Инжил Каракалпак

Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян

1. Бул – тез арада жүз бериўи керек болған ўақыяларды Ѳз хызметшилерине билдириў ушын Кудайдың Ийса Масихқа берген аяны. Ал Ол Ѳз периштесин жиберип, бул аянды хызметшиси Юханға билдирди.
2. Юхан Кудайдың сѳзин ҳєм Ийса Масихтың гүўалығын, яғный ѳзи кѳрген нєрселериниң ҳєммесин баян етти.
3. Бул пайғамбаршылық сѳзлерди оқыйтуғын ҳєм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы! Себеби бул ўақыялардың болатуғын ўақты жақын.
4. Мен, Юханнан, Азия үлкесиндеги жети жємєєтке сєлем! Ҳєзир бар, бурыннан бар болған, келешекте де бар болатуғын ҳєм келетуғын Кудайдан,
5. Оның тахты алдында турған жети руўхтан, исенимли гүўа болған, ѳлилер арасынан биринши болып тирилген ҳєм жер жүзи патшаларының Ҳүкимдары болған Ийса Масихтан мийрим ҳєм тынышлық сизлерге берилсин! Ийса Масих бизлерди сүйип, Ѳз қаны менен бизлерди гүналарымыздан азат қылды
6. ҳєм бизлерди Ѳз Патшалығына еристирип, Єкеси Кудайдың хызметиндеги руўханийлери етти. Уллылық ҳєм қүдирет мєңгиге Оныки болсын! Аўмийин.
7. «Мине, Ол бултлар менен келмекте! Ҳєр бир кѳз Оны кѳреди, Оның денесин тескенлер де кѳреди. Жер жүзиниң барлық халықлары, Ол себепли ѳкирип жылайды». Аўа, усылай болады, аўмийин.
8. Ҳєзир бар, бурыннан болған, келешекте де бар болатуғын ҳєм келетуғын, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз былай дейди: «Мен – Альфа ҳєм Омегаман».
9. Мен, Ийсаның қайғы-ҳєсиретине, патшалығына ҳєм сабырлығына сизлер менен бирге шерик болған туўысқаныңыз Юхан, Кудайдың сѳзин ҳєм Ийса ҳаққында жєриялағаным ушын Патмос атлы атаўға сүргин етилген едим.
10. Ийемиздиң күнинде, мени Мухаддес Руўх басқарып турғанда, арқамнан кєрнайдың даўысына уқсаған бєлент бир даўысты еситтим.
11. «Кѳрип турғанларыңды китапқа жаз ҳєм жети жємєєтке, яғный Ефес, Смирна, Пергам, Тиатира, Сардис, Филадельфия ҳєм Лаодикияға жибер», – деди даўыс.
12. Сѳйлеп турғанды кѳриў ушын, мен арқама бурылдым. Бурылып, жети алтын шыра қойғышты кѳрдим.
13. Олардың ортасында үстине узынлығы аяғына түсетуғын кийим кийген, кѳкирегине алтын ѳңирше байлаған Адам Улына уқсаған биреў тур еди.
14. Оның басы ҳєм шашлары ақ жүн сыяқлы, қардай аппақ еди. Кѳзлери болса, оттың жалынындай жарқырап турған еди.
15. Оның аяқлары пеште қыздырылған жылтырақ қолаға уқсаған болып, даўысы сарқырап аққан суўдың сестиндей еди.
16. Ал оң қолында жети жулдыз бар болып, аўзынан еки жүзли ѳткир қылыш шығып турған еди. Жүзи күшли жарқырап турған қуяштай еди.
17. Мен Оны кѳриўден-ақ, ѳли сыяқлы аяқларына жығылдым. Ал Ол оң қолын үстиме қойып, былай деди: – Корқпа! Мен – биринши ҳєм соңғыман.
18. Мен тиримен. Ѳлген едим, бирақ, мине, мєңгиге тиримен. Ѳлимниң ҳєм ѳлилер мєканының гилтлери Мениң қолымда.
19. Сонлықтан кѳргенлериңди, ҳєзир жүз берип атырған нєрселерди ҳєм буннан соң болатуғынларды жаз.
20. Оң қолымда сен кѳрген жети жулдыздың ҳєм жети алтын шыра қойғыштың сыры мынаў: жети жулдыз – жети жємєєттиң жетекшилери, жети шыра қойғыш – жети жємєєт.
1. – Ефес жємєєтиниң жетекшисине жаз. Оң қолына жети жулдыз услаған, жети алтын шыра қойғыштың ортасында жүретуғын былай дейди:
2. «Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳєм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, ѳзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳєм олардың ѳтирикши екенин билип алдың.
3. Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳєм шаршамадың.
4. Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың.
5. Солай етип, не нєрседе алжасқаныңды есиңе түсир! Тєўбе қылып, дєслепки ислериңди даўам ет. Егер тєўбе қылмасаң, саған келип, шыра қойғышыңды орнынан алып таслайман.
6. Деген менен, сенде бир унамлы қєсийет бар: сен Николас уйымының ислерин жек кѳресең. Оларды Мен де жек кѳремен.
7. Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққанға Кудайдың жєннетиндеги ѳмир терегиниң мийўесин жеў ҳуқықын беремен».
8. – Смирна жємєєтиниң жетекшисине жаз. Ѳлип, ѳлимнен қайта тирилген, биринши ҳєм соңғы болған былай дейди:
9. «Сениң қайғы-ҳєсиретиңди ҳєм кємбағаллығыңды билемен. Бирақ, сен байсаң. Ѳзлерин яҳудийлермиз дейтуғынлардың сени масқаралап айтқан сѳзлерин де билемен. Бирақ олар яҳудий емес, ал шайтан жыйыны.
10. Басыңа түсетуғын қыйыншылықлардан қорқпа! Мине, шайтан сизлерди сынаў ушын араңыздағы базыларыңызды қамаққа таслайды. Он күн азап шегесизлер. Ѳлиўге туўра келсе де, Маған садық қал, сонда Мен саған ѳмир тажын беремен.
11. Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққан екинши ѳлимнен ҳеш қандай зєлел кѳрмейди».
12. – Пергам жємєєтиниң жетекшисине жаз. Еки жүзли ѳткир қылышқа ийе болған былай дейди:
13. «Шайтанның тахты турған жерде жасайтуғыныңды билемен. Атыма садық екениңди де билемен. Ҳєтте, садық гүўам Антипа араңызда, шайтан отырған жерде ѳлтирилген күнлерде де сен Маған деген исенимиңнен қайтпадың.
14. Бирақ, саған бираз қарсылығым бар: араңызда Балаам тєлийматын тутыўшылар бар. Бутқа сойылған қурбанлық гѳшин жеўге ҳєм бузықшылық қылыўға үйретиў ушын, Балаам Балакқа Израил халқын жолдан урыўды үгитлеген еди.
15. Сол сыяқлы, сизлердиң араңызда Николас уйымының тєлийматын тутыўшылар да бар.
16. Бул ушын тєўбе қыл! Болмаса, тез жаныңа келип, оларға қарсы аўзымдағы қылыш пенен урысаман.
17. Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин. Жеңип шыққанға сырлы манна ҳєм бир ақ тас та беремен. Бул тастың үстине жаңа ат жазылған. Атты тасты алған адамнан басқа ҳеш ким билмейди».
18. – Тиатира жємєєтиниң жетекшисине жаз. Кѳзлери лаўлап жанған отқа, аяқлары жылтыраған қолаға уқсаған Кудайдың Улы былай дейди:
19. «Сениң ислериңди, сүйиспеншилигиңди, исенимиңди, хызметиңди ҳєм сабырлылығыңды билемен. Соңғы ислериңниң биринши исенген ўақтыңдағы ислериңнен кѳбирек екенин де билемен.
20. Деген менен, саған бир қарсылығым бар: ѳзин пайғамбар деп атаған Изабел атлы ҳаялға жол қойып атырсаң. Бул ҳаял хызметшилеримди жолдан урып, бузықшылық ислеўге ҳєм бутларға сойылған қурбанлық гѳшин жеўге үйретпекте.
21. Тєўбе етиўи ушын оған мєўлет берген едим. Бирақ ол бузықшылығы ушын тєўбе етиўди қєлемейди.
22. Мине, Мен оны кеселлик тѳсегине қулатаман. Оның менен бузықшылық ислейтуғынларды да оның менен биргеликте ислеген жаман ислери ушын тєўбе етпесе, үлкен қайғы-ҳєсиретке дуўшар етемен.
23. Оның изине ергенлерди де ѳлимге дуўшар етемен. Сонда пүткил жємєєтлер Мениң кеўил ҳєм жүреклерди сынаўшы екенимди билип алады. Ҳєр бириңизге ислериңизге қарай қайтараман.
24. Бирақ, Тиатирадағы басқаларға, яғный сол ҳаялдың тєлийматын тутпай, „шайтанның тєлийматының терең сырларын“ үйренбеген сизлерге айтатуғыным мынаў:
25. „Мен келемен дегенше, ѳзлериңизде бар болғанларға беккем болыңлар“. Сизлерге буннан басқа аўырманлық салмайман.
26. Жеңип шығып, Мениң буйырғанларымды ақырына дейин орынлағанға миллетлер үстинен бийлик беремен.
27. „Ол оларды темир таяқ пенен басқарып, Ылай ыдыс сыяқлы сындырып таслайды“. Єкемнен Мен алған усындай бийликти ол да алады.
28. Жеңип шыққанға таң жулдызын да беремен.
29. Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
1. – Сардис жємєєтиниң жетекшисине жаз. Кудайдың жети руўхына ҳєм жети жулдызына ийе болған былай дейди: «Сениң ислериңди билемен. Тири жємєєт деген атың бар, бирақ сен ѳлисең.
2. Сергек бол! Еле ѳлмей қалған, енди ѳлейин деп атырғанларды беккемле. Себеби Кудайымның алдында сениң ислериңниң жеткиликсиз екенлигин кѳрдим.
