Инжил Каракалпак

Коринфлилерге жазылған екинши хат

1. Кудайдың қєлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳєм туўысқанымыз Тимофейден, Коринф қаласындағы Кудайдың жємєєтине ҳєм пүткил Ахая үлкесиндеги барлық мухаддеслерге сєлем!
2. Єкемиз Кудай ҳєм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳєм тынышлық берсин!
3. Кудайға, яғный Ийемиз Ийса Масихтың Єкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Єкемиз ҳєм толық жубаныш бериўши Кудай.
4. Кудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Кудайдан алған жубаныш пенен ҳєр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз.
5. Себеби Масих шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли кѳп шексек, Кудай бизлерге Масих арқалы соншелли үлкен жубаныш береди.
6. Бизлер кѳрип атырған қыйыншылық сизлердиң жубаныш алыўыңыз ҳєм қутқарылыўыңыз ушын болып атыр. Бизлердиң жубаныш алыўымыз да сизлердиң жубаныш алыўыңыз ушын болып атыр. Сизлер ѳзлериңиз алған усы жубаныш арқалы бизлер шеккен азап-ақыретлер менен бирдей болған азап-ақыретлерге шыдай аласызлар.
7. Бизлердиң сизлерге байланыслы болған үмитимиз беккем. Ѳйткени сизлердиң тек азап-ақыретлеримизге емес, ал алған жубанышымызға да шерик екениңизди билемиз.
8. Туўысқанларым, Азия үлкесинде кѳрген қыйыншылықларымыздан сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қєлемеймиз. Бизлер шектен тыс аўыр қыйыншылық астында болып, тири қалыўдан да үмитимизди үзген едик.
9. Ишимизден ѳзимизди ѳлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул ѳзлеримизге емес, ал ѳлилерди тирилтетуғын Кудайға сүйениўимиз ушын болды.
10. -
11. Кудай бизлерди усындай үлкен ѳлим қєўпинен қутқарды ҳєм еле де қутқара береди. Сизлердиң дуўаларыңыздың жєрдеминде Кудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз. Кѳп адамлардың еткен дуўаларына Кудай жуўап берип, бизлерди қутқарғанлықтан, кѳплер бизлер ушын Кудайға шүкирлик билдиреди.
12. Бизлер мақтаныш тутатуғын ҳєм пєк ҳүжданымыз бенен гүўалық беретуғын нєрсемиз мынаў: бизлер дүньяға, єсиресе сизлерге адамның даналығы менен емес, ал Кудайдың мийрими менен, Кудайдан келген ҳадаллық ҳєм ҳақ нийет пенен қатнас жасадық.
13. -
14. Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нєрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳєзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен. Солай етип, Ийемиз Ийса қайтып келетуғын күни бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз.
15. Усындай исеним менен сизлерди еки есе қуўанышқа бѳленсин деп, сизлерге барыўды бурын нийет еткен едим.
16. Македонияға баратырғанымда да, Македониядан қайтып киятырғанымда да, сизлерге барыўды нийет еткен едим. Соңынан сизлер мени Яҳудияға шығарып саларсыз деп ойлаған едим.
17. Усылай нийет етип, мен жеңилтеклик қылыппан ба? Мени денесиниң қєлеўи бойынша кеўлинде «яқ» деп ойлап, аўзы менен «аўа» дейтуғын адам деп есаплайсызлар ма?
18. Мен Кудайдың садықлығы ҳақы ант ишемен: бизлер еки жүзли адамлар емеспиз. Бизлер сизлерге сѳйлегенимизде, «яқ» деп ойлап, «аўа» деп айтпадық.
19. Бизлер тєрепимизден, яғный мен тєрепимнен, Сила ҳєм Тимофей тєрепинен сизлерге жєрияланған Кудайдың Улы Ийса Масих ҳєм «аўа», ҳєм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар.
20. Кудайдың барлық ўєделери Масих арқалы «аўа» болып, толық орынланады. Сонлықтан Кудайдың даңққа бѳлениўи ушын, Масих арқалы Кудайға «аўмийин» деймиз.
21. Бизлер менен сизлердиң Масих пенен болған байланысымызды беккем қылған ҳєм бизлерди хызметке тайынлаған Кудайдың Ѳзи болады.
22. Ол бизлерди мѳрлеп тамға басты ҳєм буның дєлили сыпатында Мухаддес Руўхты жүрегимизге жайластырды.
23. Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Кудайдың Ѳзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим.
24. Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар.
1. Солай етип, сизлерди жєне қапа қылмайын деп, сизлерге бармаўға кеўлимде қарар еттим.
2. Ѳйткени егер мен сизлерди жєне қапа қылсам, онда мени ким қуўантады? Ѳзим қапа қылған сизлерден басқа, ким кеўлимди кѳтереди? Єлбетте, ҳеш ким!
3. Сонлықтан мен барғанымда, қуўантыўы керек болған адамлар мени қапа қылмаўы ушын, сол хатты жазып жиберген едим. Себеби мениң қуўанышым сизлердиң ҳєммеңиздиң қуўанышыңыз екенине исенген едим.
4. Мен сол хатты терең қайғырып, жүрегим езилип, кѳз жасларымды тѳгип отырып жаздым. Бундағы мақсетим – сизлерди қапа қылыў емес, ал сизлерге деген шексиз сүйиспеншилигимди билдириў еди.
5. Егер араңызда бир адам басқаларды қапа қылған болса, ол тек мени емес, ал қандай да бир дєрежеде сизлердиң ҳєммеңизди қапа қылған болады. Мен буны асырып айтып атырған жоқпан.
6. Бул адамға сизлердеги кѳпшилик тєрепинен берилген жаза жетерли болады.
7. Солай етип, ол ҳєдден тыс қайғырмаўы ушын оны кеширип, жубаныш бергениңиз мақулырақ болады.
8. Сонлықтан оған деген сүйиспеншилигиңизди дєлиллеўиңизди ѳтиниш етемен.
9. Ҳєр бир исте сѳзиме қулақ асатуғыныңызды ямаса аспайтуғыныңызды сынап билиў ушын, мен сизлерге сол хатты жазған едим.
10. Сизлер оны кеширсеңиз, оны мен де кеширемен. Егер мен оны кеширген болсам, оны сизлер ушын Масих алдында кеширдим.
11. Солай етип, шайтанның аўҳалдан пайдаланып, пєнт бериўине жол қоймайық. Ѳйткени бизлер оның жаўыз жобаларынан хабарсыз емеспиз.
12. Мен Масихтың Хош Хабарын жєриялаў ушын Троасқа барғанымда, Ийемиз маған кѳп мүмкиншилик берген еди.
13. Деген менен, туўысқанымыз Титусты сол жерде ушырата алмағаным себепли, руўхым тынышсызланды. Сонлықтан сол жердегилер менен хошласып, Македонияға кеттим.
