Галатиялыларға жазылған хат 3 bob

1 Мухаддес Нызам ҳәм исеним. 15 Мухаддес Нызам ҳәм Қудайдың ўәдеси. 21 Мухаддес Нызамның мақсети. 

1 Ҳєй, ақылсыз галатиялылар! Сизлерди ким сыйқырлап таслады? Ийса Масихтың атанақ ағашқа шегеленип қойылғаны кѳз алдыңыздан кетпестей етип сүўретленип берилген жоқ па еди?
2 Сизлерден бир нєрсени ғана билмекшимен: сизлер Мухаддес Руўхты қалай алдыңлар? Мухаддес Нызамды орынлап па ямаса ѳзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенип пе?
3 Сизлер соншелли ақылсыз болғаныңыз ба? Мухаддес Руўх пенен баслап, енди неге адамның ис-ҳєрекети менен минсизликке ерисиўге тырысып атырсызлар?
4 Бийкарға сонша азап шектиңиз бе?! Ҳақыйқаттан да, бийкарға ма?!
5 Сизлерге Мухаддес Руўхын берген ҳєм араңызда кєраматлар кѳрсеткен Кудай буны Мухаддес Нызамды орынлағаныңыз ушын ислеп атыр ма ямаса ѳзлериңиз еситкен Хош Хабарға исенгениңиз ушын ба?
6 Ибрайымның мысалын алып қарайық: «Ол Кудайға исенди ҳєм сол себептен Кудай оны ақланған деп санады».
7 Солай етип, мынаны билип қойыңлар: исенгенлердиң ҳєммеси Ибрайымның ҳақыйқый урпақлары болады.
8 Мухаддес Жазыў Кудайдың басқа миллетлерди исеними арқалы ақлайтуғынын болжап, Ибрайымға: «Барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», – деп қуўанышлы хабарды алдын ала жиберген еди.
9 Солай етип, исенгенлер исениўши Ибрайым менен бирге жарылқанады.
10 Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ақланатуғынына исенетуғынлардың ҳєммесине нєлет жаўады. Ѳйткени Мухаддес Нызамда былай деп жазылған: «Мухаддес Нызам китабында жазылған ҳємме нєрсени бєрқулла орынлап жасамайтуғын ҳєр бир адам нєлетий болады».
11 Мухаддес Нызамды орынлаўы арқалы ҳеш бир адам Кудай алдында ақлана алмайтуғыны анық. Себеби: «Исеними менен ақланған жасайды», – деп жазылған.
12 Мухаддес Нызамның тийкары исеним емес. Керисинше: «Мухаддес Нызамда буйырылғанларды орынлаған олар арқалы жасайды», – деп жазылған.
13 -
14 Масих бизлер ушын нєлетленгенликтен, Кудайдың Ибрайымға берген жарылқаўы Масих Ийса арқалы басқа миллетлерге несип етеди ҳєм бизлер ўєде етилген Мухаддес Руўхты исенимимиз арқалы аламыз. Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нєлетинен қутқарды. Ѳйткени: «Ағашқа асылған ҳєр бир адам нєлетий», – деп жазылған.
15 Туўысқанларым! Адамлар ѳмиринен мысал келтирейин: адамлар арасында дүзилген келисимди бийкарлаўға ямаса оған бир нєрсе қосыўға болмайды.
16 Кудай Ибрайымға ҳєм оның урпағына ўєде бергенде: «сениң урпағыңнан болғанларға» деп кѳп адамларды нєзерде тутып айтқан жоқ, ал «сениң урпағыңнан болғанға» деп, тек бир адамды, яғный Ийса Масихты нєзерде тутып айтқан еди.
17 Мениң айтажағым мынаў: тѳрт жүз отыз жылдан соң пайда болған Мухаддес Нызам Кудайдың алдын ала дүзген келисимин бийкарлап, ўєдесиниң күшин жоқ қылмайды.
18 Себеби егер Кудайдың берген мийрасы Мухаддес Нызамды орынлаў арқалы берилгенде, онда ол ўєде бойынша болмайды. Бирақ Кудай мийрасты Ибрайымға ўєде бойынша берди.
19 Ондай болса, Мухаддес Нызам не ушын берилген? Ол гүналарымызды ашып кѳрсетиў ушын, келисимге қосымша етип берилген. Ѳзи Кудайдың ўєдеси ҳєм Ибрайымның урпағы болған Масих келгенге дейин ғана Мухаддес Нызам ҳєрекет етеди. Ол периштелер арқалы тєўеллешиниң қолы менен берилген еди.
20 Ал тєўеллеши тек бир тєрепке тийисли емес. Бирақ Кудай – жалғыз.
21 Олай болса, Мухаддес Нызам Кудайдың ўєделерине қарсы ма? Ҳеш қашан! Ѳйткени егер де ѳмир бере алатуғын нызам берилген болса, онда адамлар, єлбетте, нызам арқалы ақланар еди.
22 Бирақ, Ийса Масихқа деген исенимге тийкарланған ўєде исенгенлерге берилиў ушын, Мухаддес Жазыў пүткил барлықты гүнаның тутқыны деп жєриялады.
23 Бул исеним пайда болыўдан алдын бизлер Мухаддес Нызамның бақлаўы астында болып, келешек исенимниң айқынласыўына шекем Мухаддес Нызамның тутқыны едик.
24 Басқаша айтқанда, исеним арқалы ақланыўымыз ушын, Масих келиўге дейин Мухаддес Нызам тєрбияшымыз болды.
25 Бирақ исеним пайда болғаннан соң, бизлер енди тєрбияшымыз болған Мухаддес Нызамның қол астында емеспиз.
26 Себеби Масих Ийсаға исенгениңиз ушын, ҳєммеңиз Кудайдың балаларысыз.
27 Суўға шомылдырылғанда Масих пенен бирлесип, ҳєр бириңиз Масих сыяқлы болдыңлар.
28 Ендигиден былай, яҳудий менен гректиң, қул менен азат адамның, еркек пенен ҳаялдың арасында ҳеш қандай айырмашылық жоқ. Ѳйткени ҳєммеңиз Масих Ийсада бирсиз.
29 Егер Масихқа тийисли болсаңыз, онда Ибрайымның урпағысыз, Кудайдың ўєдеси бойынша мийрасхорларсыз.