3. Сонлықтан ѳзиң қабыл алып еситкен тєлийматыңды есиңе түсир. Оны тутынып, тєўбе ет! Егер сергек болмасаң, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен, саған қашан келетуғынымды билмей қаласаң.
4. Бирақ Сардисте, сизлердиң араңызда, ипласланбаған айырым адамлар бар. Олар ақ кийим кийип, Мениң менен бирге жүреди. Ѳйткени олар усыған ылайықлы.
5. Жеңип шыққан усындай ақ кийим кийеди. Бундай адамның атын Ѳмир китабынан ҳеш қашан ѳширмеймен. Єкемниң ҳєм Оның периштелериниң алдында бул адамның атын ашық тєн аламан.
6. Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
7. – Филадельфия жємєєтиниң жетекшисине жаз. Мухаддес ҳєм ҳақыйқат болған, Даўыттың гилтине ийе, Ол ашса ҳеш ким жаба алмайтуғын, жапса, ҳеш ким аша алмайтуғын былай дейди:
8. «Сениң ислериңди билемен. Мине, сениң алдыңа ҳеш ким жаба алмайтуғын ашық бир қапы қойдым. Күшиң аз болса да сѳзимди орынлап, атымнан ўаз кешпедиң.
9. Кара, шайтанның жыйынынан болғанларды, ѳзлерин яҳудиймиз деп атап, бирақ яҳудий болмаған ѳтирикшилерди саған тапсыраман. Оларды саған келиўге ҳєм сениң аяғыңа бас урыўға мєжбүр етип, оларға Мениң сени сүйетуғынымды кѳрсетемен.
10. Сабырлылық пенен шыда деген буйрығымды орынлағаның ушын, жер жүзинде жасайтуғынларды сынаў мақсети менен пүткил дүнья жүзине келетуғын сынақ ўақтынан Мен де сени сақлайман.
11. Мен жылдам келемен. Тажыңды ҳеш ким алып қоймаўы ушын, ѳзиңде бар нєрсеге беккем бол.
12. Жеңип шыққанды Кудайымның Ибадатханасының сүтини қыламан. Сол адам ол жерден ҳеш қашан шықпайды. Оның үстине Кудайымның атын, Кудайымның қаласының атын, яғный аспаннан, Кудайдың жанынан түсетуғын жаңа Ерусалимниң атын ҳєм Ѳзимниң жаңа атымды жазаман.
13. Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
14. – Лаодикия жємєєтиниң жетекшисине жаз. Аўмийин, садық ҳєм ҳақыйқый гүўа, Кудайдың жаратқанларының Ҳүкимдары былай дейди:
15. «Сениң ислериңди билемен. Сен я суўық, я ыссы емессең. Кєне енди, я суўық, я ыссы болсаң!
16. Сен ыссы да, суўық та емес, ал жыллы болғаның ушын, сени аўзымнан қусып жиберемен.
17. Байман, байыдым, ҳеш нєрсеге мүтєж емеспен, дейсең. Бирақ ѳзиңниң бахытсыз, аянышлы, жарлы, соқыр ҳєм жалаңаш екенлигиңди билмейсең.
18. Сонлықтан Мениң саған айтатуғын мєслєҳєтим мынаў: бай болыўың ушын, Меннен отта тазаланған алтын, жалаңашлығыңның айыбы кѳринбеў ушын ақ кийимлер, кѳриўиң ушын кѳзлериңе сүртетуғын дєри сатып ал.
19. Мен сүйгенлеримниң ҳєммесин єшкара етип, тєрбиялайман. Сол себепли инталы болып, тєўбе ет.
20. Мине, Мен қапы алдында қағып турман. Егер ким де ким даўысымды еситип, қапыны ашса, оның үйине киремен. Мен оның менен, ол Мениң менен бирге аўқат жеймиз.
21. Мен жеңип шығып, Єкем менен бирге Оның тахтына отырғанымдай, жеңип шыққанға да Мениң менен бирге тахтыма отырыў ҳуқықын беремен.
22. Кулағы бар Мухаддес Руўхтың жємєєтлерге айтып атырған сѳзлерин еситсин».
1. Буннан соң, аспанда ашық турған бир қапыны кѳрдим. Мен бурын еситкен даўыс, яғный кєрнай сестине уқсаған сес маған былай деди: «Бул жерге кѳтерил! Мен саған буннан соң болыўы тийис ўақыяларды кѳрсетемен».
2. Сонда мен дєрҳал Мухаддес Руўхқа толып, аспанда бир тахты ҳєм онда Отырғанды кѳрдим.
3. Тахтта Отырғанның кѳриниси яспис, сардис сыяқлы ҳасыл таслардай жарқырап, ал тахтың єтирапын жарқыраған ҳасыл зумрат тасы сыяқлы радуга қоршап турған еди.
4. Тахтың дѳгерегинде басқа жигирма тѳрт тахт болып, бул тахтларда ақ кийимли, басларына алтын таж кийген жигирма тѳрт ақсақал отырған еди.
5. Тахттан шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыс шығып, гүлдирмаманың гүркирегени еситилип турған еди. Ал тахтың алдында жети шыра жанып турған еди. Бул – Кудайдың жети руўхы.
6. Жєне тахтың алдында кристалл сыяқлы шийше теңиз бар еди. Тахттың тѳрт тєрепинде, яғный дѳгерегинде алды-арты кѳзге толған тѳрт мақлуқ турған еди.
7. Олардың бириншиси арысланға, екиншиси бузаўға уқсаған еди. Ал үшиншисиниң жүзи адамның түриндей, тѳртиншиси ушып баратырған бүркит сыяқлы еди.
8. Ҳєр бириниң алты қанаты болып, қанатларының иши-сырты толған кѳз еди. Олар күни-түни тоқтамастан: «Бар болған, ҳєзир бар ҳєм келешекте бар болатуғын ҳєм келетуғын, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз мухаддес, мухаддес, мухаддес!» – дейди.
9. Тѳрт мақлуқ мєңги ѳмир сүретуғын тахтта Отырғанды уллылап, Оған ҳүрмет кѳрсетип шүкирлик билдирген сайын,
10. жигирма тѳрт ақсақал тахтың үстинде отырған мєңги ѳмир Сүретуғынның алдына жығылып, Оған табынды. Олар тажларын тахтың алдына қойып былай деди:
11. «Кудай Ийемиз! Сен даңқ, ҳүрмет ҳєм қүдиретти алыўға ылайықлысаң. Себеби ҳємме нєрсени Сен жаратқансаң. Ҳєммеси Сениң еркиң менен жаратылды ҳєм бар болды».
1. Сонда тахтта Отырғанның оң қолында иши-сырты жазылған, жети мѳр басылып бекитилген бир китапты кѳрдим.
2. Жєне мен бєлент даўыс пенен жєриялап бақырған бир күшли периштени де кѳрдим. Ол жар салып: «Ким бекитилген мѳрлерди бузып, китапты ашыўға ылайықлы?» – деди.
3. Бирақ аспанда да, жерде де, жердиң астында да китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким болмады.
4. Китапты ашып, оның ишине қараўға ылайықлы ҳеш ким табылмағанлықтан, мен қатты жыладым.
5. Сонда ақсақаллардың бири маған: – Жылама! Кара, Яҳуда урыўынан шыққан Арыслан, Даўыттың Урпағы жеңип шықты! Ол бекитилген мѳрлерди бузып, китапты аша алады, – деди.
6. Сол ўақытта мен тѳрт мақлуқ пенен ақсақаллар қоршап турған тахтың ортасында баўызланғанға уқсаған бир Козыны кѳрдим. Козының жети мүйизи ҳєм жети кѳзи бар еди. Бул кѳзлер – Кудайдың пүткил жер жүзине жиберген жети руўхы.
7. Козы жақынлап барып, тахтта Отырғанның оң қолынан китапты алды.
8. Козы китапты алғанда, тѳрт мақлуқ ҳєм жигирма тѳрт ақсақал Оның аяғына жығылды. Ҳєр бириниң қолында тарлы єсбап ҳєм хош ийисли затларға толған алтын кеселер бар еди. Бул хош ийисли затлар мухаддеслердиң дуўаларын билдиреди.
9. Олар жаңа алғыс-мақтаў қосығын айтып былай деди: «Сен китапты алыўға ҳєм бекитилген мѳрлерди бузып ашыўға ылайықлысаң! Ѳйткени Сен Ѳзиңди қурбан еттиң ҳєм ҳєр бир урыў, тил, халық ҳєм миллеттен шыққан адамларды Кудайға арнаў ушын, Ѳз қаныңды тѳгип, олардың тѳлемлерин ѳтедиң.
10. Оларды патшалығыңа еристирип, Кудайдың хызметиндеги руўханийлер қылдың. Олар жер жүзинде ҳєкимлик етеди».
11. Соңынан тахтты, мақлуқларды ҳєм ақсақалларды қоршаған есап-сансыз, мыңлаған, миллионлаған периштелерди кѳрдим ҳєм олардың даўысларын еситтим.
12. Олар даўыслап қосық айтып былай деди: «Баўызланған Козы күш, байлық, даналық, қүдирет, ҳүрмет, даңқ ҳєм алғыс-мақтаўды алыўға ылайықлы».
13. Жєне мен аспандағы, жер жүзиндеги, жердиң астындағы ҳєм теңиздеги пүткил жаратылыстың, олардағы пүткил барлықтың былай деп қосық айтқанын еситтим: «Тахтта отырған ҳєм Козы алғыс-мақтаўға, ҳүрметке, даңққа ҳєм қүдиретке мєңгиге ийе болсын!»
14. Тѳрт мақлуқ: «Аўмийин!» деп жуўап берди, ал жигирма тѳрт ақсақал жерге жығылып табынды.
1. Соңынан мен Козының бекитилген жети мѳрдиң бириншисин бузып ашқанын кѳрдим. Сонда тѳрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим.
