Ефеслилерге жазылған хат 2 bob

1 Өлимнен өмирге өтиў. 11 Ийса Масих арқалы бирлесиў. 

1 Сизлер бир ўақытлары айып ҳєм гүналарыңыз себепли ѳли едиңлер.
2 Сонда сизлер бул дүньяның єдети бойынша, ҳаўада ҳүкимдарлық етиўши ҳєким – шайтанға, яғный ҳєзир Кудайға қулақ аспайтуғын адамларда ҳєрекет етиўши руўхқа бойсынып жасайтуғын едиңлер.
3 Бир ўақытлары бизлердиң ҳєммемиз де усындай адамлардың арасында ѳз гүнакар тєбиятымыз бойынша жасадық. Денемиздиң ҳєм ой-нийетимиздиң жаман қєлеўлерин орынладық. Сол себептен басқалар сыяқлы бизлер де тєбиятымыз бойынша Кудайдың ғєзебине ылайықлы адамлар едик.
4 Бирақ, мийрим-шєпєєтке бай болған Кудай бизлерди соншелли сүйгенликтен,
5 гүналарымыз себепли ѳли болсақ та, бизлерди Масих пенен бирге тирилтти. Сизлер Оның мийрими менен қутқарылдыңыз.
6 Бизлер Масих Ийса менен қатнаста болғанлықтан, Кудай бизлерди Масих пенен бирге тирилтип, Оның менен бирге Аспан Патшалығында отырғызды.
7 Кудай Масих Ийса арқалы бизлерге реҳим етип, Ѳз мийриминиң шексиз байлығын келешек дєўирлерде кѳрсетиў ушын усылай иследи.
8 Сизлер исенимиңиз арқалы Кудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Кудайдың сыйы болғанлықтан,
9 ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды.
10 Себеби бизлер Кудайдың дѳретпесимиз. Ѳзи алдын ала таярлаған жақсы ислерин ислеп жасаўымыз ушын, Ол бизлерди Масих Ийса арқалы жаратты.
11 Сонлықтан мыналарды еске түсириңлер: сизлер бир ўақытлары бутқа табыныўшы миллет адамы болып туўылып, денесиндеги ети қол менен кесилип сүннет етилген яҳудийлер тєрепинен «сүннетсизлер» деп аталатуғын едиңиз.
12 Ол ўақытлары сизлер Масих пенен байланысы жоқ, Израил халқына жат ҳєм Кудайдың оларға берген ўєдесиниң Келисиминен бийнесип адамлар едиңлер. Бул дүньяда үмитсиз ҳєм қудайсыз болып жасадыңлар.
13 Бирақ бурын Кудайдан узақ болған сизлер енди Масих Ийса менен қатнас жасап, Масихтың қаны арқалы Кудайға жақын болдыңлар.
14 Ѳйткени Масихтың Ѳзи – яҳудийлер менен басқа миллетлерди бирлестирген бизиң жарастырыўшымыз. Ол Ѳз денесин қурбан етип, арадағы айырып турған дийўалды, яғный душпанлықты жоқ қылды.
15 Яҳудийлер менен басқа миллетлерден Ѳзи менен байланыста болатуғын бир жаңа халықты жаратыў мақсетинде, Ол буйрық ҳєм қағыйдалардан ибарат болған яҳудийлердиң нызамын бийкар етти. Буны тынышлықты орнатып,
16 душпанлықты жоқ қылған атанақ ағаш арқалы екеўин бир жаңа халық қылып, Кудай менен жарастырыў ушын иследи.
17 Масих келип, Кудайдан узақ болған сизлерге ҳєм Кудайға жақын болған яҳудийлерге тынышлық Хош Хабарын жєриялады.
18 Ол арқалы бизлер ҳєммемиз бир Мухаддес Руўх пенен Єкемиз Кудайдың алдына бара аламыз.
19 Солай етип, енди сизлер жат ҳєм шет жерли адам емессизлер, ал мухаддеслерге ўатанлас, Кудайдың шаңарағының ағзаларысыз.
20 Сизлер елшилер ҳєм пайғамбарлар салған тырнақ тас үстине қаландыңлар. Ал имараттың мүйешиниң тийкарғы тасы – Масих Ийсаның Ѳзи болады.
21 Онда пүткил имарат қуралып, Ийемизге тийисли бир мухаддес Ибадатхана болыў ушын ѳсип барады.
22 Масих пенен қатнаста болған сизлер де Кудай Мухаддес Руўхы арқалы жасайтуғын мєкан болыўыңыз ушын, ҳєммеңиз бирликте қуралып барасызлар.