Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 11 bob

1 Еки гүўа. 15 Жетинши кәрнай. 

1 Соннан кейин, маған ѳлшейтуғын таяқ сыяқлы қамыс берилип, былай делинди: – Бар да, Кудайдың Ибадатханасын ҳєм қурбанлық шалынатуғын орынды ѳлшеп, сол жерде сыйынып атырғанларды санап шық.
2 Ал Ибадатхананың сыртқы ҳєўлисин ѳлшемей қалдыр. Себеби ол жер бутқа табыныўшыларға берилди. Олар мухаддес қаланы қырық еки ай даўамында аяқ асты қылады.
3 Мен Ѳзимниң еки гүўама күш беремен. Олар аза кийимин кийип, бир мың еки жүз алпыс күн пайғамбаршылық қылады.
4 Бул еки гүўа – пүткил дүньяның Ийеси Кудай алдында турған еки зєйтүн ағашын ҳєм еки шыра қойғышты билдиреди.
5 Егер ким де ким оларға зыян тийгизбекши болса, олардың аўызларынан от шығып, душпанларын күйдирип жоқ қылады. Оларға зыян тийгизбекши болғанлар усылай ѳлтириледи.
6 Бул еки гүўа ѳзлери пайғамбаршылық айтқан күнлерде жаўын жаўмасын деп, аспанды жаўып таслаў бийлигине ийе. Жєне олардың суўларды қанға айландырыўға, қанша қєлесе, жер жүзин сонша ҳєр түрли бєлелерге дуўшар етиўге де бийлиги бар.
7 Олар гүўалықларын айтып таўысқанда, терең туңғыйықтан шыққан жыртқыш ҳайўан олар менен урысады ҳєм оларды жеңип ѳлтиреди.
8 Олардың ѳлиги тымсалый түрде Содом ҳєм Мысыр деп аталатуғын уллы қаланың кѳшесинде қалдырылады. Олардың Ийеси Ийса да сол жерде атанақ ағашқа шегеленген еди.
9 Үш ярым күн барлық халықлардың, урыўлардың, тиллер ҳєм миллетлердиң адамлары олардың ѳлигине қарап, денелерин қєбирге қойыўға рухсат етпейди.
10 Жер жүзинде жасаўшылар буған қуўанып, байрам қылады ҳєм бир-бирине саўғалар жибереди. Ѳйткени бул еки пайғамбар жер жүзинде жасаўшыларға азап берген еди.
11 Бирақ үш ярым күннен соң, Кудайдан келген ѳмир деми олардың денелерине енип, екеўи де аяққа турды. Буны кѳргенлерди күшли қорқыныш бийледи.
12 Сонда еки пайғамбар аспаннан еситилген бир даўыстың ѳзлерине: «Бул жерге кѳтерилиңлер», – дегенин еситти. Олар душпанларының кѳз алдында бир булт үстинде аспанға кѳтерилип кетти.
13 Сол ўақытта-ақ күшли жер силкиниў болып, қаланың оннан бири қыйралып қалды ҳєм жети мың адам набыт болды. Ал қалған адамларды күшли қорқыныш бийлеп, аспандағы Кудайды алғыслады.
14 Екинши ҳєсирет ѳтти. Мине, үшинши ҳєсирет жақынлап келмекте.
15 Жетинши периште кєрнайын шертти. Аспаннан бєлент даўыслар еситилип: «Дүнья жүзи патшалығы Кудай Ийемиздики ҳєм Оның Масихыники болды. Ол мєңгиге патшалық етеди», – деди.
16 Кудайдың алдында ѳз тахтларында отырған жигирма тѳрт ақсақал жерге бас урып, Кудайға табынды ҳєм былай деди:
17 «Ҳємме нєрсеге қүдиретли, бар болған ҳєм ҳєзир де бар Кудай Ийемиз! Саған шүкирлик етемиз. Себеби Сен уллы қүдиретиң менен патшалық ете басладың.
18 Усы себепли, миллетлер ашыўға минген еди. Енди болса, Сениң ғєзебиң олар үстине жаўды. Ѳлилерди ҳүким етиў, Хызметшилериң болған пайғамбарларға, мухаддеслерге, яғный Сениң атыңды ҳүрмет ететуғын үлкен-кишиге сыйлық бериў ҳєм жер жүзин набыт қылыўшыларды набыт қылыў ўақтың келди».
19 Сонда Кудайдың аспандағы Ибадатханасы ашылды ҳєм Ибадатханадағы Оның Келисим сандығы кѳринди. Сол ўақытта шақмақ шағып, даўыслар ҳєм гүлдирмаманың гүркирегени еситилди. Жер силкинип, күшли буршақ жаўды.