2. Мен қарап, бир ақ атты кѳрдим. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, жєне жеңиске ерисиўге атланды.
3. Козы бекитилген екинши мѳрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим.
4. Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин ѳлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди.
5. Козы бекитилген үшинши мѳрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир қара атты кѳрдим. Атқа мингенниң қолында пєлле тєрези бар еди.
6. Тѳрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зєйтүн майына ҳєм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим.
7. Козы бекитилген тѳртинши мѳрди бузып ашқанда, тѳртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим.
8. Мен қарап, ақшыл сур атты кѳрдим. Атқа мингенниң аты ѳлим болып, оның изинен биреў ерип киятыр еди. Бул – ѳлилер мєканы еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳєм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды ѳлтириў ушын, дүньяның тѳрттен бир бѳлегиниң үстинен бийлик берилди.
9. Козы бекитилген бесинши мѳрди бузып ашқанда, қурбанлық шалынатуғын орынның астында Кудайдың сѳзи ҳєм ѳзлери айтқан гүўалықлары ушын ѳлтирилгенлердиң жанларын кѳрдим.
10. Олар бєлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳєм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашан жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан тѳгилген қанымыз ушын ѳш аласаң?»
11. Сонда олардың ҳєр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы ѳлтирилетуғын ѳзлериңиздей хызметшилердиң ҳєм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди.
12. Козы бекитилген алтыншы мѳрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған қаптай, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти.
13. Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған єнжир ағашынан тѳгилген писпеген мийўелер сыяқлы жерге түсти.
14. Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳєр бир таў ҳєм атаў орнынан кѳширилди.
15. Сонда дүньяның патшалары, ҳємелдарлары, єскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳєм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды.
16. Олар таўлар ҳєм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахтың үстинде Отырғаннан ҳєм Козының ғєзебинен бизлерди жасыра гѳриң!
17. Себеби олардың қєҳєрли ғєзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.
1. Буннан соң, мен жер жүзиниң тѳрт мүйешинде турған тѳрт периштени кѳрдим. Олар жер бетине, теңизге ҳєм ҳєр бир терекке еспесин деп, жер жүзиниң тѳрт самалын услап турған еди.
2. Мен жєне шығыстан кѳтерилип киятырған, тири Кудайдың мѳрине ийе басқа бир периштени кѳрдим. Ол жерге ҳєм теңизге зыян келтириў бийлиги берилген тѳрт периштеге бєлент даўыс пенен бақырып:
3. «Бизлер Кудайымыздың хызметшилериниң маңлайларына мѳр баспағанымызша, жерге, теңизге ҳєм тереклерге зыян тийгизбеңлер!» – деди.
4. Сонда мен маңлайларына мѳр басылғанлардың саны бир жүз қырық тѳрт мың екенин еситтим. Олар Израил халқының барлық урыўларынан еди.
5. Яҳуда урыўынан он еки мың, Рубен урыўынан он еки мың, Гад урыўынан он еки мың,
6. Ашер урыўынан он еки мың, Нафтали урыўынан он еки мың, Манасия урыўынан он еки мың,
7. Симон урыўынан он еки мың, Лебий урыўынан он еки мың, Исаҳар урыўынан он еки мың,
8. Зебулон урыўынан он еки мың, Юсуп урыўынан он еки мың, Бенамин урыўынан он еки мың адамға мѳр басылды.
9. Буннан соң қарасам, ҳєр түрли миллеттен, ҳєр түрли урыўдан, ҳєр түрли халықтан ҳєм ҳєр түрли тилден болған, ҳеш ким санай алмайтуғын үлкен топар тахтың ҳєм Козының алдында тур еди. Ҳєммеси ақ кийим кийген болып, қолларына хурма ағашының шақаларын услап турған еди.
10. Олар бєлент даўыс пенен: «Кутқарыў тахт үстинде отырған Кудайымыздың ҳєм Козының қолында», – деп бақырып турған еди.
11. Барлық периштелер тахтың, ақсақаллардың ҳєм тѳрт мақлуқтың дѳгерегинде турған еди. Олар тахтың алдында жерге жығылып, Кудайға табынып былай деди:
12. «Аўмийин. Алғыс, даңқ, даналық, мақтаў, ҳүрмет, күш-қүдирет мєңгиге Кудайымыздики болсын. Аўмийин».
13. Сонда ақсақаллардың бири меннен: – Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? – деп сорады.
14. – Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен. Ол маған былай деди: – Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Козының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар.
15. Сонлықтан олар Кудайдың тахтының алдында турып, Оның Ибадатханасында күни-түни Оған хызмет етеди. Тахтта Отырған олар менен бирге болып, Ѳз панасында сақлайды.
16. Олар енди ҳеш қашан аш болмайды ҳєм шѳллемейди, қуяш ямаса жєзийрама ыссы оларды күйдирмейди.
17. Ѳйткени тахтың ортасында болған Козы олардың шопаны болып, тири суў булақларына алып барады. Кудай олардың барлық кѳз жасларын сүртип таслайды.
1. Козы бекитилген жетинши мѳрди бузып ашқанда, аспанда ярым сааттай үнсизлик орнады.
2. Сонда мен Кудайдың алдында турған жети периштени кѳрдим. Оларға жети кєрнай берилди.
3. Соңынан басқа бир периште келип, қурбанлық шалынатуғын орында турды. Оның қолында хош ийисли затларды түтетиўге арналған алтын ыдыс бар еди. Оған пүткил мухаддеслердиң дуўаларына қосып, тахтың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынға бағышлаў ушын, кѳп муғдарда хош ийисли затлар берилди.
4. Сонда мухаддеслердиң дуўалары менен бирге хош ийисли затлардың түтини периштениң қолынан кѳтерилип, Кудайдың алдына жетип барды.
5. Периште хош ийисли затлар салынған ыдысты алып, оны қурбанлық шалынатуғын орынның жанып турған шоғына толтырды да, жерге ылақтырып жиберди. Сонда гүлдирмама гүркиреп, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳєм шақмақ шағып, жер силкинди.
6. Жети периште қолларындағы жети кєрнайды шертиўге таярланды.
7. Биринши периште кєрнайын шертти. Сонда қанға араласқан буршақ ҳєм от жерге жаўды. Жер бетиниң үштен бири, тереклердиң үштен бири ҳєм жасыл шѳплердиң ҳєммеси жанып кетти.
8. Екинши периште кєрнайын шертти. Лаўлап жанған таў сыяқлы үлкен бир нєрсе теңизге ылақтырылды. Теңиздиң үштен бири қанға айланды.
9. Теңиздеги жаныўарлардың үштен бири ѳлди ҳєм кемелердиң үштен бири қыйралып қалды.
10. Үшинши периште кєрнайын шертти. Сонда аспаннан шом сыяқлы жалынлап жанған бир үлкен жулдыз дєрьялардың үштен бир бѳлегине ҳєм суў булақларының үстине түсти.
11. Бул жулдыздың аты – жуўсан. Суўлардың үштен бир бѳлеги жуўсан сыяқлы ашшы болды. Суў ашшы болғанлықтан, ишкен адамлардың кѳбиси ѳлип қалды.
12. Тѳртинши периште кєрнайын шертти. Куяштың үштен бири, айдың үштен бири ҳєм жулдызлардың үштен бири зақымланды. Олардың үштен бири қараңғыланып, күндиз ҳєм түнниң үштен бир бѳлеги жақтысыз қалды.
13. Мен соңынан қарап, аспанның ортасында ушып жүрген бир бүркиттиң бєлент даўыс пенен былай дегенин еситтим: «Ҳєсирет, ҳєсирет! Жер жүзинде жасаўшылар ҳєсирет шегеди! Себеби кєрнайларын шертетуғын қалған үш периште кєрнай шертиўге таяр тур!»
1. Бесинши периште кєрнайын шертти. Сонда мен аспаннан жерге түскен бир жулдызды кѳрдим. Оған терең туңғыйықтың аўзын ашатуғын гилт берилди.
2. Жулдыз терең туңғыйықтың аўзын ашқанда, туңғыйықтан үлкен пештиң түтининдей түтин шықты. Бул түтиннен қуяш ҳєм ҳаўа қараңғыланып кетти.
3. Түтинниң ишинен жерге шегирткелер жаўды. Оларға жердеги шаянлардың күшине уқсаған бир күш берилген еди.
4. Шегирткелерге жердеги кѳк шѳплерге, ѳсимликлерге ҳєм тереклерге зыян келтирмеў, тек маңлайларында Кудайдың мѳри жоқ адамларға ғана азап бериў буйырылды.
5. Оларға бул адамларды ѳлтирмей, тек бес ай даўамында азап бериўге рухсат етилди. Олар берген азап адамды шаян шаққандай қыйнайды.
6. Сол күнлери адамлар ѳлим излейди, бирақ таба алмайды. Ѳлиўди аңсайды, бирақ ѳлим олардан қашып кетеди.
7. Шегирткелердиң кѳриниси саўашқа таярланған атлар сыяқлы болып, басларында алтын тажларға уқсаған тажлары бар еди. Жүзлери болса, адамның жүзине уқсаған еди.
8. Шашлары ҳаялдың шашындай, тислери арысланның тисиндей еди.
9. Кѳкиреклеринде темир саўытларға уқсаған саўытлар болып, қанатларының сести саўашқа шаўып баратырған сансыз атлы арбалардың сести сыяқлы еди.
10. Шегирткелердиң шаяндикиндей қуйрықлары ҳєм ийнелери бар еди. Куйрықлары адамларға бес ай бойы азап беретуғын күшке ийе еди.
11. Олардың үстинен терең туңғыйықтың периштеси патшалық ететуғын еди. Бул периштениң еврейше аты Аббадон, ал грекше аты Аполлион еди.
12. Биринши ҳєсирет ѳтти, мине, буннан соң жєне еки ҳєсирет келмекте.
