Галатиялыларға жазылған хат 6 bob

1 Жақсылық қылыўдан жалықпаңлар! 11 Соңғы ескертиўлер ҳәм сәлемнамалар. 

1 Туўысқанлар! Егер биреўдиң гүна ислегени мєлим болып қалса, Мухаддес Руўхқа бойсынып жасап атырған сизлер бундай адамды мүлєйимлик пенен туўры жолға салыңлар. Сизлер де азғырылмаўыңыз ушын ѳзлериңизге сақ болыңлар.
2 Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды кѳтериңлер. Сонда Масихтың Нызамын орынлайсызлар.
3 Егер ким де ким ҳеш нєрсе болмаса да, ѳзин єҳмийетли адам деп есапласа, ѳз-ѳзин алдаған болады.
4 Ҳєр бир адам ѳз ис-ҳєрекетин тексерип кѳрсин. Сонда ѳзин басқалар менен салыстырмай, ѳз табыслары менен мақтана алады.
5 Себеби ҳєр бир адам ѳз аўырманлығын ѳзи кѳтериўи тийис.
6 Кудайдың сѳзин үйрениўши устазы менен барлық ийгиликли нєрселерди бѳлиссин.
7 Ѳз-ѳзиңизди алдамаңлар, Кудайды алдаў мүмкин емес. Адам не ексе, соны орады.
8 Ѳзиниң гүнакар тєбиятына бойсыныўшы сол тєбиятқа тєн ѳлим алады. Мухаддес Руўхқа бойсыныўшы Мухаддес Руўхқа тєн мєңгилик ѳмирди алады.
9 Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳєлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз.
10 Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳємме адамға, єсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик.
11 Караңлар, ѳз қолым менен сизлерге қандай үлкен ҳєриплер менен жазып атырман!
12 Сыртқы кѳриниси менен адамларға унағысы келгенлер Масихтың атанақ ағашы себепли қуўдаланбаў ушын, сизлерди сүннет етилиўге мєжбүрлемекте.
13 Бирақ, сүннет етилгенлердиң ѳзлери де Мухаддес Нызамды орынламайды. Олар тек сизлердиң денелериңиз бенен мақтаныў ушын ғана сүннет етилиўиңизди қєлеп атыр.
14 Ал мен Ийемиз Ийса Масихтың атанақ ағашынан басқа бир нєрсе менен ҳеш қашан мақтанбайман. Усы атанақ ағаш арқалы дүнья мен ушын ѳлген, мен де дүнья ушын ѳлгенмен.
15 Сүннетли болыў ямаса болмаў єҳмийетли емес, єҳмийетлиси – жаңа жаратылыс болыў.
16 Усындай қағыйда бойынша жасап атырғанлардың ҳєммесине, яғный Кудайдың халқына тынышлық ҳєм мийрим-шєпєєт болсын!
17 Ендигиден былай, ҳеш ким маған жєбир бермесин. Ѳйткени мениң денемде Ийсаның жарақатларының излери бар.
18 Ҳєй, туўысқанлар! Ийемиз Ийса Масихтың мийрими руўхыңызға яр болсын! Аўмийин.