14. Кудайға шүкирлер болсын! Ол бизлерди бєрқулла Масихтың жеңисиниң салтанатлы жүрисинде жетелеп жүреди ҳєм бизлер арқалы ҳємме жерде Масих ҳаққында билимди хош ийис сыяқлы тарқатады.
15. Себеби бизлер қутқарылып атырғанлар арасында да, набыт болып атырғанлар арасында да, Масихтың Кудайға бағышлаған хош ийисимиз.
16. Бизлер Хош Хабарды жєриялаған ўақтымызда, набыт болып атырғанлар ушын ѳлимге апаратуғын ѳлим ийисимиз. Ал қутқарылып атырғанлар ушын ѳмир беретуғын ѳмир ийисимиз. Бундай хызметке ылайықлы ҳеш ким жоқ!
17. Ѳйткени ѳз пайдасы ушын Кудайдың сѳзин сатып беретуғын кѳп адамлар бар. Бирақ, бизлер ондай адамлар емеспиз. Бизлер Кудай тєрепинен жиберилген ҳєм Масихқа тийисли болған адамлар сыпатында Хош Хабарды Кудай алдында ҳақ кеўил менен жєриялаймыз.
1. Бизлерди жєне ѳзлерин мақтап атыр, деп ойлайсыз ба? Айырым адамлар сыяқлы, сизлерге кѳрсетиў ушын ямаса сизлерден алып басқаларға кѳрсетиў ушын, минезлемемиз жазылған хатларға бизлер мүтєжбиз бе?
2. Бизлердиң минезлеме хатымыз – сизлер боласызлар. Бул хат бизлердиң жүреклеримизде жазылған болып, оны барлық адамлар биледи ҳєм оқыйды.
3. Сизлер ҳақыйқаттан да, бизлердиң хызметимиз арқалы жазылған Масихтың хаты екениңизди анық кѳрсетесизлер. Бул хат сыя менен емес, ал тири Кудайдың Руўхы менен жазылды ҳєм ол тасқа емес, ал адамлардың жүреклерине ойып жазылды.
4. Бизлер Масих арқалы Кудай алдында усындай исенимге ийе болғанымыз себепли, буларды айтып атырмыз.
5. Бизлер хызметимизди уқыплы болғанымыз себепли атқарып атырмыз, демекши емеспен. Бизлердеги бар уқып ѳзимизден шықпаған, ал Кудайдан берилген.
6. Кудай бизлерди Жаңа Келисимниң хызметшилери қылды. Жаңа Келисим жазылған нызам тийкарында емес, ал Мухаддес Руўх тийкарында пайда болды. Себеби жазылған нызам ѳлимге ҳүким етеди, ал Мухаддес Руўх ѳмир береди.
7. Тасқа ойып жазылған ҳєриплерден ибарат болған Мухаддес Нызам уллылық пенен берилгенликтен, Израил халқы Муўсаның жүзинен шыққан ѳткинши нурға қарай алмаған еди. Ѳлимге ҳүким ететуғын Мухаддес Нызамға хызмет етиў соншелли уллы болса,
8. онда ѳмир беретуғын Мухаддес Руўхқа хызмет етиў оннан анағурлым кѳп уллылыққа ийе емес пе?
9. Адамды ҳүким еткен Мухаддес Нызамға хызмет етиў уллы болған болса, ақланыў беретуғын Жаңа Келисимге хызмет етиў оннан гѳре қаншелли уллырақ болады!
10. Ҳақыйқаттан да, жоқары уллылыққа ийе болған Жаңа Келисим пайда болғанда, бурын уллылыққа ийе болған Мухаддес Нызам ѳз уллылығын жойтты.
11. Солай етип, ѳткинши болған нєрсе уллы болса, мєңги қалатуғын нєрсе оннан да уллырақ.
12. Усындай үмитке ийе болғанымыз себепли үлкен батырлық пенен сѳйлей аламыз.
13. Бизлер жүзиндеги ѳшип баратырған нурды Израил халқына кѳрсетпеў ушын жүзин перде менен жапқан Муўса сыяқлы ис тутпаймыз.
14. Бирақ, Израил халқының жүреги қайсар болғанлықтан, ҳєтте, усы күнге дейин олар Ески Келисимди оқығанда, олардың санасы сондай перде менен жабыўлы турғандай болады. Ѳйткени бул перде тек Масих арқалы алып тасланады.
15. Ҳақыйқаттан да, усы күнге дейин олар Муўсаның китабын оқығанда, жүреклери перде менен жабылғандай болып түсинбейди.
16. Деген менен, адам Ийемизге жүз бурғанда, сол перде алып тасланады.
17. Ийемиз – Руўх. Ийемиздиң Руўхы бар жерде азатлық бар.
18. Бизлердиң ҳєммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын кѳремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын ѳзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жєрдеминде иске асады.
1. Сонлықтан биз хызметшилер бул хызметти Кудайдың мийрим-шєпєєти менен ислеп атырғанымыз себепли, руўхымызды түсирмеймиз.
2. Бизлер жасырын ҳєм уят ислеримизди тасладық, ҳийлекерлик пенен ҳєрекет қылмаймыз. Кудайдың сѳзин бурмаламай, ҳақыйқатты ашық айтыўымыз арқалы ѳзимизди Кудай алдында ҳєр бир адамның ҳүжданына тапсырамыз.
3. Егер бизлер жєриялап атырған Хош Хабар жабық болса, ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады.
4. Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын кѳрмесин деп, бул дүньяның ҳєкими – шайтан олардың жүрек кѳзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Кудайдың қандай екенин кѳрсеткен Масихтың даңқын билдиреди.
5. Бизлер ѳзлеримиз ҳаққында жєриялап атырған жоқпыз. Ал Масих Ийсаны ҳєммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жєриялап атырмыз.
6. Себеби «Караңғылықтан нур жарқырасын», – деп буйырған Кудай Масихтың жүзинде жарқыраған Ѳзиниң даңқын билиўимиз ушын жүреклеримизди жақты қылды.
7. Биз елшилер усы ғєзийнени ылай ыдыс сыяқлы болған денемизде алып жүрмиз. Бул уллы қүдиреттиң бизлерден емес, ал Кудайдан екенлиги кѳринип тур.
8. Бизлер ҳєр тєреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз.
9. Куўдаланамыз, бирақ Кудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз.
10. Ийсаның ѳмири денемизде ашық кѳринсин деп, бизлер бєрқулла азап шегип, Ийсаның ѳлимине шерик боламыз.
11. Ѳйткени Ийсаның ѳмири бизиң ѳлетуғын денемизде ашық кѳринсин деп, жасап атырған бизлер Ийса ушын ѳлим қєўпине үзликсиз дуўшар болып атырмыз.
12. Солай етип, бизлердиң ѳлим қєўпине дуўшар болып атырғанымыз арқалы сизлер мєңгилик ѳмирге ерисип атырсызлар.
13. Забурда: «Мен исендим ҳєм соның ушын сѳйледим», – деп жазылған. Усындай исенимди пайда еткен Мухаддес Руўхқа ийе болғанымыз себепли, бизлер де исенемиз ҳєм сонлықтан сѳйлеймиз.