13. Алтыншы периште кєрнайын шертти. Сонда мен Кудайдың алдындағы алтыннан исленген қурбанлық шалынатуғын орынның тѳрт мүйешиндеги шақлардан шыққан бир даўысты еситтим.
14. Даўыс қолында кєрнайы бар алтыншы периштеге: «Уллы Евфрат дєрьясының жанында байлаўлы турған тѳрт периштени босатып жибер», – деди.
15. Сонда анық сол саат, сол күн, сол ай ҳєм сол жыл ушын таяр турған тѳрт периште адамлардың үштен бирин ѳлтириў ушын босатылып жиберилди.
16. Олардың атлы єскерлериниң саны еки жүз миллион екенлигин еситтим.
17. Аянымда кѳрген атлар менен атлылардың кѳриниси мынадай: атлылардың оттай қызыл, қара кѳкшил ҳєм күкирт реңли саўытлары бар еди. Атлардың баслары арысланның басына уқсаған болып, аўызларынан от, түтин ҳєм күкирт шығып турған еди.
18. Адамзаттың үштен бири усы үш бєледен: булардың аўзынан шыққан от, түтин ҳєм күкирттен ѳлди.
19. Ѳйткени атлардың күши аўызларында ҳєм қуйрықларында еди. Куйрықлары басы бар жыланлар сыяқлы болып, адамларды олар менен азаплайтуғын еди.
20. Усы бєлелерден ѳлмей қалған адамлар ѳз қоллары менен ислеген жаман ислери ушын тєўбе етпеди. Олар я кѳре, я есите, я жүре алмайтуғын алтын, гүмис, қола, тас ҳєм ағаштан исленген бутларға ҳєм жинлерге табыныўдан ўаз кешпеди.
21. Жєне де адам ѳлтириў, сыйқыршылық ислеў, жынысый бузықшылық қылыў ҳєм урлық ислеўди қойып, тєўбе етпеди.
1. Соңынан мен аспаннан түсип киятырған басқа бир күшли периштени кѳрдим. Ол бултқа оранған болып, басының үстинде радуга бар еди. Жүзи қуяшқа, аяқлары отлы сүтинге уқсаған еди.
2. Оның қолында ашылған бир китапша бар еди. Ол оң аяғын теңизге, ал сол аяғын жерге қойып,
3. арысланның ақырғанына уқсаған бєлент даўыс пенен бақырды. Ол бақырғанда, жети гүлдирмама сести гүркиреп, тилге кирди.
4. Жети гүлдирмама тилге киргенде, мен жазбақшы болып едим, бирақ аспаннан бир даўыстың: «Жети гүлдирмаманың айтқанларын жазба, оларды қупыя сақла», – дегенин еситтим.
5. Соннан кейин, бир аяғы менен теңизде, бир аяғы менен жерде турғанын ѳзим кѳрген сол периште оң қолын аспанға кѳтерди.
6. Ол аспанды ҳєм аспандағылардың ҳєммесин, жерди ҳєм жердегилердиң ҳєммесин, теңизди ҳєм теңиздегилердиң ҳєммесин жаратқан мєңги тири Кудайдың аты менен ант ишип: «Енди ўақыт қалмады.
7. Бирақ, жетинши периште кєрнайын шертетуғын күнлерде Кудайдың Ѳз хызметшилери – пайғамбарларға хабарлаған сырлы жобасы ємелге асады», – деди.
8. Ѳзим аспаннан еситкен даўыс мениң менен жєне сѳйлесе баслап: «Барып, теңизде ҳєм жерде турған периштениң қолындағы ашыўлы китапшаны ал», – деди.
9. Мен периштениң жанына барып, китапшаны маған бериўин сорадым. Периште маған: «Буны ал да, жеп қой. Ол қарныңа барғанда ашшы, ал аўзыңда пал сыяқлы татлы болады», – деди.
10. Сонда мен китапшаны периштениң қолынан алып, жеп қойдым. Ол аўзымда пал сыяқлы татлы болды, ал жутқанымнан кейин қарнымды ашытты.
11. Соңынан маған былай делинди: «Сен жєне кѳп халықлар, миллетлер, тиллер ҳєм патшалар туўралы пайғамбаршылық айтыўың тийис».
1. Соннан кейин, маған ѳлшейтуғын таяқ сыяқлы қамыс берилип, былай делинди: – Бар да, Кудайдың Ибадатханасын ҳєм қурбанлық шалынатуғын орынды ѳлшеп, сол жерде сыйынып атырғанларды санап шық.
2. Ал Ибадатхананың сыртқы ҳєўлисин ѳлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады.
3. Мен Ѳзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады.
4. Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Кудай алдында турған еки зєйтүн ағашын ҳєм еки шыра қойғышты билдиреди.
5. Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай ѳлтириледи.
6. Бул еки гүўа ѳзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Жєне олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қєлесе, жер жүзин сонша ҳєр түрли бєлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар.
7. Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳєм оларды жеңип ѳлтиреди.
8. Олардың ѳлиги тымсалый түрде Содом ҳєм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың кѳшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси Ийса да сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди.
9. Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳєм миллетлердиң адамлары олардың ѳлигине қарап, денелерин қєбирге қойыўға рухсат етпейди.
10. Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳєм бир-бирине саўғалар жибереди. Ѳйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди.
11. Бирақ үш ярым күннен соң, Кудайдан келген ѳмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны кѳргенлерди күшли қорқыныш бийледи.
12. Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бир даўыстың ѳзлерине: «Бул жерге кѳтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының кѳз алдында бир булт үстинде аспанға кѳтерилип кетти.
13. Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳєм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Кудайды алғыслады.
14. Екинши ҳєсирет ѳтти. Мине, үшинши ҳєсирет жақынлап келмекте.
15. Жетинши периште кєрнайын шертти. Аспаннан бєлент даўыслар еситилип: «Дүнья жүзи патшалығы Кудай Ийемиздики ҳєм Оның Масихыники болды. Ол мєңгиге патшалық етеди», – деди.
16. Кудайдың алдында ѳз тахтларында отырған жигирма тѳрт ақсақал жерге бас урып, Кудайға табынды ҳєм былай деди:
17. «Ҳємме нєрсеге қүдиретли, бар болған ҳєм ҳєзир де бар Кудай Ийемиз! Саған шүкирлик етемиз. Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың.
18. Усы себепли, миллетлер ашыўға минген еди. Енди болса, Сениң ғєзебиң олар үстине жаўды. Ѳлилерди ҳүким етиў, Хызметшилериң болған пайғамбарларға, мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын үлкен-кишиге сыйлық бериў ҳєм жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың келди».
19. Сонда Кудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳєм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы кѳринди. Сол ўақытта шақмақ шағып, даўыслар ҳєм гүлдирмаманың гүркирегени еситилди. Жер силкинип, күшли буршақ жаўды.
1. Аспанда бир уллы кєраматлы белги пайда болды: қуяшқа оранған, аяқларының астында ай, басында он еки жулдызлы тажы бар бир ҳаял кѳринди.
2. Ҳаял ҳємледар еди, ол босанбақшы болып, толғақ тутып бақырмақта еди.
3. Соңынан аспанда басқа бир кєраматлы белги пайда болды: жети баслы, он шақлы, басларында жети тажы бар, үлкен қызыл айдарҳа кѳринди.
4. Айдарҳа қуйрығы менен аспандағы жулдызлардың үштен бирин сыпырып, жерге ылақтырды. Соңынан ол туўылыўдан-ақ баланы жутып жибериў ушын, туўайын деп атырған ҳаялдың алдында турып алды.
5. Ҳаял ул туўды. Бул бала барлық миллетлерди темир таяқ пенен басқарады. Бала дєрҳал Кудайға, Кудайдың тахтына алып келинди.
6. Ал ҳаял шѳлге қашып кетти. Ол жерде ҳаялдың бир мың еки жүз алпыс күн бағылыўы ушын, Кудай тєрепинен таярланған бир орын бар еди.
7. Аспанда саўаш басланды. Бас периште Михаил ҳєм оның периштелери айдарҳаға қарсы урысты. Айдарҳа да ѳз периштелери менен оларға қарсы урысса да,
8. күши жетпей жеңилип қалып, аспандағы орынларынан айырылды.
9. Үлкен айдарҳа, єзєзүл ямаса шайтан деп аталған, пүткил дүньяны жолдан азғырған ески жылан периштелери менен бирликте жерге ылақтырылды.
10. Сонда мен аспанда бєлент бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Кудайымыздың қутқарыўы, қүдирети, патшалығы ҳєм Масихының ҳүкимдарлығы енди орнады. Ѳйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы, Оларды Кудайымыздың алдында күни-түни айыплаған шайтан жерге ылақтырылды.
11. Туўысқанларымыз Козының қаны менен ҳєм ѳзлери айтқан гүўалықлары менен оны жеңди. Бул ушын олар ѳз жанларын ѳлимге қыйды.
12. Сонлықтан, ҳєй, аспан ҳєм онда жасаўшылар шадланыңлар! Ал жер ҳєм теңиз сизлер ҳєсирет шегесизлер! Себеби шайтан қєҳєрли түрде үстилериңизге түсти. Ол ѳз ўақтының аз қалғанын биледи».
13. Айдарҳа ѳзиниң жерге ылақтырылғанын кѳргенде, ул бала туўған ҳаялдың изинен қуўа кетти.
14. Ҳаялдың жыланнан шѳлдеги ѳзи ушын арналған жерге ушып кетиўи ушын, оған үлкен бир бүркиттиң еки қанаты берилди. Ҳаял ол жерде үш ярым жыл бағылыўы лазым еди.
15. Сонда жылан ҳаялды сел менен ығызып жибериў ушын, аўзынан оның изинен дєрьядай суў ағызды.
16. Бирақ жер аўзын ашты да, айдарҳаның аўзынан ағызған суўын жутып жиберип, ҳаялға жєрдем етти.
