Юхан жазған Хош Хабар 18 bob

1 Ийсаның қолға алыныўы. 15 Петрдиң Ийсадан таныўы. 19 Бас руўханийдиң Ийсаны тергеўи. 25 Петрдиң Ийсадан және таныўы. 28 Ийса Пилат алдында. 

1 Ийса дуўа етип болғаннан соң, шәкиртлери менен бирге Кидрон сайының арғы жағасына ѳтти. Ол жерде бир бағ бар еди. Ийса шәкиртлери менен сол бағқа кирди.
2 Оған сатқынлық қылған Яҳуда да бул жерди билетуғын еди. Себеби Ийса шәкиртлери менен ол жерде тез-тез ушырасып туратуғын еди.
3 Солай етип, Яҳуда жанына бир топар Рим әскерлери менен бас руўханийлер ҳәм парисейлер жиберген сақшыларды алып, сол жерге келди. Олардың қолларында паныс, шом ҳәм қураллар бар еди.
4 Ийса Ѳзине болажақ ҳәмме нәрсени билгенликтен, алдына шығып, олардан: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады.
5 – Насыралы Ийсаны, – деп жуўап берди олар. – Мен – Солман, – деди Ийса. Ийсаның сатқыны Яҳуда да олар менен бирге турған еди.
6 Ийса: «Мен – Солман» деўи менен, олар артқа шегинип, жерге жығылды.
7 Сонда Ийса олардан және: – Кимди излеп жүрсизлер? – деп сорады. – Насыралы Ийсаны, – дести олар.
8 Ийса жуўап берип: – Сизлерге айттым-ғо, Мен – Солман. Егер Мени излеп жүрген болсаңлар, бул адамларды жибериңлер, кетсин, – деди.
9 Бул Оның: «Сениң Маған бергенлериңниң ҳеш бирин жойтпадым», – деп бурын Ѳзи айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын болды.
10 Сонда Симон Петр жанындағы қылышын суўырып алып, бас руўханийдиң қулының оң қулағын шаўып таслады. Ќулдың аты Малкус еди.
11 Ийса Петрге: – Ќылышыңды қынабына салып қой! Єкемниң Маған берген азап кесесинен ишпейин бе? – деди.
12 Соңынан әскерлер топары менен олардың басшысы ҳәм яҳудийлердиң сақшылары Ийсаны услап байлады.
13 Оны дәслеп Ханнаға алып барды. Ханна сол жылы бас руўханий болған Каяфаның қәйин атасы еди.
14 Яҳудий басшыларына: «Халық ушын бир адамның ѳлиўи жақсырақ», – деп кеңес берген усы Каяфа еди.
15 Симон Петр менен және басқа шәкирти Ийсаның изине ерип барды. Бул шәкирт бас руўханийге таныс болғанлықтан, Ийса менен бирге бас руўханийдиң ҳәўлисине кирди.
16 Ал Петр сыртта, қапының алдында қалды. Бас руўханийдиң танысы болған сол шәкирт сыртқа шығып, қапыны қараўыллаған шоры қыз бенен сѳйлести де, Петрди ишке алып кирди.
17 Ќапыны қараўыллаған шоры қыз Петрден: – Сен де бул Адамның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады. – Яқ, – деп жуўап берди ол.
18 Күн суўық болғанлықтан, хызметшилер менен сақшылар кѳмир жағып, жылынып турды. Петр де олар менен бирге турып жылынды.
19 Бас руўханий Ийсадан Оның шәкиртлери ҳәм тәлийматы ҳаққында сорады.
20 Ийса оған былай деп жуўап берди: – Мен дүньяға ашық сѳйледим. Ҳәмме ўақытта яҳудийлер жыйналатуғын мәжилисханаларда ҳәм Ибадатханада үйреттим. Жасырын ҳеш нәрсе айтпадым.
