Елшилерди„„„ң ислери 18 bob

1 Коринф қаласында. 18 Павелдиң Антиохияға қайтыўы. 24 Аполостың хызмети. 

1 Буннан соң, Павел Афинадан шығып, Коринфке келди.
2 Сол жерде Акила атлы, понтлы бир яҳудийге дусласты. Акила ҳаялы Прискила менен жақында Италиядан келген еди. Себеби Клавдий патша барлық яҳудийлердиң Римнен шығып кетиўин буйырған еди. Павел оларға барды да,
3 кәсиплес болғанлықтан олар менен бирге қалып, жумыс иследи. Олардың кәсиби – шатыр соғыў еди.
4 Павел ҳәр дем алыс күни мәжилисханада айтысып, яҳудийлерди ҳәм греклерди исендириўге ҳәрекет етти.
5 Сила менен Тимофей Македониядан келгенде, Павел ѳзин Ќудайдың сѳзин жәриялаўға ҳәм яҳудийлерге Ийсаның Масих екени ҳаққында гүўалық бериўге толық бағышлады.
6 Бирақ яҳудийлер қарсы шығып, оны масқаралағанда, Павел кийиминиң шаңын қағып, оларға былай деди: – Ѳз обалыңыз ѳзиңизге! Мен жуўапкершиликтен азатпан. Буннан былай, басқа миллетлерге кетемен.
7 Павел сол жерден шығып, Ќудайға сыйынатуғын Титус Юстус атлы бир адамның үйине келди. Оның үйи мәжилисханаға иргелес еди.
8 Мәжилисхана басшысы болған Криспус пүткил үй-иши менен Ийемизге исенди. Павелди тыңлаған коринфлилердиң кѳбиси де исенип, суўға шомылдырылды.
9 Бир күни түнде Ийемиз Павелге аян кѳрсетип: «Ќорқпа, үнсиз қалмай, сѳйлей бер!
10 Мен сениң менен биргемен, жаманлық ислеў ушын саған ҳеш ким қол тийгизе алмайды. Ѳйткени бул қалада Мениң адамларым кѳп», – деди.
11 Солай етип, Павел ол жерде бир ярым жыл қалды ҳәм халыққа Ќудайдың сѳзин үйретиўин даўам етти.
12 Галио Ахая үлкесиниң ҳәкими болған ўақытта яҳудийлер биригип, Павелге қарсы шықты. Оны қазыханаға алып барып:
13 – Мына адам халықты үгитлеп, Ќудайға сыйыныўды бизлердиң нызамымызға қайшы келетуғын жол менен үйретип жүр, – деди.
14 Павел енди сѳзин басламақшы болғанда, Галио яҳудийлерге былай деди: – Ҳәй, яҳудийлер! Егер бир нызамсызлық ямаса бир аўыр жынаят исленген болса, мен сизлерди сабырлылық пенен тыңлар едим.
15 Бирақ, сѳзлерге, атларға ҳәм ѳзлериңиздиң нызамыңызға байланыслы мәселелер болса, ѳзлериңиз шешиңлер. Мен бундай нәрселерге қазылық етким келмейди.
16 Солай етип, Галио оларды қазыханадан қуўып жиберди.
17 Сонда олардың ҳәммеси мәжилисхананың басшысы Состенисти услап алып, қазыхананың алдында сабап таслады. Ал Галио буларға кеўил де аўдарған жоқ.
18 Павел сол жерде және бир неше күн болғаннан соң, туўысқанлар менен хошласты. Прискила ҳәм Акила менен бирге Сирияға барыў ушын кемеге минди. Ќудайға ант бергенликтен, Павел Кенхреяда шашын қыйдырып таслады.
19 Ефеске келгенде, Прискила менен Акиланы сол жерде қалдырып, ѳзи мәжилисханаға барды да, яҳудийлер менен айтыса баслады.
20 Олар кѳбирек ўақыт қалыўын ѳтиниш етсе де, Павел қайылшылық бермеди.
21 Бирақ олар менен хошласып атырып: – Ќудай қәлесе, сизлерге және қайтып келемен, – деди. Соңынан кеме менен Ефестен жѳнеп кетти.
22 Ол Кесарияда кемеден түсип, Ерусалимге кетти ҳәм сол жердеги исениўшилер жәмәәтине сәлем бергеннен соң, Антиохияға барды.
23 Антиохияда бир неше ўақыт қалғаннан соң, Павел жолға шықты. Тәртип бойынша Галатия ҳәм Фрикия үлкелерин аралап, ҳәмме шәкиртлерге руўхый күш-қуўат берип жүрди.
24 Сол ўақытта негизи искендериялы болған Аполос атлы бир яҳудий Ефеске келди. Ол Мухаддес Жазыўларды жүдә жақсы билетуғын, сѳзге шешен адам еди.
25 Ийемиздиң жолында тәлим алған ол жалынлы руўх пенен сѳйлеп, Ийса ҳаққында дурыс үйрететуғын еди. Бирақ ол тек Яқыяның суўға шомылдырыўын ғана билетуғын еди.
26 Аполос мәжилисханада батыллық пенен сѳйлей баслады. Буны Прискила менен Акила еситкенде, оны үйине апарып, Ќудайдың жолын анығырақ түсиндирип берди.
27 Аполос Ахаяға кетпекши болғанда, туўысқанларымыз оны қоллап қуўатлады. Сол жердеги шәкиртлердиң оны қабыл қылыўы ушын хат жазып берди. Аполос сол жерге жетип барып, Ќудайдың мийрими менен исенгенлерге кѳп жәрдем берди.
28 Себеби ол Ийсаның Масих екенин Мухаддес Жазыўлар арқалы дәлиллеп, яҳудийлерди халық алдында күшли түрде әшкаралады.