17. Сонда айдарҳа ҳаялға қарсы қєҳєрленди. Ол ҳаял нєсилинен болған басқалар менен, яғный Кудайдың буйрықларын орынлап, Ийса Масихтың гүўалығына садық қалғанлар менен урысыўға атланды.
18. Айдарҳа теңиз жағасында турып алды.
1. Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын кѳрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Кудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди.
2. Мен кѳрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған ѳз қүдирети ҳєм тахты менен бирликте үлкен бийлик те берди.
3. Жыртқыш ҳайўанның басларының бири ѳлимши ҳалда жарақатланғандай болып кѳринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти.
4. Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди.
5. Ѳзин мақтап, Кудайға тил тийгизетуғын сѳзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол жєне қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды.
6. Кудайға, Оның аты менен мєканына ҳєм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сѳйлей баслады.
7. Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳєр бир урыў, ҳєр бир халық, ҳєр бир тил ҳєм ҳєр бир миллет үстинен бийликке ийе болды.
8. Дүньяға тийисли адамлардың ҳєммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Козының Ѳмир китабында аты жазылмаған ҳєр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды.
9. Кулағы бар мыналарды еситип алсын:
10. «Кимниң тєғдирине тутқын болыў жазылса, Ол тутқынға түседи. Кимниң тєғдирине қылыш пенен ѳлтирилиў жазылса, Ол қылыш пенен ѳлтириледи». Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады.
11. Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды кѳрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сѳйлейтуғын еди.
12. Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳєрекет етти. Жер жүзин ҳєм онда жасайтуғынларды ѳлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мєжбүрледи.
13. Ол үлкен кєраматлар ислеп, ҳєтте, адамлардың кѳз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды.
14. Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол ѳзине ислеўге рухсат етилген кєраматлар арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды.
15. Биринши жыртқыш ҳайўанның буты тилге кирип, ѳзине табынбағанлардың ҳєммесин ѳлтириўди буйырсын деп, оған биринши жыртқыш ҳайўанның бутына жан бериў ушын қүдирет берилди.
16. Ол ҳєр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мєжбүрледи.
17. Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нєрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да.
18. Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Ѳйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.
1. Соңынан қарап, Козының Сион таўының үстинде турғанын кѳрдим. Козы менен бирликте маңлайларында Козының ҳєм Оның Єкесиниң аты жазылған бир жүз қырық тѳрт мың адам бар еди.
2. Аспаннан сарқырап аққан суўдың сестиндей, күшли гүлдирмама даўысындай бир сес еситтим. Мен еситкен бул сес тарлы єсбап шертиўшилердиң шығарған сестине уқсаған еди.
3. Усы бир жүз қырық тѳрт мың адам тахтың, тѳрт мақлуқтың ҳєм ақсақаллардың алдында жаңа бир қосық айтып турған еди. Гүналарының қуны ѳтелип, жер жүзинен сатып алынған усы адамлардан басқа ҳеш ким бул қосықты үйрене алмас еди.
4. Булар – Ийемизге садық қалып, бутларға табынбаған пєк адамлар еди. Козы қаяққа барса, олар Оның изине ереди. Олар Кудайдың ҳєм Козының туңғышлары болып, адамлар арасынан сатып алынғанлар.
5. Аўызларынан жалған сѳз шықпаған олар – минсиз адамлар.
6. Буннан соң, мен аспанның ортасында ушып жүрген басқа бир периштени кѳрдим. Бул периште жер жүзинде жасаўшыларға: ҳєр бир миллет ҳєм урыўға, ҳєр бир тил ҳєм халыққа жєрияланатуғын мєңги Хош Хабарға ийе еди.
7. Ол бєлент даўыс пенен: «Кудайдан қорқыңлар! Оны алғыслаңлар! Оның ҳүким ететуғын ўақты келди. Аспанды, жерди, теңизди ҳєм суў булақларын Жаратқанға сыйыныңлар!» – деди.
8. Оның изинен киятырған екинши периште былай деди: «Кулады! Ѳз бузықшылығының күшли шарабын барлық миллетлерге ишкизип, оларды азғырған уллы Бабилон қулады!»
9. Екеўиниң изинен киятырған үшинши периште бєлент даўыс пенен былай деди: «Ким де ким биринши жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынып, маңлайына ямаса қолына оның тамғасын қабыл етсе,
10. ол Кудайдың қєҳєрли ғєзеп кесесинде таярланған Кудайдың ғєзебиниң күшли шарабынан ишеди. Мухаддес периштелердиң ҳєм Козының алдында от ҳєм жанып турған күкирттен азап шегеди.
11. Оларға азап беретуғын оттың түтини шексиз бурқырап турады. Биринши жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынып, атының тамғасын қабыл еткенлер күни-түни тынышлық кѳрмейди.
12. Сол ўақытта Кудайдың буйрықларын орынлап, Ийсаға деген исенимине садық қалған мухаддеслердиң сабырлығы керек болады».
13. Сонда аспаннан бир даўыс маған: «Мынаны жазып қой: буннан былай, Ийемизге садық қалып, жанын қыйғанлар қандай бахытлы!» – деди. «Аўа, олар мийнетлериниң рєҳєтин кѳреди. Себеби ислеген ислериниң жемиси олардан айырылмайды», – дейди Мухаддес Руўх.
14. Соңынан мен қарап, бир ақ бултты кѳрдим. Булттың үстинде басында алтын тажы, қолында ѳткир орағы бар, Адам Улына уқсаған Биреў отыр еди.
15. Ибадатханадан шыққан басқа бир периште булттың үстинде Отырғанға бєлент даўыс пенен бақырып: «Орағыңды салып, ор! Орыў ўақты келди. Ѳйткени жердиң зүрєєти писип жетилисти», – деди.
16. Булттың үстинде отырған орағын жерге силтеди ҳєм жердиң зүрєєти орылды.
17. Аспандағы Ибадатханадан басқа бир периште шықты. Оның да ѳткир орағы бар еди.
18. Ал от үстинен бийликке ийе басқа бир периште қурбанлық шалынатуғын орыннан шығып, ѳткир орақлыға бєлент даўыс пенен: «Ѳткир орағыңды иске сал! Жердеги жүзим ағашынан солқымларды жыйна. Себеби жүзим писти», – деди.
19. Периште орағын жерге силтеп, жердеги жүзимниң зүрєєтин жыйнап алды. Оны Кудайдың ғєзебиниң үлкен искенжесине ылақтырды.
20. Жүзим жемислери қаланың сыртындағы искенжеде сығылды. Искенжеден аққан қан үш жүз шақырым жерге дейин барды ҳєм атлардың жүўенлерине шекем кѳтерилди.
1. Мен аспанда жєне уллы ҳєм таң қаларлық басқа бир белги кѳрдим. Бул – қолында соңғы жети бєле бар жети периште еди. Ѳйткени усы бєлелер менен Кудайдың ғєзеби жуўмақланатуғын еди.
2. Сонда от аралас шийше теңиз сыяқлы бир нєрсени кѳрдим. Ҳайўанның, оның мүсининиң ҳєм атының саны үстинен жеңиске ерискенлер қолларына Кудайдың берген тарлы єсбапларын алып, шийше теңиздиң үстинде турған еди.
3. Олар Кудайдың хызметшиси Муўсаның ҳєм Козының қосығын айтып турған еди: «Ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийе, Сениң ислериң уллы ҳєм єжайып, О, миллетлер Патшасы! Сениң жолларың ҳақыйқат ҳєм єдил.
4. Ийем, Сеннен қорқпайтуғын, атыңды алғысламайтуғын ким бар? Себеби тек жалғыз Сен ғана мухаддессең. Пүткил миллетлер келип, Сениң алдыңда табынады. Ѳйткени Сениң єдил ислериң аян болды».
5. Буннан соң мен қарап, аспандағы Ибадатхананың, яғный Гүўалық шатырының ашылғанын кѳрдим.
6. Колында жети бєле бар жети периште жарқыраған аппақ кийим кийип, кѳкиреклерине алтын ѳңирше байлап, Ибадатханадан шықты.
7. Тѳрт мақлуқтың бири жети периштеге мєңгиге жасаўшы Кудайдың қєҳєрли ғєзебине толы жети алтын кесе берди.
8. Ибадатхана Кудайдың уллылығының ҳєм қүдиретиниң түтини менен толып кетти. Жети периштениң жети бєлеси тамамланбағанша, ҳеш ким Ибадатханаға кире алмады.
1. Соңынан мен Ибадатханадан шыққан бир бєлент даўыстың жети периштеге: «Барыңлар! Кудайдың ғєзебине толы жети кесени жерге тѳгиңлер!» – дегенин еситтим.
2. Сонда биринши периште барып, кесени жерге тѳкти. Биринши жыртқыш ҳайўанның тамғасына ийе болып, оның мүсинине табынатуғынлардың үстинде азап бериўши жеркенишли жаралар пайда болды.
3. Екинши периште кесесин теңизге тѳкти. Теңиз ѳлиниң қанына уқсайтуғын қанға айланып, теңиздеги пүткил тиришилик набыт болды.
4. Үшинши периште кесесин дєрьяларға ҳєм суў булақларына тѳкти. Олар да қанға айланды.
5. Суўлар үстинен ҳєкимлик ететуғын периштениң былай дегенин еситтим: «Ҳєзир бар ҳєм бурыннан бар болған мухаддес Кудайымыз! Сениң шығарған бул ҳүкимлериң єдил.
6. Мухаддеслердиң ҳєм пайғамбарлардың қанын тѳккени ушын, Сен оларға қан ишкиздиң. Буған олар ылайықлы».
7. Сонда мен қурбанлық шалынатуғын орыннан шыққан бир даўыстың былай дегенин еситтим: «Аўа, ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз, Сениң ҳүкимлериң туўры ҳєм єдил».
8. Тѳртинши периште кесесин қуяшқа тѳкти. Сонлықтан қуяшқа адамларды от пенен күйдириў күши берилди.
