Юханға Кудай тєрепинен кѳрсетилген Аян 6 bob

1 Бекитилген мөрлердиң бузып ашылыўы. 

1 Соңынан мен Козының бекитилген жети мѳрдиң бириншисин бузып ашқанын кѳрдим. Сонда тѳрт мақлуқтың бириниң гүлдирмаманың гүркирегенине уқсаған даўыс пенен: «Кел» дегенин еситтим.
2 Мен қарап, бир ақ атты кѳрдим. Аттың үстиндегиниң оқ жайы бар еди. Оған бир таж берилди. Ол жеңимпаз болып, жєне жеңиске ерисиўге атланды.
3 Козы бекитилген екинши мѳрди бузып ашқанда, екинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим.
4 Сонда оттай қызыл бир ат шықты. Атқа мингенге адамлардың бир-бирин ѳлтириўи ушын, дүнья жүзиндеги парахатшылықты жоқ қылыў бийлиги берилди. Оған үлкен бир қылыш та берилди.
5 Козы бекитилген үшинши мѳрди бузып ашқанда, үшинши мақлуқтың: «Кел» дегенин еситтим. Мен қарап, бир қара атты кѳрдим. Атқа мингенниң қолында пєлле тєрези бар еди.
6 Тѳрт мақлуқтың ортасынан шыққан бир даўыстың: «Бир күнлик ис ҳақыға бир қадақ бийдай ямаса үш қадақ арпа бериледи. Бирақ, зєйтүн майына ҳєм шарапқа зыян тийгизбе!» – дегенин еситтим.
7 Козы бекитилген тѳртинши мѳрди бузып ашқанда, тѳртинши мақлуқтың: «Кел!» дегенин еситтим.
8 Мен қарап, ақшыл сур атты кѳрдим. Атқа мингенниң аты ѳлим болып, оның изинен биреў ерип киятыр еди. Бул – ѳлилер мєканы еди. Оларға қылыш, ашлық, жуқпалы аўырыўлар ҳєм жердеги жыртқыш ҳайўанлар менен адамларды ѳлтириў ушын, дүньяның тѳрттен бир бѳлегиниң үстинен бийлик берилди.
9 Козы бекитилген бесинши мѳрди бузып ашқанда, қурбанлық шалынатуғын орынның астында Кудайдың сѳзи ҳєм ѳзлери айтқан гүўалықлары ушын ѳлтирилгенлердиң жанларын кѳрдим.
10 Олар бєлент даўыс пенен бақырып былай деди: «Мухаддес ҳєм ҳақыйқый Ийемиз! Сен енди қашан жер жүзинде жасайтуғынларды ҳүким етип, олардан тѳгилген қанымыз ушын ѳш аласаң?»
11 Сонда олардың ҳєр бирине ақ кийим берилип: «Сизлер сыяқлы ѳлтирилетуғын ѳзлериңиздей хызметшилердиң ҳєм туўысқанларыңыздың саны толық болғанға шекем аз-маз күтип турыңлар», – делинди.
12 Козы бекитилген алтыншы мѳрди бузып ашқанда қарасам, жер күшли силкинип, қуяш қара жүннен тоқылған қаптай, ал ай толығы менен қан сыяқлы қып-қызыл болып кетти.
13 Ал аспандағы жулдызлар күшли самал себепли шайқалған єнжир ағашынан тѳгилген писпеген мийўелер сыяқлы жерге түсти.
14 Аспан болса, оралған қағаз сыяқлы жоқ болып кетти. Ҳєр бир таў ҳєм атаў орнынан кѳширилди.
15 Сонда дүньяның патшалары, ҳємелдарлары, єскербасылары, байлары, күшлилери, барлық қул ҳєм азат адамлары үңгирлер менен таўдағы жартаслар арасына жасырынды.
16 Олар таўлар ҳєм жартасларға жалынып: «Үстимизге қулап, тахтың үстинде Отырғаннан ҳєм Козының ғєзебинен бизлерди жасыра гѳриң!
17 Себеби олардың қєҳєрли ғєзебиниң күни келди, буған ким шыдай алады», – деди.