Коринфлилерге жазылған биринши хат 6 bob

1 Исениўши адамлар арасындағы даўлар ҳаққында. 12 Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! 

1 Сизлердиң араңыздағы бириңиздиң биреўге даўы болса, исениўшилер алдында емес, ал судтағы исенбейтуғын адамлар алдында даўласыўға қалай батылы барады?
2 Келешекте биз исениўшилердиң дүньяны ҳүким ететуғынын билмейсизлер ме? Егер сизлер дүньяны ҳүким ететуғын болсаңыз, кишкене даўларды шешиў қолыңыздан келмегени ме?
3 Бизлер, ҳєтте, периштелерди де ҳүким етемиз. Солай екен, турмыс ислерин ҳүким ете алыўымыз да сѳзсиз-ғо.
4 Солай болса да, турмыс ислерине байланыслы даўлар пайда болғанда, сизлер исениўшилер жємєєтинде ҳеш қандай абырайға ийе болмаған судтағы исенбейтуғын адамларды тѳреши қыласызлар ма?
5 Буларды сизлерди уялтыў ушын айтып атырман. Исениўши туўысқанларының арасындағы даўларды шешетуғын араңызда бирде бир ақыллы адам жоқ болғаны ма?
6 Бирақ туўысқан туўысқанға қарсы даўласады, оның үстине исенбейтуғынлар алдында даўласады!
7 Негизинде, бир-бириңизге қарсы даўыңыздың болыўының ѳзи сизлер ушын қатты уят нєрсе. Оннан гѳре, наҳақлыққа шыдағаныңыз жақсырақ болмас па еди? Тоналғаныңыз жақсырақ болмас па еди?
8 Сизлер оның орнына ѳзлериңиз наҳақлық ислеп, биреўди тонап атырсыз. Ол да болса, ѳзиңиздиң туўысқаныңыз.
9 Наҳақлардың Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер,
10 урылар, нєпсиқаўлар, мєскүнемлер, жалахорлар ҳєм тонаўшылар Кудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
11 Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳєм Кудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳєм ақландыңыз.
12 Сизлер: «Не ислесем де ериклимен» дейсизлер, бирақ ҳємме нєрсе де пайдалы емес. Дурыс, «Мен не ислесем де ериклимен», бирақ ҳеш бир нєрсе де мени қул қылмаўы керек.
13 «Аўқат қарын ушын, ал қарын аўқат ушын жаратылған», – дейсизлер. Деген менен, Кудай екеўин де жоқ қылады. Бирақ, дене бузықшылық ушын емес, ал Ийемиз ушын жаратылған. Ийемиз де денемизге ғамхорлық қылады.
14 Кудай Ийемизди ѳлимнен тирилтти. Сол сыяқлы, Ол бизлердиң денемизди де Ѳз қүдирети менен тирилтеди.
15 Денелериңиздиң Масихтың мүшелери екенлигин билмейсизлер ме? Масихтың мүшелерин алып, бузық ҳаялдың мүшелери қылыўға бола ма? Ҳеш қашан!
16 Бузық ҳаял менен қосылған адам оның менен бир дене болатуғынын билмейсизлер ме? Себеби Мухаддес Жазыўда: «Екеўи бир дене болады», – делинген-ғо.
17 Бирақ, Ийемиз бенен қосылған адам Оның менен бир руўх болады.
18 Бузықшылықтан аўлақ болыңлар! Адамның ислейтуғын басқа барлық гүналары денесиниң сыртында исленеди. Ал бузықшылық ислеген адам ѳз денесине қарсы гүна ислейди.
19 Денеңиздиң ѳзлериңиз Кудайдан алған ҳєм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер ѳзиңизге тийисли емессиз.
20 Ѳйткени Кудай бийбаҳа тѳлем тѳлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, ѳз денеңиз бенен Кудайды алғыслаңлар.