9. Адамларды күшли ҳєўир күйдирип жиберди. Олар тєўбе етпеди ҳєм усы бєлелердиң үстинен бийликке ийе болған Кудайды алғысламай, Оның атына тил тийгизди.
10. Бесинши периште кесесин жыртқыш ҳайўанның тахты үстине тѳкти. Жыртқыш ҳайўанның патшалығы тас түнек болып қалды. Адамлар азапқа шыдамай, тиллерин тиследи.
11. Бирақ олар жаман ис-ҳєрекетлери ушын тєўбе етпей, кѳрип атырған азаплары ҳєм жаралары себепли, аспандағы Кудайға тил тийгизди.
12. Алтыншы периште кесесин уллы Евфрат дєрьясына тѳкти. Күншығыстан келетуғын патшаларға жол таярлаў ушын, дєрьяның суўы қурып қалды.
13. Буннан соң, мен айдарҳаның, жыртқыш ҳайўанның ҳєм жалған пайғамбардың аўзынан шыққан қурбақаларға уқсайтуғын үш жаўыз руўхты кѳрдим.
14. Бул руўхлар – кєраматлар ислейтуғын жинлердиң руўхлары еди. Олар ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудайдың уллы күнинде болатуғын саўашқа пүткил дүньяның патшаларын жыйнаў ушын атланды.
15. «Мине, Мен уры сыяқлы күтилмегенде келемен! Жалаңаш болып жүрип, уятқа қалмаўы ушын үстиндеги кийимлерин сақлап, сергек турғанлар қандай бахытлы!» – (деди Ийемиз Ийса).
16. Үш жаўыз руўх еврейше «Армагедон» деп аталатуғын жерге патшаларды жыйнады.
17. Жетинши периште кесесин ҳаўаға тѳкти. Ибадатханадағы тахттан шыққан бєлент бир даўыс: «Орынланды», – деди.
18. Сонда шақмақ шағып, гүрсилдеген даўыслар еситилди ҳєм гүлдирмама гүркиреп, күшли жер силкиниў болды. Адамзат жер жүзинде пайда болғалы берли, бундай күшли жер силкиниў ҳеш қашан болған емес.
19. Уллы қала үшке бѳлинип қулады. Миллетлердиң қалалары да қыйралып қалды. Кудай уллы Бабилонды ядында сақлап, Ѳзиниң қєҳєрли ғєзебиниң шарабы толы кесени оған ишиў ушын берди.
20. Барлық атаўлар орнынан кѳшип, таўлар жоқ болып кетти.
21. Аспаннан адамлардың үстине ҳєр бир данасы батпандай күшли буршақ жаўды. Буршақ соншелли қорқынышлы болып, адамлар усы бєле ушын Кудайға тил тийгизди.
1. Жети кесеси бар жети периштениң бири жақынлап келди де, мениң менен сѳйлесе баслап былай деди: – Берман кел, мен саған кѳп суўлардың үстинде отырған уллы бузық ҳаялдың қандай жазаға тартылатуғынын кѳрсетемен.
2. Дүнья патшалары оның менен бузықшылық ислеген еди. Жер жүзинде жасаўшылар оның бузықшылығының шарабына мєс болған еди.
3. Соңынан периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында шѳлге алып барды. Ол жерде мен жети баслы, он шақлы, үсти Кудайға тил тийгизетуғын атларға толы, жыртқыш қызыл ҳайўанның үстинде отырған бир ҳаялды кѳрдим.
4. Ҳаял қызғылт кѳк ҳєм қымбатлы қызыл липаслар кийип, алтын, ҳасыл таслар ҳєм ҳинжилер менен безенген еди. Оның қолында жеркенишли нєрселерге ҳєм бузықшылығының ҳарамылықларына толы алтын кесе бар еди.
5. Ал маңлайына болса: «УЛЛЫ БАБИЛОН, ДҮНЬЯНЫЊ БУЗЫКЛАРЫНЫЊ ҲЄМ ЖЕРКЕНИШЛИ НЄРСЕЛЕРИНИЊ АНАСЫ», – деген сырлы ат жазылған еди.
6. Ҳаялдың мухаддеслердиң ҳєм Ийса ҳаққында гүўалық берип ѳлгенлердиң қанына мєс екенин кѳрдим. Буны кѳрип, мен қатты таң қалдым.
7. Периште маған былай деди: – Неге таң қалып турсаң? Мен саған ҳаялдың ҳєм оны кѳтерип жүрген жети баслы, он шақлы жыртқыш ҳайўанның сырын ашып беремен.
8. Сен кѳрген жыртқыш ҳайўан бурын бар еди, бирақ ҳєзир жоқ. Бираздан соң, ол терең туңғыйықтан шығып, набыт болады. Дүнья жаратылғаннан бери атлары Ѳмир китабында жазылмаған жер жүзинде жасаўшылар жыртқыш ҳайўанды кѳргенде ҳайран қалады. Себеби бул ҳайўан бир ўақытлары бар еди, енди жоқ, бирақ жєне келеди.
9. Буны түсиниў ушын даналық керек. Жети бас – ҳаял үстинде отырған жети таўды ҳєм жети патшаны билдиреди.
10. Булардың бесеўи қулады, биреўи бар, басқасы еле келмеди. Ол келеди, бирақ узақ ўақыт турмайды.
11. Бурын бар болған, бирақ енди жоқ жыртқыш ҳайўанның ѳзи сегизинши патша. Алдыңғы жети патшаның бири болған ол набыт болады.
12. Сен кѳрген он шақ еле патшалық етпеген он патша. Бирақ булар жыртқыш ҳайўан менен бирликте аз ўақыт патшалық етиў ушын бийлик алады.
13. Бул патшалар бир нийетке ийе болып, күшлерин ҳєм бийлигин жыртқыш ҳайўанға береди.
14. Олар Козыға қарсы урысады, бирақ Козы оларды жеңеди. Ѳйткени Козы – ҳүкимдарлар Ҳүкимдары ҳєм патшалар Патшасы. Оның менен бирге болғанлар – шақырылғанлар, таңланғанлар ҳєм Оған садық қалғанлар.
15. Соңынан периште маған былай деди: – Мына сен кѳрген суўлар, яғный үстинде бузық ҳаял отырған суўлар – халықлар, аламанлар, миллетлер ҳєм тиллер.
16. Сен кѳрген он шақ ҳєм жыртқыш ҳайўан бузық ҳаялды жек кѳрип, оның ҳємме нєрсесин талан-тараж етеди ҳєм оны тыр жалаңаш қалдырады. Оның етин жеп, ѳзин отқа жандырады.
17. Себеби Кудай Ѳзиниң еркин орынлаў ушын, олардың кеўиллерине усы нийетти салған еди. Солай етип, Кудайдың сѳзлери орынланыўға дейин олар ѳз ара келисип, патшалықларын жыртқыш ҳайўанға береди.
18. Сен кѳрген ҳаял – дүнья патшаларының үстинен ҳєкимлик ететуғын уллы қала.
1. Буннан соң, мен күшли бийликке ийе басқа бир периштениң аспаннан түскенин кѳрдим. Оның салтанатынан дүнья жүзи жарқырап кетти.
2. Периште қатты даўыслап былай деди: «Кулады! Уллы Бабилон қулады! Ол енди жинлердиң мєканы, Ҳєр түрли жаўыз руўхлардың ордасы, Ҳєр қыйлы ҳарам ҳєм жеркенишли қуслардың уясы болды.
3. Ѳйткени барлық миллетлер оның бузықшылығының күшли шарабын ишти. Дүньяның патшалары оның менен бирге бузықшылық иследи. Дүньяның саўдагерлери де оның асып-тасқан молшылығынан байып кетти».
4. Сонда мен аспаннан басқа бир даўыс еситтим. Бул даўыс былай деди: «Ҳєй, халқым! Оның гүналарына шерик болып, Ол дуўшар болған бєлелерге дуўшар болмаўың ушын, оннан шығып кет!
5. Себеби оның гүналары үсти-үстине жыйналып, аспанға жетти, Кудай оның жаман ислерин ядында сақлады.
6. Бабилон сизлерге не қылған болса, оған соны қайтарыңлар. Ислеген ислерин еки есе етип қайтарыңлар, Ѳзи араластырып таярлаған шараптан еки есе толтырып, оған бериңлер.
7. Ол қаншама сєн-салтанатқа ҳєм молшылыққа бѳленген болса, оған соншама қайғы-ҳєсирет бериңлер. Ѳйткени ол ѳз кеўлинде: „Мен ҳаял патша болып, тахтта отырман, жесир емеспен. Ҳеш қашан қайғы кѳрмеймен“, – дейди.
8. Сонлықтан ол ѳлим, қайғы ҳєм ашлық бєлелерине бир күнниң ишинде дуўшар болады, ол отта жанып күл болады. Себеби оны ҳүким қылыўшы Кудай Ийемиз қүдиретли».
9. Оның менен бирге бузықшылық ислеп, оның асып-тасқан молшылығын бѳлискен дүньяның патшалары ол жанып атырған оттың түтинин кѳргенде, оны азалап жылайды.
10. Олар оның шегип атырған азабынан қорқып, узақта турып: «Ўай-ўай, уллы қала, күшли қала Бабилон! Аз ўақыт ишинде ҳүким етилдиң-ғо», – дейди.
11. Дүньяның саўдагерлери де ол ушын жылап, аза тутады. Ѳйткени олардың буйымларын сатып алатуғын енди ҳеш ким жоқ.
12. Олар алтын, гүмис, ҳасыл таслар, ҳинжи, баҳалы гезлеме, жипек, қызғылт кѳк ҳєм қырмызы гезлемелерди, ҳєр түрли хош ийисли ағашларды, пил сүйегинен исленген затларды, қымбат баҳалы ағашлардан исленген нєрселерди, қола, темир ҳєм мєрмерден исленген ҳєр қыйлы буйымларды,
13. дємли қабық, мазалы дєм беретуғын нєрселерди, хош ийисли түтеткилерди, єтир май, єтир, шарап, зєйтүн майы, сапалы ун ҳєм бийдай, ири қара мал ҳєм қойлар, атлар ҳєм арбалар, қулларды, жєне де адам жанын сататуғын ҳєм сатып алатуғын еди.