14. Себеби Ийемиз Ийсаны ѳлимнен тирилткен Кудайдың бизлерди де Ийса менен бирге тирилтетуғынын ҳєм сизлер менен бирликте Ѳзиниң алдында турғызып қоятуғынын билемиз.
15. Булардың ҳєммеси сизлердиң пайдаңыз ушын болып атыр. Солай етип, бизлердиң басымыздан кеширген қыйыншылықларымыз себепли, Кудайдың сизлерге деген мийрими артады. Сол мийрим еле де кѳп адамларға жетип барыўы арқалы Кудайға кѳп шүкирликлер айтылады ҳєм Ол даңққа бѳленеди.
16. Сонлықтан руўхымызды түсирмеймиз. Бизлердиң кѳринетуғын денемиз тозып баратырған болса да, ишки дүньямыз күннен-күнге жаңаланып атыр.
17. Ѳйткени ҳєзирги ѳткинши ҳєм арзымас қыйыншылықларымыз бизлерге ҳєдден тыс уллы ҳєм мєңгилик даңқ алып келеди.
18. Бизлер кѳзге кѳринетуғын қыйыншылықларға емес, ал кѳзге кѳринбейтуғын уллылыққа қараймыз. Себеби кѳзге кѳринетуғын нєрселер ѳткинши, ал кѳзге кѳринбейтуғын нєрселер мєңги болады.
1. Бизлер ишинде жасап атырған дүньядағы бул шатырымыз, яғный денемиз қыйралғанда, Кудай бизлерге адамның қолы менен қурылмаған аспандағы мєңгилик үйимизди, яғный жаңа денени беретуғынын билемиз.
2. Аспандағы үйимизди, яғный жаңа денемизди кийим сыяқлы кийиўди қатты күсеп, ҳєзир бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде «аҳ» урмақтамыз.
3. Оны кийсек, бизлер жалаңаш қалмаймыз.
4. Бизлер дүньядағы шатырымызда, яғный денемизде жасап жүрип, аўыр жүк астында қыйналмақтамыз. Негизинде дүньядағы денемизди шешип таслаўды емес, ал оның үстинен аспандағы денемизди кийиўди қєлеймиз. Солай етип, ѳлетуғын дене мєңгилик ѳмир тєрепинен жутып жибериледи.
5. Бизлерди усы ушын таярлаған ҳєм буның гиреўи сыпатында бизлерге Мухаддес Руўхты берген Кудайдың Ѳзи болады.
6. Сонлықтан денеде жасап атырған ўақтымызда Ийемиздиң аспандағы мєканынан узақта екенимизди билсек те, бизлер бєрқулла батырлыққа ийемиз.
7. Ѳйткени бизлер кѳзге кѳринетуғын нєрселерге емес, ал исенимимизге сүйенип жасаймыз.
8. Аўа, батырлыққа ийемиз ҳєм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп ойлаймыз.
9. Бирақ денеде жасасақ та, денеден шығып кетсек те, бизлер Ийемиздиң кеўлинен шығыўға қатты тырысамыз.
10. Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайықлы баҳа алыў ушын, ҳєр биримиз Масихтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек.
11. Солай етип, бизлер Ийемизден қорқыўдың не екенин билгенимиз себепли, адамларды ақылландырыўға ҳєрекет етемиз. Бизлердиң қандай екенлигимиз Кудайға аян. Бизлердиң қандай екенлигимизди сизлер де жақсы билетуғыныңыздан үмит етемен.
12. Бизлер жєне сизлерге ѳзлеримизди усыныўға ҳєрекет етип атырған жоқпыз. Бирақ ишки дүньясы менен емес, ал сыртқы кѳриниси менен мақтанатуғын адамларға ылайықлы жуўап бериўиңиз ушын, сизлерге бизлер менен мақтаныўға мүмкиншилик берип атырмыз.
13. Егер бизлер ақылымыздан азғандай болып кѳринсек, онда бул Кудай ушын. Егер есимиз дурыс болып кѳринсе, онда бул сизлер ушын.
14. Усылай ислеўге бизлерди Масихтың сүйиспеншилиги мєжбүр етеди. Ѳйткени бир Адам, яғный Масих ҳємме ушын ѳлгенликтен, ҳємме Оның ѳлимине шерик болған болады, деген жуўмаққа келдик.
15. Аўа, Масих ҳємме ушын ѳлди. Солай екен, жасап атырғанлар енди ѳзлери ушын емес, ал ѳзлери ушын ѳлген ҳєм қайта тирилген Масих ушын жасаўы шєрт.
16. Сонлықтан бизлер енди ҳеш кимге дүньяның кѳз қарасы менен қарамаймыз. Масихқа бурын усылай қараған болсақ та, енди олай қарамаймыз.
17. Солай етип, ким де ким Масих пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нєрселер ѳтип кетти, минекей, енди ҳєммеси жаңа болды.
18. Буның ҳєммеси Кудайдан. Кудай Масих арқалы бизлерди Ѳзи менен жарастырды ҳєм адамларды Ѳзи менен жарастырыў хызметин бизлерге тапсырды.
19. Яғный, Кудай Масих арқалы дүньяны Ѳзи менен жарастырып, адамлардың гүналарын есапқа алмады ҳєм усы жарастырыўшы сѳзлерди бизлерге берди.
20. Солай етип, бизлер Масихтың елшилеримиз. Кудайдың Ѳзи бизлер арқалы сизлерге ақыл-нєсият берип атыр. Масихтың атынан жалбарынамыз: Кудай менен жарасыңлар!
21. Кудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Кудай алдында усы арқалы ақландық.
1. Кудай менен бирге мийнет етип атырған бизлер ѳзлериңиз қабыл қылған Оның мийримине итибарсызлық пенен қарамаўыңызды сизлерден ѳтиниш етемиз.
2. Себеби Кудай былай дейди: «Мениң мийримим берилетуғын ўақытта сени еситтим, Кутқарылыў күнинде саған жєрдем бердим». Минекей, ҳєзир Кудайдың мийрими берилетуғын ўақыт болды! Минекей, ҳєзир қутқарылыў күни келди!
3. Хызметимизге сѳз келмесин деп, ҳеш кимге ҳеш бир нєрседе тосқынлық жасамаймыз.
4. Ал ҳємме нєрседе Кудайдың хызметкерлери сыпатында ис тутамыз: қыйыншылық кѳрсек те, мүтєжликте ҳєм аўыр жағдайларда қалсақ та, шексиз сабырлы болдық.
5. Жєне де, таяқ жедик, қамақта отырдық, топалаң ишинде қалдық, аўыр мийнет еттик, түнлерди уйқысыз ѳткиздик, аш қалдық.
6. Солай болса да, бизлер пєк болдық, дурыс түсиник, шыдамлылық, кең кеўил, Мухаддес Руўх ҳєм ҳақыйқый сүйиспеншилик пенен жасадық.
