Юхан жазған Хош Хабар 16 bob

5 Мухаддес Руўхтың иси. 17 Қайғыңыз қуўанышқа айланады. 

1 – Мен буларды сизлерге исенимнен қайтпаўыңыз ушын айттым.
2 Сизлерди мәжилисханадан қуўып жибереди. Ҳәтте, сизлерди ѳлтирип атырған ҳәр бир адам буның менен Ќудайға хызмет етип атырман, деп ойлайтуғын ўақыт келеди.
3 Буларды Єкемди де, Мени де билмегенликтен ислейди.
4 Сол ўақыт келгенде буларды сизлерге айтқанымды еске түсириўиңиз ушын сизлерге билдирген едим. Єўелден сизлерге буларды айтқан жоқпан, себеби Мен сизлер менен бирге едим.
5 – Енди болса, Мени Жибергенниң жанына баратырман. Деген менен, араңызда ҳеш ким Меннен: «Ќаяққа баратырсаң?» – деп сорап атырған жоқ.
6 Бирақ сизлерге буларды айтқаным ушын, жүрегиңиз қайғыға толды.
7 Соған қарамастан, Мен сизлерге ҳақыйқатын айтаман: Мениң кеткеним сизлер ушын жақсырақ. Егер Мен кетпесем, сизлерге Жубатыўшы келмейди. Егер кетсем, Оны сизлерге жиберемен.
8 Ол келгенде, гүна ҳаққында, ҳақлық ҳаққында ҳәм ҳүким ҳаққында дүньяның алжасқанын әшкаралайды.
9 Гүна соннан ибарат: адамлар Маған исенбейди.
10 Ҳақлық соннан ибарат: Мен Єкемниң жанына кетип баратырман ҳәм енди қайтып Мени кѳрмейсизлер.
11 Ҳүким соннан ибарат: бул дүньяның ҳәкими ҳүким етилди.
12 Сизлерге және де айтатуғынларым кѳп, бирақ ҳәзир сизлер кѳтере алмайсызлар.
13 Бирақ Ол, яғный Ҳақыйқат Руўхы келгенде, сизлерди толық ҳақыйқатқа қарай жетелейди. Ол Ѳзлигинен сѳйлемейди, тек нени еситсе, соны сѳйлейди ҳәм келешекте не болатуғынын сизлерге билдиреди.
14 Ол Мени уллылайды. Ѳйткени Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди.
15 Єкемде не бар болса, ҳәммеси Меники. Сонлықтан: «Ол Меникинен алып, сизлерге билдиреди», – деген едим.
16 Бираздан соң, сизлер Мени қайтып кѳрмейсизлер. Және бираздан соң, Мени кѳресизлер.
17 Сонда шәкиртлердиң гейбиреўлери бир-бирине: – «Бираздан соң, сизлер Мени кѳрмейсизлер, және бираздан соң, Мени кѳресизлер» ҳәм «Себеби Єкеме кетип баратырман», – деп айтып, Ол бизлерге не демекши?
18 «Бираздан соң» дегени не? Не айтқанына түсинбей атырмыз-ғо, – деди.
19 Ийса олардың Ѳзине бир сораў бермекши болғанын билип, оларға былай деди: – «Бираздан соң, Мени кѳрмейсизлер, және бираздан соң, Мени кѳресизлер», – дегеним ҳаққында бир-бириңизден сорап турсызлар ма?
20 Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: сизлер жылап, аза тутасызлар, ал дүнья қуўанады. Сизлер қайғырасызлар, бирақ қайғыңыз қуўанышқа айланады.
21 Ҳаял бала туўғанда азап шегеди, ѳйткени оның ўақты келди. Бирақ баласын туўғаннан соң, дүньяға адам келгенликтен қуўанып, шеккен азабын умытып кетеди.
22 Сол сыяқлы, сизлер де ҳәзир қайғырып атырсызлар. Бирақ Мен сизлерди және кѳремен ҳәм жүрегиңиз қуўанышқа толады. Бул қуўанышты сизлерден ҳеш ким тартып ала алмайды.
23 Сол күни Меннен ҳеш нәрсе сорамайсызлар. Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң атым менен Єкемнен не сорасаңлар да сизлерге береди.
24 Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады.
25 Сизлерге буларды тымсаллар менен айттым. Бирақ Мен сизлерге тымсаллар менен сѳйлемейтуғын ўақыт келеди, сонда Єкем ҳаққында сизлерге ашықтан-ашық айтаман.
26 Сол күни Мениң атым менен Єкемнен сорайсызлар. Сизлер ушын Єкемнен Мен сорайман, деп атырғаным жоқ.
27 Єкемниң Ѳзи сизлерди сүйеди, себеби сизлер Мени сүйип, Мениң Єкемнен келгениме исендиңлер.
28 Мен Єкемнен шығып, дүньяға келдим. Енди дүньяны қалдырып, Єкеме қайтып баратырман.
29 Шәкиртлери Ийсаға: – Мине, енди ашық айтып турсаң, ҳеш тымсал қолланып атырған жоқсаң.
30 Сениң ҳәмме нәрсени билетуғыныңды енди билемиз. Ҳеш кимниң Саған сораў бериўиниң ҳәжети жоқ. Сол себепли, Сениң Ќудайдан келгениңе исенемиз, – деди.
31 Ийса оларға жуўап берип былай деди: – Енди исенесизлер ме?
32 Мине, ҳәммеңиз үйлериңизге тарқап кетип, Мени жалғыз қалдыратуғын ўақтыңыз келеди, ол келип қалды да. Бирақ Мен жалғыз емеспен, ѳйткени Єкем Мениң менен бирге.
33 Буларды сизлерге Менде болып, тынышлық алыўыңыз ушын айттым. Бул дүньяда қыйыншылық кѳресизлер, бирақ мәрт болыңлар, Мен дүньяны жеңдим!