14. Олар жєне: «Жаның сүйген мийўелер қолыңнан кетти. Пүткил байлығың ҳєм кѳзди қамастыратуғын затларың жоқ болды. Енди оларды ҳеш қашан таба алмайсаң», – дейди.
15. Бабилонда усы нєрселерди сатып, байып кеткен саўдагерлер қаланың шеккен азабынан қорқынышқа түседи ҳєм узақта турып, жылап аза тутады.
16. Олар былай дейди: «Ўай, ўай, уллы қала! Баҳалы гезлеме, қызғылт кѳк ҳєм қырмызы липаслар кийген, алтын, ҳасыл таслар ҳєм ҳинжилер менен безенген уллы қала!
17. Усындай үлкен байлық аз ўақыт ишинде жоқ болды». Барлық кеме басшылары, кеме жолаўшылары, кемеде ислейтуғынлар ҳєм теңизден күн кѳретуғынлардың ҳєммеси узақта турып,
18. ол жанған оттың түтинин кѳргенде: «Усы уллы қалаға тең келетуғын қала бар ма?» – деп дад салды.
19. Басларына күл шашты, аза тутып жылап, былай деп бақырысты: «Ўай, ўай, уллы қала! Теңиз кемелерине ийе болғанлардың ҳєммеси ол себепли, оның қымбат баҳалы буйымлары себепли байыған еди. Деген менен, қала аз ўақыт ишинде ўайран болды.
20. Куўаныңлар Бабилонның аўҳалына, Ҳєй аспан, мухаддеслер, елшилер ҳєм пайғамбарлар! Себеби Кудай оны ҳүким етип, сизлер ушын ѳш алды».
21. Соңынан бир күшли периште үлкен дигирман тасына уқсайтуғын бир тасты кѳтерип, теңизге ылақтырды да, былай деди: «Уллы қала Бабилон! Минекей, ол усындай күш пенен ылақтырылып, мєңгиге жоқ болады.
22. Ендигиден былай, сенде тарлы єсбап шертиўшилердиң, қосықшылардың, сырнай ҳєм кєрнай шертиўшилердиң даўыслары ҳеш қашан еситилмейди. Сенде қайтып ҳеш бир ѳнердиң устасы табылмайды, дигирманның даўысы ҳеш қашан еситилмейди.
23. Сенде буннан былай шыра жақтысы болмайды. Келин-күйеў сеслери ҳеш қашан еситилмейди. Ѳйткени саўдагерлериң дүньяда атақлы адамлар болып, пүткил миллетлер сениң сыйқыршылығың менен азғырылған еди.
24. Жєне де, пайғамбарлардың, мухаддеслердиң ҳєм жер жүзинде ѳлтирилгенлердиң ҳєммесиниң қаны сеннен табылған еди».
1. Буннан соң, мен аспанда кѳп санлы аламанның даўысына уқсаған бєлент даўысларды еситтим. Олар былай деди: «Ҳалилуйя! Кутқарыў, уллылық ҳєм қүдирет Кудайымызға тийисли.
2. Себеби Оның ҳүкимлери туўры ҳєм єдил. Ол жер жүзин бузықшылығы менен ҳарамлаған уллы бузық ҳаялды ҳүким етип, Ѳз хызметшилериниң қаны ушын оннан ѳш алды».
3. Олар жєне даўыслап былай деди: «Ҳалилуйя! Бузық ҳаялдың жанған отының түтини мєңгиге бурқырап турады».
4. Сонда жигирма тѳрт ақсақал ҳєм тѳрт мақлуқ жерге жығылып: «Аўмийин! Ҳалилуйя!» – деди де, тахт үстинде отырған Кудайға табынды.
5. Соңынан тахттан шыққан бир даўыс былай деди: «Ҳєй, Кудайымыздың барлық хызметшилери! Оннан қорқыўшы үлкен-киши ҳєммеңиз, Оны алғыслаңлар!»
6. Соң мен үлкен аламанның даўысына, сарқырап аққан суўлардың шуўылдысына ҳєм күшли гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўысты еситтим. Сол даўыс былай деди: «Ҳалилуйя! Ѳйткени ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз патшалық етеди.
7. Шадланып, кеўил кѳтерейик! Оны даңққа бѳлейик! Себеби Козының неке тойы басланажақ, Оның қалыңлығы ѳзин таярлады.
8. Оған кийиў ушын, Таза, жарқыраған аппақ кѳйлек берилди». Таза, аппақ кѳйлек – мухаддеслердиң ҳақ ислерин билдиреди.
9. Сонда периште маған: – Былай деп жаз: «Козының неке тойына шақырылғанлар қандай бахытлы!» – деди. Ол жєне: – Бул сѳзлер – Кудайдың ҳақыйқат сѳзлери, – деди.
10. Мен оған табыныў ушын, аяқларына жығылдым. Бирақ ол маған былай деди: – Бундай қыла гѳрме! Мен де сен ҳєм Ийсаның гүўалығына ийе туўысқанларың сыяқлы, Кудайдың хызметшисимен. Кудайға табын! Ѳйткени Ийсаның гүўалығы – Мухаддес Руўх тєрепинен илҳамландырылған пайғамбаршылық сѳзлериниң тийкары, – деди.
11. Буннан соң, мен аспанның ашылғанын кѳрдим. Ол жерде бир ақ ат турған болып, атқа Мингенниң аты Садық ҳєм Ҳақыйқат еди. Ол єдиллик пенен ҳүким шығарып, саўаш жүргизеди.
12. Оның кѳзлери лаўлап жанған отқа уқсаған болып, ал басында болса кѳп санлы таж бар еди. Онда Ѳзинен басқа ҳеш ким билмейтуғын бир ат жазылған еди.
13. Ол қанға боялған кийим кийген болып, Оның аты – Кудайдың Сѳзи еди.
14. Таза ҳєм аппақ кийим кийген аспан лєшкерлери ақ атларға минип, Оның изинен киятыр еди.
15. Оның аўзынан ѳткир қылыш шығып турған болып, Ол сол қылыш пенен миллетлерди ѳлтиреди. Оларды темир таяқ пенен басқарады ҳєм ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудайдың қєҳєрли ғєзебиниң шарабын сығып шығаратуғын искенжени Ѳзи басады.
16. Оның кийиминде ҳєм санында: «ПАТШАЛАР ПАТШАСЫ ҲЄМ ҲҮКИМДАРЛАР ҲҮКИМДАРЫ», деген ат жазылған еди.
17. Соңынан мен қуяшта турған бир периштени кѳрдим. Ол бєлент даўыс пенен бақырып, аспанда ушып жүрген барлық қусларға былай деди:
18. «Патшалардың, єскербасылардың ҳєм күшли адамлардың, атлардың ҳєм атқа мингенлердиң, азат-қуллардың, үлкен-киши ҳєммениң ѳлигиниң етин жеў ушын бир жерге жыйналып, Кудайдың уллы зыяпатына келиңлер».
19. Сонда мен жыртқыш ҳайўанды, дүнья патшаларын ҳєм олардың лєшкерлерин кѳрдим. Олар атта Отырған менен ҳєм Оның лєшкерлери менен урысыў ушын бир жерге жыйналған еди.
20. Жыртқыш ҳайўан ҳєм оның алдында кєраматлар ислеген жалған пайғамбар қолға алынды. Жыртқыш ҳайўанның тамғасын қабыл етип, оның мүсинине табынғанларды ѳз кєраматлары менен азғырған – усы жалған пайғамбар еди. Олардың екеўи де күкирт жанған от кѳлине тирилей ылақтырылды.
21. Ал қалғанлар атта Отырғанның аўзынан шыққан қылыш пенен ѳлтирилди. Барлық қуслар олардың ѳлигиниң етин жеп тойды.
1. Соң мен қолында терең туңғыйықтың гилти ҳєм үлкен шынжыры бар бир периштениң аспаннан түскенин кѳрдим.
2. Периште айдарҳаны, яғный єзєзүл ҳєм шайтан деп аталған сол ески жыланды тутып, мың жылға байлап таслады.
3. Мың жыл тамам болмағанша, миллетлерди енди азғырмасын деп, оны терең туңғыйыққа ылақтырып жиберди. Ол жерди жаўып, аўзын мѳрлеп таслады. Мың жыл ѳткеннен соң, ол қысқа мүддетке босатылыўы тийис.
4. Соңынан мен тахтларды ҳєм оларда отырғанларды кѳрдим. Оларға ҳүким етиў бийлиги берилген еди. Ийсаның гүўалығы ҳєм Кудайдың сѳзи ушын басы кесилгенлердиң жанларын да кѳрдим. Булар жыртқыш ҳайўанға ҳєм оның мүсинине табынбаған, маңлайларына ҳєм қолларына жыртқыш ҳайўанның тамғасын бастырмаған еди. Олар тирилип, Масих пенен бирге мың жыл патшалық етти.
5. Бул – биринши қайта тирилиў. Калған ѳлилер мың жыл тамам болмағанша тирилмеди.
6. Биринши қайта тирилиўде қатнасқанлар бахытлы ҳєм мухаддес. Екинши ѳлимниң булар үстинен ҳеш қандай бийлиги жоқ. Олар Кудайдың ҳєм Масихтың руўханийлери болып, Оның менен бирликте мың жыл патшалық етеди.
7. Мың жыл ѳткеннен соң, шайтан қамалған жеринен азат етиледи.
8. Жер жүзиниң тѳрт мүйешиндеги миллетлерди, Гог ҳєм Магогты азғырып, оларды саўашқа жыйнаў ушын, ол қамақтан шығады. Олардың саны теңиздиң қумы сыяқлы сан-санақсыз болады.