7. Ҳақыйқат сѳзин айтып, Кудайдың қүдиретин кѳрсеттик. Оң ҳєм шеп қолымызда ҳақлық қуралын услап жүрдик.
8. Бизлерди ҳүрмет етеди ҳєм масқаралайды да, бизлерге сѳгис айтады ҳєм мақтайды да. Бизлерди ѳтирикшилер деп есаплайды, бирақ бизлер ҳақыйқатты айтамыз.
9. Бизлерди белгисиз адамлар деп санайды, бирақ бизлер ҳєммеге белгилимиз. Бизлерди ѳлген деп есаплайды, бирақ, мине, бизлер тиримиз. Жазаланып таяқ жесек те, ѳлмей атырмыз.
10. Бизлерди қапа қылады, бирақ бизлер бєрқулла қуўанышлымыз. Жарлымыз, бирақ кѳп адамларды байытамыз. Ҳеш нєрсемиз болмаса да, ҳємме нєрсеге ийемиз.
11. Ҳєй коринфлилер, бизлер сизлерге ашық сѳйлеп, жүрегимизди кең аштық.
12. Сизлерден мийримимизди аямадық, бирақ сизлер бизлерден ѳз мийримиңизди аядыңыз.
13. Сизлерге балаларыма сѳйлегендей, сѳйлеп атырман: бизлер сыяқлы, сизлер де бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар.
14. Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Ѳйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар?
15. Масих пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳєм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин?
16. Кудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Кудайдың ибадатханасымыз. Кудай былай дейди: «Мен олар арасында жасап, Олар арасында жүретуғын боламан». «Мен олардың Кудайы боламан, Олар Мениң халқым болады».
17. Сол себептен Кудай Ийемиз былай дейди: «Исенбейтуғын адамлар арасынан шығып, олардан бѳлеклениңлер. Ҳарам нєрсеге қол тийгизбеңлер, Сонда Мен сизлерди қабыл етемен».
18. Жєне де, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз былай дейди: «Мен сизлерге Єке боламан, Сизлер Мениң ул-қызларым боласызлар».
1. Солай етип, сүйикли туўысқанларым, усындай ўєделерге ийе болғанымыз себепли, денемизди ҳєм руўхымызды ипласлайтуғын ҳєр бир нєрседен ѳзлеримизди тазалайық. Кудайдан қорқып жасап, минсиз мухаддесликке жетилисип барайық.
2. Бизлерге жүреклериңизди кең ашыңлар. Бизлер ҳеш кимге жаманлық ислемедик, ҳеш кимди жолдан азғырмадық, ҳеш кимди алдап, ҳақысын жемедик.
3. Буны сизлерди айыплаў ушын айтып атырған жоқпан. Ѳйткени бурын айтқанымдай, сизлер бизлердиң жүрегимиздесиз. Сизлер менен бирге ѳлиўге де, жасаўға да қайылмыз.
4. Мениң сизлерге деген исенимим күшли ҳєм мен сизлер менен кѳп мақтанаман. Кыйыншылықларымыз кѳп болса да, мен сизлер себепли шексиз қуўаныш алып, жубанышқа бѳлендим.
5. Бизлер Македонияға келгенимизден кейин де денемиз ҳеш тыныш таппай, ҳєр тєреплеме қыйыншылық кѳрдик: сыртта жєнжел, жүрегимизде қорқыныш бар еди.
6. Бирақ, руўхы түскен адамларға жубаныш бериўши Кудай Титустың сизлер беттен қайтып келгени арқалы бизлерге жубаныш берди.
7. Бизлер тек оның қайтып келгени арқалы емес, ал сизлердиң оған берген жубанышыңыз арқалы да жубаныш алдық. Титус бизлерге сизлердиң мени қаншелли сағынғаныңызды, қылған ис-ҳєрекетлериңиз себепли ѳкинип атырғаныңызды ҳєм мени жақлаўға урынып атырғаныңызды айтып бергенде, мен оннан бетер қуўанып кеттим.
8. Мен жазған хатым менен сизлерди қапа қылған болсам да, ѳкинбеймен. Сол хатымның сизлерди аз-маз ўақытқа қапа қылғанын билгенимде, мен ѳкинген едим.
9. Бирақ, енди қуўанып атырман. Мен сизлердиң қапа болғаныңызға емес, ал бул қапашылықтың сизлерди тєўбеге єкелгенине қуўанып атырман. Бул қапашылық Кудайдың қєлеўи бойынша болғанлықтан, сизлер бизлер себепли ҳеш қандай зыян кѳрмедиңлер.
10. Себеби Кудайдың қєлеўи менен берилген қапашылық адамды тєўбеге алып келеди ҳєм адам бул арқалы қутқарылыў алады. Бундай қапашылық ѳкиниў алып келмейди. Бирақ, дүньяның қапашылығы ѳлимге алып барады.
11. Караңлар, Кудайдың қєлеўи менен болған бул қапашылық сизлерде қаншелли инта, ѳз пєклигиңизди дєлиллеўге қатты умтылыў, наҳақлыққа деген күшли ғєзеп, қаншелли қорқыныш, маған деген соншелли сағыныш, қаншелли талпыныў ҳєм айыпкер адамды жазалаўға күшли тилек оятты. Сизлер сол исте ѳзлериңиздиң ҳєр тєреплеме пєк екениңизди кѳрсеттиңиз.
12. Сизлерге буннан алдыңғы хатты жазғанымда, наҳақлық ислеген адам ямаса наҳақлықтан жєбир кѳрген адам себепли жазған жоқпан. Ал, сизлердиң бизлерге деген ықласыңыздың Кудай алдында аян болыўы ушын жазған едим.
13. Бизлер булардың ҳєммеси арқалы жубаныш таптық. Жубанышымызға қосымша Титустың қуўанышы бизлерди оннан да кѳбирек қуўандырды. Ѳйткени сизлердиң ҳєммеңиз оның руўхын кѳтерипсиз.
14. Мен сизлерди оның алдында мақтаған едим, сизлер мени уятқа қалдырмадыңлар. Сизлерге айтқан ҳєр бир сѳзимиз ҳақыйқат болғаны сыяқлы, сизлерди Титусқа айтып мақтаған сѳзлеримиз де ҳақыйқат болып шықты.
15. Ол ҳєммеңиздиң сѳзге бойсынатуғыныңызды, ѳзин ҳүрмет ҳєм иззет пенен қабыл алғаныңызды еске алып, оның сизлерге деген сүйиспеншилиги жєне де артып атыр.
16. Солай етип, мен сизлерге ҳєр бир исте исене алатуғыным себепли қуўанаман.
1. Туўысқанлар, бизлер сизлерге Кудайдың Македониядағы исениўши жємєєтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди.
2. Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толып, жүдє кємбағал болса да, шексиз сақыйлық кѳрсетти.
3. Жағдайлары кѳтергенше, ҳєтте, жағдайларынан артық дєрежеде олардың ѳз қєлеўи менен сақыйлық кѳрсеткенине мен ѳзим гүўалық беремен.