21 Неге Меннен сорап атырсаң? Сѳйлегенлеримди еситкенлерден сора. Олар не айтқанымды биледи.
22 Ийса усыларды айтқанда, Оған жақын турған сақшылардың бири: – Бас руўханийге де усылай жуўап бериўге бола ма? – деп Оның бетине урып жиберди.
23 Ийса оған: – Егер Мен надурыс сѳйлеген болсам, надурыслығымды дәлилле. Бирақ дурыс сѳйлеген болсам, неге Мени урасаң? – деди.
24 Ханна Ийсаны байлаўлы ҳалында бас руўханий Каяфаға жиберди.
25 Симон Петр еле отқа жылынып тур еди. – Сен де Оның шәкиртлеринен емессең бе? – деп сорады олар. Бирақ ол танып: – Яқ, – деди.
26 Бас руўханийдиң қулларының бири, Петр қулағын шапқан адамның ағайини Петрден: – Сени бағда Оның менен бирге кѳрген жоқпан ба? – деп сорады.
27 Петр және танды. Сол ўақытта-ақ қораз шақырды.
28 Таң азанда яҳудий басшылары Ийсаны Каяфаның алдынан Рим ҳәкимханасына алып барды. Олар Ќутқарылыў байрамының асын ҳарамланбай жеў ушын ҳәкимханаға кирмеди.
29 Сол себептен Пилат сыртқа шығып, олардан: – Бул Адамды не нәрседе айыплап атырсызлар? – деп сорады.
30 Олар жуўап берип: – Егер бул Адам жынаятшы болмағанда, Оны сениң алдыңа алып келмес едик, – деди.
31 Пилат оларға: – Оны ѳзлериңиз алып кетип, ѳз нызамыңыз бойынша ҳүким етиңлер, – деди. Яҳудий басшылары: – Бизлерге ҳеш кимди ѳлтириўге рухсат етилмеген, – деди.
32 Ийсаның Ѳзиниң қандай ѳлим менен ѳлетуғыны ҳаққында айтқан сѳзлериниң орынланыўы ушын усылай болды.
33 Сонда Пилат және ҳәкимханаға кирди ҳәм Ийсаны ѳзине шақыртып: – Сен Яҳудийлердиң Патшасымысаң? – деп сорады.
34 Ийса былай деп жуўап берди: – Буны ѳзиң айтып турсаң ба ямаса Мен туўралы саған басқалар айтты ма?
35 Пилат: – Мен не яҳудиймен бе? Сени маған Ѳз халқың менен бас руўханийлериң тапсырды. Сен не ислеп қойдың? – деди.
36 Ийса жуўап берип: – Мениң Патшалығым бул дүньяда емес. Егер Патшалығым бул дүньяда болғанда, яҳудий басшыларының қолына тапсырылмаўым ушын, хызметшилерим гүресер еди. Бирақ Мениң Патшалығым бул жерде емес, – деди.
37 – Демек, Сен Патша екенсең-дә? – деди Пилат. Ийса жуўап берип: – Ѳзиң айтқандай, Мен Патшаман. Мен ҳақыйқат ҳаққында гүўалық бериў ушын туўылдым ҳәм соның ушын дүньяға келдим. Ким ҳақыйқат тәрепинде болса, Мениң даўысымды еситеди, – деди.
38 Пилат Ийсаға: – Ҳақыйқат деген не? – деди. Буны айтып болғаннан соң, Пилат және яҳудийлердиң жанына шығып, оларға: – Мен Оннан ҳеш айып таба алмай атырман.
39 Бирақ сизлерде бар бир әдет бойынша, мен ҳәр Ќутқарылыў байрамында сизлер ушын бир тутқынды босатып беретуғын едим. Сизлер ушын яҳудийлердиң Патшасын босатып бериўимди қәлейсизлер ме? – деди.
40 Бирақ олар және: – Яқ, Оны емес, Барабаны босат! – деп бақырысты. Ал Бараба қозғалаңшы еди.