9. Олар жер жүзин басып ѳтип, мухаддеслердиң мєканы болған Кудайдың сүйикли қаласын қоршап алды. Бирақ аспаннан от жаўып, оларды күйдирип, жоқ қылып жиберди.
10. Ал оларды азғырған шайтан от ҳєм күкирт кѳлине ылақтырылды. Бурын сол жерге жыртқыш ҳайўан ҳєм жалған пайғамбар да ылақтырылған еди. Олар күни-түни, мєңгиге азап шегеди.
11. Сонда мен бир уллы ақ тахтты ҳєм тахтта Отырғанды кѳрдим. Жер ҳєм аспан Оның жүзинен қашып, жоқ болып кетти.
12. Тахттың алдында турған үлкен-киши ѳлилерди де кѳрдим. Соңынан бир китаплар ашылды. Басқа бир китап та ашылды, бул – Ѳмир китабы еди. Ѳлилер китапларда жазылғанлар бойынша, ѳз ислерине қарай ҳүким етилди.
13. Теңиз ѳзинде болған ѳлилерди, ѳлим ҳєм ѳлилер мєканы да ѳзлеринде болған ѳлилерди шығарып берди. Ҳєр бири ѳз ислерине қарай ҳүким етилди.
14. Ѳлим ҳєм ѳлилер мєканы от кѳлине ылақтырылды. Бул от кѳли – екинши ѳлим.
15. Атлары Ѳмир китабында жазылмағанлардың ҳєммеси от кѳлине ылақтырылды.
1. Буннан соң, мен жаңа аспан менен жаңа жерди кѳрдим. Себеби бурынғы аспан ҳєм бурынғы жер жоқ болып кеткен еди. Енди теңиз де жоқ еди.
2. Жєне мен аспаннан, Кудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала – жаңа Ерусалимди кѳрдим. Ол ѳз күйеўи ушын таярланып безенген келин сыяқлы еди.
3. Сонда тахттан шыққан бир бєлент даўыстың былай дегенин еситтим: «Мине, Кудайдың мєканы адамлар арасында. Кудай да олардың арасында жасайды. Олар Кудайдың халқы болады, Кудайдың Ѳзи де олардың Кудайы болып, олар менен бирге жасайды.
4. Кудай олардың барлық кѳз жасларын сүртип таслайды. Енди ѳлим де, қайғы да, жылаў да, азап та болмайды. Ѳйткени бурынғылар ѳтип кетти».
5. Тахтта Отырған: – Енди ҳєммесин жаңалайман, – деди. Ол жєне маған: – Мынаны жаз: себеби бул сѳзлер исенимли ҳєм ҳақыйқат, – деди.
6. Соңынан Ол маған былай деди: – Орынланды. Мен – Альфа ҳєм Омегаман, биринши ҳєм соңғыман. Шѳллеген адамға ѳмир суўының булақларынан ешейин суў беремен.
7. Жеңип шыққан усыларды мийрас етип алады. Мен оның Кудайы боламан, ол Маған перзент болады.
8. Бирақ қорқақлар, исенбейтуғынлар, ҳарамылар, адам ѳлтириўшилер, бузықлар, сыйқыршылар, бутпаразлар ҳєм барлық ѳтирикшилердиң орны – күкирт жанған от кѳли болады. Бул – екинши ѳлим.
9. Соңынан ақырғы жети бєлеге толы жети кесеси бар жети периштениң бири жаныма келип: – Берман кел. Мен саған Козының қалыңлығын кѳрсетемен. Ол Козының болажақ келиншеги, – деди.
10. Периште мени Мухаддес Руўхтың басқарыўында үлкен ҳєм бийик бир таўға кѳтерди. Ол жерден маған аспаннан, Кудайдың жанынан түсип киятырған мухаддес қала Ерусалимди кѳрсетти.
11. Кала Кудайдың салтанатына ийе еди. Ол ҳасыл тас сыяқлы, кристаллдай мѳлдир яспис тасы сыяқлы жарқырап тур еди.
12. Каланың үлкен ҳєм бийик дийўаллары болып, он еки дєрўазасы бар еди. Дєрўазаларды он еки периште қараўыллайтуғын еди. Дєрўазаларға Израилдың он еки урыўының атлары жазылған еди.
13. Шығыста үш дєрўаза, арқада үш дєрўаза, қублада үш дєрўаза, батыста үш дєрўаза бар еди.
14. Каланың дийўаллары он еки тийкар тасқа ийе болып, оларда Козының он еки елшисиниң атлары жазылған еди.
15. Мениң менен сѳйлескен периштениң қолында қаланы ҳєм қаланың дєрўазалары менен дийўалларын ѳлшеў ушын, ѳлшейтуғын алтын таяқ бар еди.
16. Кала тѳрт мүйеш тєризинде болып, узынлығы менен ени бирдей еди. Периште қаланы ѳлшейтуғын таяқ пенен ѳлшегенде, узынлығы, ени ҳєм бийиклиги бирдей болып, ҳєр бир тєрепи еки мың еки жүз шақырым болып шықты.
17. Периште дийўалларды да ѳлшеп шықты. Адамның ѳлшеми бойынша, дийўаллардың бийиклиги алпыс бес метр болып шықты.
18. Дийўаллар яспис тасынан, ал қала мѳлдир шийше сыяқлы, сап алтыннан салынған еди.
19. Кала дийўалларының тийкар таслары ҳєр түрли ҳасыл таслар менен безелген еди. Биринши тийкар тасы яспис, екиншиси кѳк сапфир, үшиншиси халкидон, тѳртиншиси жасыл зумрат,
20. бесиншиси ала сардоникс, алтыншысы сардолик, жетиншиси сары яқыт, сегизиншиси кѳк зумрат, тоғызыншысы сары топаз, оныншысы сары зумрат, он бириншиси кѳк яқыт, он екиншиси қызғылт кѳк аметист.
21. Он еки дєрўаза он еки ҳинжи, яғный ҳєр бир дєрўаза бир ҳинжиден соғылған еди. Каланың кѳшеси мѳлдир шийше сыяқлы сап алтыннан еди.
22. Мен қалада Ибадатхана кѳрмедим. Ѳйткени ҳємме нєрсеге қүдиретли Кудай Ийемиз ҳєм Козы қаланың Ибадатханасы еди.
23. Каланы жақтыландырыў ушын қуяштың ямаса айдың кереги жоқ еди. Себеби Кудайдың салтанаты оны жақтыландырып туратуғын еди. Ал Козы оның шырасы еди.
24. Миллетлер қаланың жақтысында жүреди. Дүнья патшалары ѳз даңқ-салтанатын ол жерге алып келеди.
25. Каланың дєрўазалары ҳєр қашан ашық турады, ѳйткени ол жерде ҳеш қашан түн болмайды.
26. Адамлар ѳз миллетиниң даңқ-салтанатын ҳєм абырайын ол жерге алып келеди.
27. Оған ҳеш қандай ҳарам нєрсе, жеркенишли ҳєм жалған ислер ислеген ҳеш ким ҳеш қашан кирмейди. Тек атлары Козының Ѳмир китабында жазылғанлар ғана киреди.
1. Сонда периште маған кристалл сыяқлы жылтыраған ѳмир суўының дєрьясын кѳрсетти. Бул дєрья Кудайдың ҳєм Козының тахтынан шығып,
2. қаланың кең кѳшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дєрьяның еки тєрепинде ҳєр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын ѳмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди.
3. Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Кудайдың ҳєм Козының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди.
4. Олар Кудайдың жүзин кѳреди, маңлайларына Оның аты жазылады.
5. Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Кудай Ийемиздиң Ѳзи оларға жақты болады ҳєм олар мєңгиге патшалық етеди.
6. Соңынан периште маған былай деди: – Бул сѳзлер – исенимли ҳєм ҳақыйқат. Ѳз пайғамбарларына Руўхын берген Кудай Ийемиз жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Ѳз периштесин жиберди.
7. «Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сѳзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса.
8. Мен – усыларды еситкен ҳєм кѳрген Юханман. Буларды еситип ҳєм кѳргенимде, усыларды маған кѳрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым.
9. Бирақ ол маған: – Бундай қыла гѳрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳєм бул китаптың сѳзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Кудайдың хызметшисимен. Кудайға табын, – деди.
10. Соңынан ол маған былай деди: – Бул китаптың пайғамбаршылық сѳзлерин мѳрлеп таслама. Ѳйткени ўақыт жақын қалды.
11. Жаманлық қылатуғын адам жєне де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам жєне де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын.
12. Ийемиз Ийса былай дейди: «Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Ѳзим менен бирге. Ҳєр бир адамға ислерине қарай қайтараман.
13. Мен – Альфа ҳєм Омегаман, биринши ҳєм соңғыман, басы ҳєм ақырыман.
14. Ѳмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳєм қалаға дєрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар қандай бахытлы!
15. Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам ѳлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, ѳтирикти жақсы кѳрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳєммеси сыртта қалады.
16. Мен, Ийса, исениўши жємєєтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Ѳз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тийкары ҳєм урпағы, жақты таң жулдызыман».
17. Мухаддес Руўх ҳєм келин: «Кел!» дейди. Еситкен ҳєр бир адам: «Кел!» десин. Шѳллеген адам келсин, қєлеген адам ѳмир суўынан ешейин алсын.
18. Бул китаптағы пайғамбаршылық сѳзлерин еситкен ҳєр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сѳзлерге бир нєрсе қосса, Кудай да оны бул китапларда жазылған бєлелерге дуўшар етеди.
19. Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сѳзлеринен бир нєрсе алып тасласа, Кудай да оны бул китапта жазылған ѳмир терегинен ҳєм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады.
20. Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди. Аўмийин! Келе гѳр, Ийем Ийса!
21. Ийемиз Ийсаның мийрими ҳєммеңизге яр болсын! Аўмийин.