4. Олар Яҳудиядағы исениўшилерге берилетуғын жєрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды ѳтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди.
5. Олар бизлер үмит еткенимизден де зыят берип, Кудайдың қєлеўи менен ѳзлерин бириншиден Ийемизге, соңынан бизлерге бағышлады.
6. Сонлықтан бурын сизлердиң араңызда бул қайырлы исти баслаған Титустан оны жуўмақлаўын ѳтиндик.
7. Сизлер Масихқа деген исенимде, Кудайдың сѳзин сѳйлеўде, ҳақыйқатты билиўде, инта менен хызмет етиўде, бизлерге деген сүйиспеншиликте, улыўма ҳємме нєрседе үстинсиз. Сол сыяқлы, бул қайырлы исте де сизлердиң үстин болыўыңызды қєлеймиз.
8. Буны буйрық ретинде айтып атырған жоқпан. Ал, басқа жємєєтлердиң интасы ҳаққында айтып, сизлердиң сүйиспеншилигиңиздиң ҳақыйқыйлығын сынап кѳрип атырман.
9. Себеби сизлер Ийемиз Ийса Масихтың мийримин билесизлер: Ол Ѳзи бай бола тура, сизлер ушын бул дүньяда жарлы болды. Оның жарлылығы менен сизлер руўхый байлыққа ийе болдыңыз.
10. Бул бойынша мен сизлерге бир пайдалы кеңес беремен. Сизлер ѳткен жылы ѳз қєлеўиңиз бенен жєрдем ақшаны жыйнаўды биринши болып баслаған едиңлер.
11. Енди сол исти ақырына дейин жеткизгениңиз мақул. Солай етип, баста қандай инта менен баслаған болсаңыз, сондай инта менен жуўмақлаўға қолларыңыздан келгенше тырысыўыңыз тийис.
12. Егер сизлер ѳзлериңизде бар нєрсени инта менен берсеңиз, Кудай оны ырзашылық пенен қабыл етеди. Бирақ, Ол сизлерде жоқ нєрсени талап етпейди.
13. Басқалардың аўҳалын жеңиллетиў ушын сизлерге аўырманлық салыў керек, демекши емеспен. Ал теңлик болыўы керек, демекшимен.
14. Ҳєзирги сизлердеги молшылық олардың жетпей турған нєрсесин толықтырады. Ал соңынан олардағы молшылық сизлердеги жетпей турған нєрсени толықтырады. Солай етип, теңлик болады.
15. Мухаддес Жазыўда: «Кѳп жыйнаған адамның артық нєрсеси, аз жыйнаған адамның кем нєрсеси болмады», – деп айтылғандай болады.
16. Мениң кеўлимдеги сизлерге деген интаны Титустың да кеўлине салған Кудайға шүкирлер болсын!
17. Ѳйткени ол тек бизлердиң ѳтинишимиз бойынша емес, ал ѳзинде сизлерге деген терең инта болғанлықтан, ѳз қєлеўи менен сизлерге баратыр.
18. Оның менен бирге бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Ол Хош Хабарды жєриялаў бойынша барлық исениўши жємєєтлер тєрепинен мақтаўға ерискен адам.
19. Буның үстине, бул туўысқанымызды бизлер ислеп атырған усы қайырлы хызметте жолдас болсын деп, исениўши жємєєтлер сайлап қойған еди. Бизлер Ийемиздиң даңқы ушын ҳєм жєрдем бериўге инталы екенимизди кѳрсетиўимиз ушын усы қайырлы хызметти ислеп атырмыз.
20. Кѳп ақшалар менен байланыслы болған бул хызметимизде бизлерди ҳеш ким айыплай алмаўы ушын, бизлер сақлық пенен ис тутып атырмыз.
21. Себеби бизлер тек Ийемиздиң нєзеринде емес, ал адамлардың нєзеринде де дурыс болған нєрсени ислеўге тырысып атырмыз.
22. Бизлер жаңағы туўысқанларымыз бенен бирликте жєне бир туўысқанымызды да жиберип атырмыз. Бул туўысқанымызды талай мєртебе ҳєм ҳєр түрли жағдайларда сынап, оның инталы екенин кѳрдик. Енди оның сизлерге деген исеними күшейгенликтен, интасы да артып атыр.
23. Титусқа келсек, ол мениң шеригим ҳєм сизлер ушын мениң менен бирге мийнет ететуғын хызметши. Оның қасындағы еки туўысқанымыз – исениўши жємєєтлердиң ўєкиллери ҳєм Масихқа даңқ келтиретуғын адамлар.
24. Солай етип, сизлер бул адамларға деген сүйиспеншилигиңизди дєлиллеңлер. Бул арқалы оларды жиберген исениўши жємєєтлерге бизлердиң сизлер менен мақтанатуғынымыздың дурыс екенин кѳрсетиңлер.
1. Яҳудиядағы исениўшилерге жиберилетуғын бул жєрдемге байланыслы сизлерге жазыўдың ҳєжети жоқ.
2. Ѳйткени сизлердиң жєрдемге таяр екенлигиңизди билемен. «Ахая үлкесиндегилер ѳткен жылдан бери таяр», – деп мен Македониядағылар алдында сизлер менен мақтанып жүрмен. Сизлердиң интаңыз олардың кѳбисин ҳєрекетке келтирди.
3. Бул нєрседе сизлер менен мақтанғаным босқа шықпасын деп ҳєм ѳзим айтқанымдай, сизлерди таяр турасыз деп, усы туўысқанларымызды сизлерге жиберип атырман.
4. Себеби айырым македониялылар мениң менен бирге сизлерге барып, сизлердиң таяр емес екенлигиңизди кѳрсе, сизлерге қатты исенген бизлер уятқа қаламыз, сизлер де сѳзсиз уятқа қаласыз.
5. Сонлықтан мен усы туўысқанларымыздан ѳзимнен бурын сизлерге барыўды ҳєм сизлердиң ўєде еткен жєрдемиңизди алдын ала таярлап қойыўды ѳтиниш еткеним дурыс деп ойладым. Солай етип, сизлер беретуғын бул жєрдем мєжбүрий түрде берилген салықтай емес, ал ыразылық пенен берилген сыйдай болсын.
6. Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам кѳп орады.
7. Ҳєр бир адам қыйналып ямаса мєжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Ѳйткени Кудай ыразы болып берген адамды сүйеди.
8. Жєне де, Кудай сизлерди мол мийрим менен байытыўға қүдиретли. Солай етип, барлық ўақытта ҳємме нєрсеңиз жетерли болып, ҳєр қандай жақсы иске бай боласызлар.
9. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда былай делинген: «Ол ѳзиникин сақыйлық пенен тарқатып, жарлыларға берди, Оның ҳақлығы мєңгиге бар болады».
