы тоғыз еди.
26. Оның бас бетинде айыбын кѳрсететуғын: «ЯҲУДИЙЛЕРДИЊ ПАТШАСЫ» деген жазыў бар еди.
27. -
28. Ийса менен бирге еки қарақшыны да, биреўин оң, екиншисин сол тәрепине атанақ ағашқа шегеледи.
29. Ѳтип баратырғанлар басларын шайқады ҳәм Оның үстинен күлип: – Ҳәй, Ибадатхананы бузып, Оны үш күнниң ишинде қайта тиклейжақ болған, Сен!
30. Ѳзиңди Ѳзиң қутқарып, атанақ ағаштан түсип кѳрши! – деди.
31. Бас руўханийлер менен диний муғаллимлер де Оны мазақ қылып, бир-бирине: – Бул басқаларды қутқарып, Ѳзин Ѳзи қутқара алмайды!
32. Израилдың Патшасы Масих ҳәзир атанақ ағаштан түссин, сонда бизлер кѳрип, Оған исенемиз, – дести. Ийса менен бирге атанақ ағашқа шегеленгенлер де Оны мазақ етти.
33. Түски саат он екиден баслап, түстен кейин саат үшке дейин пүткил жерди қараңғылық қаплап турды.
34. Саат үште Ийса қатты даўыс пенен: – Елой, Елой! Лама сабахтани? – деп бақырды. Бул: «Ќудайым, Ќудайым! Неге Мени таслап кеттиң?» – дегенди аңлатады.
35. Сол жерде турғанлардың гейбиреўлери буны еситип: – Ќараңлар, Ол Илиясты шақырып атыр, – дести.
36. Сонда бир адам жуўырып барып, сорғышты сирке суўына сиңдирди ҳәм оны бир таяққа қадады да, Оған ишиўге берип: – Тоқтай турың! Илияс келип, Оны түсирип алар ма екен, кѳрейик! – деди.
37. Ал Ийса қатты бақырды да, жан тапсырды.
38. Сол ўақытта Ибадатхананың Мухаддесханасындағы перде жоқарыдан тѳменге дейин қақ айырылып, екиге бѳлинди.
39. Ийсаның қарсысында турған жүзбасы Оның усылай жан тапсырғанын кѳрип: – Ҳақыйқаттан да, бул Адам – Ќудайдың Улы екен, – деди.
40. Сол жерде узақтан қарап турған бир неше ҳаял бар еди. Олардың арасында: магдалалы Мәриям, кишкене Яқып пенен Иосестиң анасы Мәриям ҳәм Саломия болды.
41. Олар Ийсаға Галилада болған ўақтында ерип жүрип, Оған хызмет еткен еди. Ол жерде Ийса менен бирге Ерусалимге келген басқа кѳп ҳаяллар да бар еди.
42. Күн кеш болды. Бул күн таярлық күни, яғный шемби күнинен алдыңғы жума күни еди.
43. Сонда жоқарғы кеңестиң ҳүрметли ағзасы, Ќудайдың Патшалығын күтиўши ариматиялы Юсуп келди. Ол батыллық пенен Пилаттың алдына кирди де, Ийсаның денесин сорады.
44. Пилат Ийсаның әлле қашан ѳлгенине ҳайран қалып, жүзбасыны шақыртып алды да: – Ѳлгенине кѳп ўақыт болды ма? – деп сорады.
45. Жүзбасыдан билип алғаннан соң, ол денени Юсупке берди.
46. Юсуп кепинлик таўар сатып алды. Ол Ийсаның денесин атанақ ағаштан түсирип алып, кепин менен орады да, жартаста ойылған қәбирге қойып, қәбирдиң аўзына бир тасты домалатып қойды.
47. Магдалалы Мәриям менен Иосестиң анасы Мәриям Ийсаның қай жерге қойылғанын кѳрди.
1. Дем алыс күни ѳткеннен соң, магдалалы Мәриям, Яқыптың анасы Мәриям ҳәм Саломия Ийсаның денесине жағыў ушын хош ийисли май сатып алды.
2. Олар ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни қуяш шығыўдан таң азанда қәбирге келди.
3. Ѳз ара: – Ќәбирдиң аўзындағы тасты бизлерге ким домалатып берер екен? – деп сѳйлести.
4. Бирақ басларын кѳтерип қарап, тастың домалатып тасланғанын кѳрди. Тас жүдә үлкен еди.
5. Ќәбирдиң ишине кирген олар оң тәрепте отырған ақ кийимли бир жас жигитти кѳрип, қорқып кетти.
6. Жигит оларға: – Ќорқпаңлар! Сизлер атанақ ағашқа шегеленген Насыралы Ийсаны излеп жүрсизлер-ғо. Ол қайта тирилди, Ол бул жерде жоқ. Мине, Оның қойылған жери.
7. Енди барып, Оның шәкиртлерине ҳәм Петрге: «Ол сизлерден бурын Галилада болады. Ѳзиниң айтқанындай, Оны сол жерде кѳресизлер», – деп айтыңлар, – деди.
8. Ҳаяллар қатты қорқысып ҳәм қалтырасып, қәбирден шығып қашып кетти. Ќорққанлықтан, ҳеш кимге ҳеш нәрсе айтпады.
9. Ийса ҳәптениң биринши күни, яғный екшемби күни ерте таңда қайта тирилип, биринши болып магдалалы Мәриямға кѳринди. Ийса бурын оннан жети жинди қуўып шығарған еди.
10. Мәриям барып, буны Ийса менен бирге болғанларға хабарлады. Олар жылап, қайғырып отырған еди.
11. Бирақ олар Ийсаның тири екенин ҳәм Мәриямның Оны кѳргенин еситсе де, исенбеди.
12. Соңынан Ийса аўылға баратырған олардың екеўине басқаша түрде кѳринди.
13. Олар қайтып келип, басқа шәкиртлерге хабарлағанда, оларға да исенбеди.
14. Соңынан Ийса аўқатланып отырған он бир шәкиртине кѳринип, оларды исенбеўшиликте ҳәм қайсарлықта айыплады. Ѳйткени олар Оның тирилгенин кѳргенлерге исенбеген еди.
15. Ийса оларға былай деди: – Пүткил дүнья бойлап жүриңлер ҳәм барлық адамларға Хош Хабарды жәриялаңлар.
16. Ким де ким исенип шомылдырылса, қутқарылады, ал ким де ким исенбесе, ҳүким етиледи.
17. Исенгенлер менен мынадай кәраматлы белгилер бирге болады: Мениң атым менен жинлерди қуўып шығарып, жаңа тиллерде сѳйлейди.
18. Ќоллары менен жыланларды услап алса да ҳәм уўлы зат ишсе де, оларға зыян келмейди. Аўырыўлардың үстилерине қолларын қойғанда, олар шыпа табады.
19. Ийемиз Ийса оларға усыларды айтып болғаннан соң, аспанға алынды ҳәм Ќудайдың оң тәрепине отырды.
20. Ал шәкиртлери барып, ҳәмме жерде Хош Хабарды жәриялап жүрди. Ийемиз олар менен бирге ислеп, Ѳз сѳзин кәраматлы белгилер арқалы тастыйықлайтуғын еди.