10. Дийханға себиў ушын туқым, жеў ушын нан беретуғын Кудай сизлердиң сақыйлық пенен еккен егиниңиздиң зүрєєтин мол қылып береди ҳєм ҳақлығыңыздың жемисин арттырады.
11. Аўа, Кудай сизлерди ҳєр тєреплеме байытады. Солай етип, сизлер сақый боласызлар ҳєм бизлер сизлердиң сақыйлық пенен берген сыйларыңызды апарғанымызда, алған адамлар Кудайға шүкирлик билдиреди.
12. Сизлердиң бул хызметиңиз тек Яҳудиядағы исениўшилердиң мүтєжликлерин толықтырып қоймай, кѳп адамлардың Кудайға шексиз шүкирлик айтыўына себеп болады.
13. Сизлердиң бул хызметиңиз себепли, олар Кудайға алғыслар айтады. Себеби сизлердиң бул хызметиңиз ѳзлериңиз мойынлаған Масихтың Хош Хабарына бойсынатуғыныңызды, Яҳудиядағы мухаддеслер ҳєм кѳп басқа адамлар менен сақыйлық пенен бѳлисип атырғаныңызды дєлиллейди.
14. Жєне де, Кудайдың сизлерге берген мол мийрими себепли, Яҳудиядағылар сизлерди кѳриўди єрман етип, сизлер ушын дуўа етеди.
15. Сѳз бенен тєрийиплеп жеткизиў қыйын болған Кудайдың сыйы, яғный Оның Улы ушын Кудайға шүкирлер болсын!
1. «Бизлер менен бирге болған ўақтында жуўас, бирақ арамызда болмаған ўақтында қатал», – деп айырымларыңыз сѳз қылатуғын мен, Павел, Масихтың мүлєйимлилиги ҳєм сабырлылығы менен сизлерден ѳтинемен:
2. сизлерге барғанымда, ѳзимди қатал тутыўға мєжбүр қылмаңлар. Ѳйткени бизлерди бул дүньядағы адамлар сыяқлы денесиниң қєлеўи бойынша жасап атыр, деп санайтуғын гейбиреўлерге қарсы қатал боламан деген нийетим бар.
3. Бизлер дүньяда жасап атырған болсақ та, дүньяның жолы менен урыспаймыз.
4. Бизлердиң урысымыздың қураллары дүньяға тийисли қураллар емес, ал душпанның беккем қорғанларын қыйрататуғын Кудайдың қүдиретине ийе болған қураллар.
5. Сол қураллар менен сандырақ сѳзлерди ҳєм Кудайды билиўге тосқынлық қылатуғын ҳєр қандай менменликти жоқ қыламыз, Масихқа бойсынбайтуғын ҳєр бир ой-пикирди Масихқа тутқын етип бойсындырамыз.
6. Сизлер Масихқа толық бойсынғаныңызда, Оған бойсынбаған араңыздағы ҳєр бир адамды жазалаўға таярмыз.
7. Сизлер тек сыртқы кѳриниске қарап баҳа бересизлер. Егер ким де ким ѳзиниң Масихқа тийисли екенине исенсе, онда ол бизлердиң де Масихқа тийисли екенимизди билсин.
8. Ийемиздиң бизлерге берген бийлиги менен бираз кѳбирек мақтансам да, уялмайман. Бул бийлик сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын берилген.
9. Мен хатларым менен сизлерди қорқытып атырғандай болып кѳрингим келмейди.
10. Себеби гейбиреўлер: «Хатларында ол қатал ҳєм күшли, бирақ жүзбе-жүз кѳрискенимизде ҳєлсиз ҳєм сѳзге де шебер емес», – дейди екен.
11. Бирақ, бундай адамлар билип қойсын: сизлерден узақта болып, хатларымызда не десек, араңызда болғанымызда да, солай ис тутамыз.
12. Ѳзлерин єҳмийетли етип кѳрсетип атырған айырым адамлар менен ѳзлеримизди теңлестиргимиз ямаса салыстырғымыз келмейди. Олар ѳзлерин ѳз ѳлшемлери менен баҳалайды ҳєм ѳзлерин ѳзлери менен ғана салыстырады. Олар қаншелли ақылсыз!
13. Бирақ, бизлер ҳєдден тыс дєрежеде мақтанбаймыз. Ал, Кудайдың бизлер ушын белгилеген жер шегарасы ишиндеги мийнетимиз бенен мақтанамыз. Бизлердиң араңызда ислеген мийнетимиз де усы жер шегарасы ишинде исленди.
14. Сизлер жасайтуғын жер усы жер шегарасы ишинде жайласқанлықтан, бизлер сизлерге Масихтың Хош Хабарын биринши болып жеткизгенимизде, шегарадан тыс шығып кетпедик.
15. Бизлер басқалардың мийнети менен мақтанып ҳєддимизден аспаймыз. Керисинше, исенимиңиздиң ѳсиўи менен араңыздағы мийнетимиздиң кѳлеми кеңейе бериўинен үмит етемиз.
16. Солай етип, бизлер Хош Хабарды сизлерден узағырақ жерлерге жєриялай аламыз. Ѳйткени басқаның ислеген хызмети менен мақтаныўды қєлемеймиз.
17. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Мақтанатуғын адам Ийемиз бенен мақтансын».
18. Себеби ѳзин ѳзи мақтаған адам емес, ал Ийемиз мақтаған адам ҳақыйқаттан қєдирлениўге ылайықлы.
1. Мениң бираз ақылсыз адамдай болып енди айтатуғын сѳзлериме сизлердиң шыдаўыңызды қєлер едим. Аўа, мен сизлерден усыны ѳтиниш етемен!
2. Сизлерди Кудайдың қызғанышы менен қызғанаман. Ѳйткени мен сизлерди бир пєк қыз сыяқлы жалғыз күйеўге, яғный Масихқа усынып, Оған некеледим.
3. Бирақ, жыланның Ҳаўа-енени ҳийлекерлик пенен алдағанындай, сизлердиң ақыл-ойларыңыздың да бузылып, Масихқа деген ҳақыйқый ҳєм пєк садықлықтан аўып кетиўинен қорқаман.
4. Себеби биреў келип, бизлер жєриялаған Ийсаны басқаша қылып жєриялағанда, сизлер исенесизлер. Жєне де, ѳзлериңиз алған Мухаддес Руўхтан басқа бир руўхты ҳєм ѳзлериңиз қабыл еткен Хош Хабардан басқа бир «хош хабарды» аңсат қабыл етесизлер.
5. Сизлер «мєртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан мен ѳзимди ҳеш бир нєрседе кем санамайман!
6. Мен сѳзге шебер болмасам да, билимим жеткиликли. Буны сизлерге ҳєр қандай жағдайда ҳєм ҳєр тєреплеме ашық кѳрсеттик.
7. Сизлердиң мєртебели болыўыңыз ушын, мен ѳзимди пєс қойып, Кудайдың Хош Хабарын сизлерге ешейин жєрияладым. Мениң усылай ислегеним гүна ма?
8. Сизлерге хызмет етиў ушын, мен басқа исениўши жємєєтлерден ақшалай жєрдем алып, оларды тонағандай болдым.
9. Араңызда болған ўақтымда мүтєжлигим болса да, ҳеш бириңизге аўырманлық салмадым. Ѳйткени Македониядан келген туўысқанларымыз мүтєжликлеримниң орнын толтырды. Мен сизлерге ҳеш бир нєрседе аўырманлық салмаўға тырыстым ҳєм буннан былай да тырыса беремен.
10. Ѳзимдеги Масихтың ҳақыйқаты менен билдиремен: Ахая үлкесиндеги ҳеш бир адам мениң усы мақтаныўымды тоқтата алмайды.
11. Мен не себептен усылай ислеп атырман? Сизлерди сүймегеним себепли ме? Мениң сизлерди сүйетуғынымды Кудай биледи.
12. Ѳзлерин бизлерге теңлестирмекши болып мақтанып атырған сол адамларға жол бермеў ушын, мен сизлерге аўырманлық салмадым ҳєм солай ислеўди даўам ете беремен.
13. Себеби жалған елшилер ҳєм ѳтирик жумысшылар болған бундай адамлар ѳзлерин Масихтың елшилери қылып кѳрсетеди.
14. Бирақ, бул таң қаларлық нєрсе емес. Шайтан да ѳзин нур периштеси қылып кѳрсетеди-ғо.
15. Сонлықтан оның хызметшилериниң ѳзлерин ҳақыйқаттың хызметшилери қылып кѳрсетиўи де таң қаларлық нєрсе емес. Кудай ақырында бундай адамларға ислеген ислерине қарай ылайықлы жаза береди.
16. Мен жєне тєкирарлап айтаман: ҳеш ким мени ақылсыз деп санамасын. Егер сизлер ақылсыз деп санасаңыз, мени ҳеш болмаса ақылсыз адам сыпатында қабыл етиңлер, сонда мен де аз-маз мақтанайын.
17. Сѳйлеп атырған сѳзлеримди Ийемиздиң басқарыўында айтып атырған жоқпан, ал ѳзине исенетуғын ақылсыз мақтаншақтай болып айтып атырман.
18. Кѳплер ѳзлери менен дүньяның кѳз қарасы бойынша мақтанғанлықтан, мен де мақтанажақпан.
19. Сизлер ѳзлериңизди сондай ақыллымыз деп санап турып, ақылсызларға жан-жан деп шыдайсызлар!
20. Биреў сизлерди қул қылса да, ҳақыңызды жесе де, таласа да, ѳзин сизлерден жоқары тутып, үстемлик етсе де ямаса бетиңизге шапалақ пенен урса да шыдайсызлар.
21. Бирақ, сизлердиң ойыңыз бойынша ҳєлсиз болып есапланған бизлер бундай ислерди ислеўге уяламыз! Деген менен, биреўдиң не менен болса да мақтаныўға батылы барса, мениң де мақтаныўға батылым жетеди. Мен буны ақылсыз адам сыяқлы айтып атырман.
22. Сол жалған елшилер яҳудиймиз дей ме? Мен де яҳудиймен. Олар израиллылармыз дей ме? Мен де израиллыман. Олар Ибрайымның урпағымыз дей ме? Мен де Ибрайымның урпағыман.
23. Олар Масихтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масихқа олардан гѳре кѳбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда кѳбирек мийнет еттим, кѳп мєртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳєм талай мєртебе ѳлим менен жүзбе-жүз ушырастым.
24. Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим.
25. Үш мєртебе таяқ жедим, бир мєртебе тас пенен урды. Үш мєртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим.
26. Кѳп мєртебе сапарға шыққанымда, қєўип астында болдым: дєрьялардағы суў тасқыны себепли, қарақшылар себепли, ѳз миллетимниң адамлары себепли ҳєм басқа миллет адамлары себепли, жєне қалада, шѳлде, теңизде ҳєм жалған туўысқанлар себепли қєўип-қєтерге ушырадым.
27. Аўыр мийнет етип, қыйыншылық кѳрдим. Кѳп түнлерди уйқысыз ѳткиздим, ашлық ҳєм шѳлди басымнан кеширдим. Талай мєртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым.
28. Булардың ҳєммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жємєєтлердиң ғам-тєшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады.
29. Кайсы дєрменсизлер менен, мен бирге дєрменсизленбедим? Кайсы азғырылған адам ушын, мен күйип-жанбадым?
30. Сизлер мени мақтаныўға мєжбүр еткениңиз себепли, мен ҳєлсизлигимди кѳрсеткен нєрселер менен мақтанаман.
31. Ийемиз Ийсаның Єкеси, мєңгиге алғысланатуғын Кудай биледи: мен ѳтирик сѳйлеп атырған жоқпан.
32. Мен Дамаск қаласында болғанымда, Аретас патшаның қол астындағы бир ҳєким қала дєрўазасын қараўыллатып, мени қолға алмақшы болды.
33. Бирақ, исениўши туўысқанларымыз мени себетке салып, қала дийўалындағы терезеден түсирип жиберди ҳєм мен усылай етип оның қолынан қашып қутылдым.
1. Мақтаныўдың ҳеш қандай пайдасы жоқ болса да, енди мен Ийемиз кѳрсеткен кѳринислер ҳєм аянлар ҳаққында айтпақшыман.
2. Мен Масихқа исенетуғын бир адамды таныйман. Ол буннан он тѳрт жыл бурын үшинши аспанға кѳтерилип єкетилген еди. Ол сол ўақытта денеде болды ма ямаса денеден шығып руўхта болды ма, мен буны билмеймен, Кудай биледи.
3. -
4. Бул адам ҳаққында мынаны билемен: ол жєннетке кѳтерилип апарылды. Ол сол жерде айтып жеткизиў мүмкин болмаған ҳєм адам баласына айтыўға рухсат етилмеген сѳзлерди еситти. Бирақ, ол денеде болды ма ямаса денеден шығып, руўхта болды ма билмеймен, буны Кудай биледи.
5. Мен усындай адам менен мақтанаман. Бирақ, ѳзиме келсем, тек ѳзимдеги ҳєлсизликтен басқа ҳеш нєрсем менен мақтанбайман.
6. Мақтаныўды қєлеген жағдайымда да мен ақылсыз болмайман. Ѳйткени мен ҳақыйқатты айтып атырман. Бирақ, ҳеш ким мен туўралы ҳєдден тыс жоқары пикирге ийе болмай, мени тек меннен еситкенлери ямаса кѳргенлери бойынша баҳалаўы ушын, мен ѳзимди мақтаныўдан тыйып атырман.
7. Кудайдың маған берген єжайып аянлары себепли ѳзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр.
8. Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мєртебе жалбарынған едим.
9. Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳєлсизлик арқалы толық кѳрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масихтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳєлсизликлериме еле де кѳбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен.
10. Сол себептен Масих ушын ҳєлсизликлерге, масқараланыўға, мүтєжликлерге, қуўдаланыўға ҳєм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Ѳйткени мен қашан ҳєлсиз болсам, сонда күшлимен.
11. Мен мақтанып, ақылсыз адам болып кѳриндим. Бирақ мени буған сизлер мєжбүр еттиңиз-ғо. Негизинде мени сизлер мақтаўыңыз керек еди. Себеби мен ҳеш ким болмасам да, сизлер «мєртебели елшилер» деп атайтуғын сол адамлардан ҳеш қандай кемшилигим жоқ.
12. Мениң Кудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дєлиллейтуғын кѳп белгилер, таң қаларлық ислер ҳєм кєраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен кѳрсетилди.
13. Сизлерден ақшалай жєрдем сорап, ѳз аўырманлығымды салмағаным себепли, басқа исениўши жємєєтлерден сизлерди кем кѳргендей болдым ба? Егер мени қєте иследи деп ойласаңыз, мени кешириң!
14. Минекей, мен сизлерге үшинши мєртебе келиўге таярман. Бирақ, мен сизлерге аўырманлық салмайман. Маған сизлердиң мал-мүлкиңиз емес, ал сизлердиң ѳзлериңиз керексиз. Ѳйткени балалар ата-анасы ушын емес, ал ата-ана балалары ушын мал-мүлик жыйнаўы тийис.
15. Сол сыяқлы мен де сизлер ушын ѳзимде бар ҳємме нєрсени, ҳєтте, ѳз жанымды да бериўге қуўанышлы түрде таярман. Мен сизлерди соншелли сүйсем де, сизлердиң мени азырақ сүйиўиңиз дурыс болмайды.
16. Мениң сизлерге аўырманлық салмағанымды сизлер де тастыйықлайсызлар. Бирақ, гейбир адамлардың айтыўы бойынша, мен ҳийлекер адам болғаным себепли, сизлерди алдаў жолы менен қолға киргизген қусайман.
17. Деген менен, ѳзим сизлерге жиберген адамлардың бири арқалы болса да, сизлердиң есабыңыздан пайдаландым ба?
18. Мен Титустан сизлерге барыўды ѳтинип, оның менен бирге басқа бир туўысқанымызды да жиберген едим. Титус сизлердиң есабыңыздан пайдаланған ба еди? Єлбетте, яқ. Себеби бизлер бир руўх пенен ис-ҳєрекет етип, бир жол менен жүремиз-ғо.
19. Бизлерди усы ўақытқа дейин алдыңызда ақланып киятыр деп ойлап атырсыз ба? Яқ, олай емес. Бизлер Масихқа тийисли адамлар сыпатында Кудай алдында сѳйлеп турмыз. Сүйикли туўысқанларым, бизлер не ислейтуғын болсақ та, ҳєр бир нєрсени сизлердиң руўхый беккемлениўиңиз ушын ислеймиз.
20. Ѳйткени мен сизлерге барған ўақтымда, сизлерди ѳзим қєлегендей емес аўҳалда кѳремен бе деп ҳєм сизлер де мени ѳзлериңиз күтпеген аўҳалда кѳресиз бе деп қєўетердемен. Сизлерге барғанымда, араңызда жєнжел, күншиллик, ғєзеп, даў, жала, ѳсек, менменлик ҳєм тєртипсизлик бар екенин кѳриўден қорқаман.
21. Тағы да, сизлерге жєне барғанымда, Кудайдың мени сизлер себепли уялтыўынан, бурын гүна ислеп, ѳзлериниң ҳарамылығы, бузықшылығы ҳєм жүўенсизлиги ушын тєўбе етпеген кѳп адамлар ушын кѳз жасымды тѳгиўден қорқаман.
1. Мен сизлерге үшинши мєртебе баражақпан. Мухаддес Жазыўда айтылғандай: «Ҳєр бир ис еки ямаса үш адамның гүўалығы тийкарында қаралады».
2. Буннан алдын араңызда екинши мєртебе болғанымда ескерткен едим. Енди ҳєзир сизлерден узақта болғанымда да тєкирарлап ескертип атырман: мен сизлерге жєне барғанымда, бурын гүна ислегенлердиң де, басқа ҳємме адамлардың да ҳеш бирин аямайман!
3. Себеби сизлер Масихтың мен арқалы сѳйлейтуғынына дєлил излейсизлер. Масих сизлерге деген ис-ҳєрекетинде ҳєлсиз емес, Ол сизлердиң араңызда Ѳз қүдиретин кѳрсетеди.
4. Ол ҳєлсиз болып атанақ ағашқа шегеленсе де, ҳєзир Кудайдың қүдирети менен жасап атыр. Масих пенен қатнаста болған бизлер де ҳєлсиз болсақ та, Оның менен бирге Кудайдың қүдирети арқалы сизлердиң пайдаңыз ушын жасаймыз.
5. Исенимде турған я турмағаныңызды билиўиңиз ушын, ѳз-ѳзиңизди сынап кѳриңлер. Ийса Масихтың ишиңизде екенлигин билмейсизлер ме? Егер билмесеңиз, сынаўдан ѳте алмай жығылған болар едиңиз.
6. Бизлердиң сынаўдан ѳткенимизди билетуғыныңыздан мен үмит етемен.
7. Ҳеш қандай жаманлық ислемеўиңизди сорап, бизлер Кудайға дуўа етемиз. Бундағы мақсетимиз ѳзлеримиздиң сынаўдан ѳткенимизди кѳрсетиў емес, ал бизлер сынаўдан ѳтпеген болып кѳринсек те, сизлердиң жақсылық ислеўиңизден ибарат.
8. Ѳйткени бизлер ҳақыйқатқа қарсы ҳеш нєрсе ислей алмаймыз, ал тек ҳақыйқат ушын ҳєрекет етемиз.
9. Ѳзлеримиз ҳєлсиз, ал сизлер күшли болсаңыз, бизлер қуўанамыз. Бизлер сизлердиң туўрыланып, жетилисип барыўыңыз ушын да дуўа етемиз.
10. Сонлықтан сизлерге келген ўақтымда Ийемиздиң маған берген бийлиги менен қаталлық қолланыўға мєжбүр болмаўым ушын, бул нєрселерди араңызда болмаған ўақтымда жазып атырман. Мен бул бийликти сизлерди қулатыў ушын емес, ал тиклеў ушын алғанман.
11. Кулласы, туўысқанларым, хош болыңлар. Жетилисип барыңлар, мениң айтқанларыма қулақ асыңлар, бир ой-пикирли болыңлар ҳєм татыўлықта жасаңлар. Сүйиспеншилик ҳєм тынышлық тийкары болған Кудай сизлер менен бирге болады.
12. Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип сєлемлесиңлер. Барлық исениўшилер сизлерге сєлем айтып атыр.
13. Ийемиз Ийса Масихтың мийрими, Кудайдың сүйиспеншилиги ҳєм Мухаддес Руўхтың шериклиги ҳєммеңизге яр болсын!